Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:23:57, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗДЫ АЙДЫН КЕЛЕШЕККЕ ШАҚЫРАДЫ

«Мениң нәзеримде, инсаният дүньясының уллы бир жақтыртқышы — мәнаўият шырағы бар. Бул шырақтың басқалардан парқы сонда, ол инсанның санасы ҳәм пикирин жақтыртады, қәлби, ҳүжданын оятады, пидайылық сезимин күшейтеди».

Ш.М.Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабынан.

Жақында баспадан шыққан «Жаңа Өзбекстан страте­гиясы» китабын қолыма алып, бетлер екенмен, елимиз басшысының ана-Ўатанға болған шексиз муҳаббатын, халқымызға ғамқорлығы, жасларымызға аталық меҳир-итибарын, мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолындағы дүньяға белгили изленислери, пидайы ҳәм тынымсыз мийнетлерин сезиндим.

Бизиң елимизде «Мәмлекет — инсан ушын» принципи ҳәр биримиздиң сана-сезимимизге сиңип үлгерген. Жаңаланып атырған Өзбекстанымыздың жәҳән жәмийетшилигинде абырайының артып атырғанлығы, көплеген дүнья халықлары елимиздеги абаданлық, ҳәр бир пуқараның турмысы мәмлекет қәўендерлигинде болып атырғанына ҳәўес етип атырғанлығы кеўлимизди көтереди.

Китаптың «Халықшыл мәмлекет», «Әдалатлы социаллық сиясат», «Мәнаўий раўажланыў» бөлимлеринде әйне усы ҳақыйқатлық айқын ашып берилген. Мәнаўий жаңаланыў, имканият ҳәм перспективалар ҳаққында сондай ҳикметлер келтирилген. «Биз ушын мәнаўият — инсанлар арасындағы өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм итибар, халық ҳәм мәмлекет келешегин биргеликте қурыў жолындағы ийгиликли умтылыслар, ибратлы пазыйлетлер жыйындысы.

Басқаша айтқанда, мәнаўият — жәмийеттеги барлық сиясий-жәмийетлик мүнәсибетлердиң  мазмуны ҳәм сапасын белгилейтуғын тырнақдур». Булар әлбетте, турмыс ҳақыйқатлықлары.

Биз билемиз, ата-бабаларымыз қалдырған бай мийрас ҳәм миллий қәдириятларымызды улығлаўшы күшли мәнаўият бүгинги  күнде де инсан камалаты, жаслар бәркамаллығы ушын хызмет етпекте.

Дүньяда ҳәр бир халықтың өзине тән дәстүрлери, үрп-әдет ҳәм миллий қәдириятлары бар.

Мәмлекетимизде ғәрезсизликке ерискеннен кейин халқымыз өзиниң бийтәкирар тарийхы, мәденияты, өзине тән миллий қәдириятлары — үлкен мәнаўий байлық екенлигин терең аңлап жетти.

Ҳәр бир инсанның өз мәнаўий дүньясы бар. Тап сондай ҳәр бир миллет, халық та өз миллий қаҳарманлары, уллы әдебият, көркем өнер ғайраткерлери менен мақтанады. Мен өзим ул­ғайып өскен орталықта өзбек халық ертеклери, қарақалпақ халық дәстанлары, кейин ала классик әдебиятымыз мийрасы болып қалған сүйикли китаплар сана сезимимиз, ой-пикиримизди байытты. Қарақалпақ халқы да еркинлик, азатлық, меҳир-ақыбетти жырлаған бақсы-жыраўларының жүзлеген дәстанлары, Бердақ, Әжинияз, Күнхожа сыяқлы уллы талант ийелери болған қарақалпақ классик ша­йырларының қосық ҳәм ғәззеллери мазмунында — үлкен мәнаўият, мәденият, ағартыўшылық жатырғанын терең талқылай  баслады, аңлады, үйренбекте.

Қарақалпақ халқының бақсы-жыраўшылық мектеби арқалы дәстанлар менен әййемги тарийх жаңа турмысқа кирип келе баслады. Буларды мәнаўият түсинигиниң бир тәрепи деп түсинемиз. Мен қарақалпақ халқына тән бол­ған инсаный пазыйлетлер — ашық кеўиллилик, дослық, миймандослық, кеңпейилликти айрықша айтып өтким келеди.

Бул пазыйлетлер де — мәнаўият болып табылады. Ол хал­қымыздың қанына сиңип кеткен. Қарақалпақстанға бир келген адам бул журттағы тәбият пенен ҳәр бир инсан қәлбиниң уйғынлығын сезинип кетеди.

«Биз ар-намысы, мәна­ўияты бәлент халықпыз, — делинеди китапта. Бул, ҳеш гүмансыз, үлкен байлық. Ата-бабаларымыз әсирлер даўамында қәстерлеп-сақлап келген бул байлықты жоғалтып алсақ, келешек әўладлар бизди ҳасла кеширмейди. Керисинше, бул пазыйлетти хал­қымызды, миллетимизди бирлес­тиретуғын ең күшли қағыйдаға айландырыўымыз керек. Неге дегенде, миллий намысы бәлент халықтың қәдир-қымбаты да бәлент, мәнаўияты, ерк-ықрары күшли болады. Бундай халық пенен ҳәр қандай уллы мақсетлерге жетиў мүмкин».

Усы орында жәмийетте мәнаўият, бул ҳәр бир инсанның сана-сезиминде, ой-пикиринде, ең дәслеп туўылып өскен журтына меҳири, тәрбиялап, өсирип, камалға келтирген ата-анаға ҳүрмет-иззети, туўысқанлық, дослық кеңпейиллик сыяқлы инсаный пазыйлетлерди қәдирлеўи ҳәм әмел етиўи менен беккемленеди, деп айтыў мүмкин.

Әсиресе, бул мәселеде жаслар тәрбиясына айрықша итибар бериў де зәрүрлиги китапқа айрықша мазмун бағышлап тур.

Неге дегенде, ҳәр бир жәми­йеттиң, онда жасайтуғын инсанлардың тәғдири ҳәм келешеги әлбетте, мәмлекетлердиң жетекши күшлери есапланған жаслар тәрбиясы менен тығыз байланыслы.

Елимизде жаслардың интеллектуал ҳәм дөретиўшилик потенциалын беккемлеў, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға ти­йислилигин арттырыў бағдарында үлкен жумыслар алып барылмақта. Неге дегенде, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, мәмлекеттиң мүнәсип келешеги ушын жуўапкершиликти өз жуўапкершилигине ала билетуғын бәркамал, мақсетке умтылыўшаң ҳәм ғайратлы жасларды тәрбиялаў — бүгинниң ең әҳми­йетли ўазыйпаларынан бири.

Мәлим болғанындай, Президентимиз социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны алға қойып, жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсият­лаў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери мәм­лекетлик сиясат дәрежесинде итибарға алынды.

Жаңа Өзбекстан тарийхый басқышына қәдем қойылған дәслепки күнлерден берли елимиз басшысы тәрепинен айрықша ҳәм үзликсиз итибар берилип атырған мәселе руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық болғанындай, бай ҳәм ҳеш кимде жоқ тарийхый-мәдений мийрасымыздың қәдирин орнына қойыў, оны терең үйрениў, оннан тәлим ҳәм тәрбиядай оғада зәрүр ҳәм нәзик тараўда өнимли пайдаланыўға айрықша итибар берилип кия­тырғаны да ҳақыйқат.

«Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабының ҳәр бир бөлими елимиздиң раўажланыўы, хал­қымыздың дөретиўшилик, жаратыўшылық мийнети, жаңаланыўлар, жәҳән жәмийетшилигинде Ўатанымыздың абырайы артып атырғаны, бир сөз бенен айтқанда, Жаңа Өзбекстанның заманагөй келбетин айқын ашып берген.

Жаңа ояныў дәўири тийкарлары, Ўатанымыздың социал-экономикалық раўажланыў бағдарындағы ўазыйпалары ҳәр биримизди және де пидайы Ўатансүйиўши, өз халқы ҳәм елине садық, жоқары мәнаўиятлы болыўға шақырып тур.

Мәнаўий жетикликке умтыл­ған инсан дәслеп өзлигин аңлап жетеди. Өзликти аңлаў болса журт­қа пидайылық, миллетке садықлық, оның дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери, принциплерин ҳүрмет етиўдиң тийкарғы тырнағы.

Гүлистан

АННАҚЛЫЧЕВА,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF