Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:06:23, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРТИЯ БЕЛСЕНДИЛЕРИ ХОШАМЕТЛЕНДИ

Нөкисте Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги партия депутатлық топарының ағзалары, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, белсендилер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы 1991-жылы 1-ноябрьде дүзилген болып, елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жылдан баслап өткен дәўир ишинде реформалардың белсенди қатнасыўшылары қатарында жумыс алып барып атырған сиясий күш сыпатында ҳәрекет етип келмекте. Бүгинги күни усы партияның Қарақалпақстан Республикасында 22 мыңнан аслам ағзасы болып, олар 526 басланғыш партия шөлкемине бириктирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП партия фракциясы және халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарларында 100 ден зыят депутат жумыс алып бармақта. Депутатлар ҳәм партия белсендилери Өзбекстан Халық демократиялық партиясының бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын халықтың, соның ишинде, партия электоратының арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларында белсендилик көрсетип келмекте.

Байрам илажы даўамында бир топар партия белсендилерине Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң,  партияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қалалық Кеңеслериниң Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF