Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:00:06, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫНАЯТШЫЛЫҚҚА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎДЕГИ КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Илажды усы комитеттиң баслығы З.Реймова алып барды.

Қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары, Ишки ислер уйымларының, тийисли мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан мәжилистиң күн тәртибинде быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында республикамызда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы  жағдайы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Избасаровтың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң  усы жыл 26-март күнги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққан қарсы гүресиўдиң бир тутас системасын қәлиплестириў, ишки ислер уйымларының төменги буўынынан республика дәрежесине шекем нәтийжели жумысын жолға қойыў ҳәм заманагөй жумыс усылларын енгизиў арқалы елимизде нызамлылықты беккемлеў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди. Соның менен бирге, пуқаралардың социаллық турмыстағы машқалаларын «Пуқара кесиминде», пуқаралар жыйынларындағы машқалаларды секторлар кесиминде шешиў арқалы жынаятларды «Мәҳәлле кесиминде» сапластырыў, «социаллық профилактика»жумысларын жолға қойыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм секторлардың жумысларын жетилистириўге қаратылған бир қатар тапсырмалар берилди.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы ҳәм басқа да Нызамларда, бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, секторлардың басшыларына жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды пайдалы мийнетке тартыў, жасы жетпегенлердиң бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ўәкилликлер берилген.

Криминоген жағдайдың турақлылығын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды таллап көргенимизде, усы жылдың өткен бес айы даўамында елимизде дизимге алынған 36927 жынаяттың 3,1 проценти, яғный 1135 жынаят Қарақалпақстан Республикасына туўра келгенлиги атап өтилген. Соның ишинде, 3-сектор яғный Ишки ислер министрлиги секторындағы Шымбай ҳәм Кегейли районларында жынаятшылықтың өскенлигин көриўимизге болады. Республикамыз аймағында быйылғы жылдың өткен тоғыз айы даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 198 ден 315 ке, яғный 59 процентке өскен. Қайтыс болғанлар 57 ден 91 ге, дене жарақатын алғанлар 178 ден 285 ке көбейген.

Илажда Шымбай ҳәм Кегейли районлары Ишки ислер бөлимлери, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы, Беруний районы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими баслықларының мәлимлемелери тыңланды.

Атап өтилген кемшиликликлерди сапластырыў, орынларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысларын жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF