ГҮЗГИ ШҮДИГАРЛАЎ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ
Ата-бабаларымыз «Жерди сүрсең гүз сүр, гүз сүрмесең жүз сүр», деп бийкарға айтпаған. Себеби, егислик жерлерден мол зүрәәт алыўда гүзги шүдигарлаў жумысларының сапалы түрде алып барылыўы үлкен әҳмийетке ийе екенлигин дийқанларымыз жақсы биледи.
Жерлерди сапалы ҳәм нәтийжели шүдигарлаўға ерисиў ушын тракторлар менен плуглар алдыннан жумысқа таярланыўы, саз ҳалға келтирилиўи, жерлер де шүдигарлаўға жақсылап таярланыўы керек болады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 21-октябрьдеги «2022-жылдың зүрәәти ушын гүзги шүдигарлаў жумысларын белгиленген мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен өткериў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис протоколы барлық шөлкемлестириўшилик жумысларды өз ишине қамтып алған.
— Атап айтқанда, быйылғы жылы республикамызда 80 мың 200 гектар майданда гүзги шүдигарлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас инспекторы А.Қозиев. — Бул жумыслар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланған график тийкарында 25-октябрьден 25-ноябрь күнлери аралығында әмелге асырылады.
Гүзги шүдигарлаў мәўсимине 746 сүрим тракторлары тартылған болып, соннан 313и жоқары өнимли сүрим тракторлары, 163и әпиўайы тракторлар болып есапланады.
Буннан басқа, усы протокол қарарында гүзги шүдигарлаў жумысларының өткерилиўи бойынша, сондай-ақ, шүдигарланбайтуғын майданларды қабыллаў топарларын шөлкемлестириў ҳәм ҳәр бир контурды шүдигарлаў отрядлары басшысынан сертификат тийкарында қабыллап алыў, шүдигарлаўдың сапалы өткерилиўи (сайыз, толық контур исленбеген, атыздың басы яки ақыры сүрилмеген ҳәм басқа) ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақлаўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў, соның менен бирге, шүдигарлаў жумыслары сапасыз орынланған жағдайларда белгиленген тәртипте актлестириў ҳәм айыпкерлерге тийисли шара көриў «Өзагроинспекция»ға жүкленген.
Бүгинги күнде барлық районларда жәми 132 шүдигарлаў отрядлары шөлкемлестирилип, гүзги шүдигарлаў жумысларының оптимал мүддетлерде ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша инспекция тәрепинен қадағалаў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.