Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:13:14, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫҢ ДИЙҚАНШЫЛЫҚ ТАРАЎЫНДАҒЫ ДӘСЛЕПКИ НӘТИЙЖЕЛЕРИ

Президентимиздиң басламасы менен усы жыл жаз айларының дәслепки күнлеринде бир қатар жасларға егинлерден босаған жерлер бөлип берилип, оларға дийқаншылық етип қосымша  дәрамат табыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған еди.

Қоңырат районында да район ҳәкими, Жаслар ислери агентлиги Қоңырат ра­йонлық бөлими ҳәм сектор басшылары тәрепинен социаллық жәрдемге мүтәж, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке бағдарлаўда дәрамат тийкарын жаратыў мақсетинде усындай илажлар әмелге асырылды. Районда «Ҳәр бир жасқа — бир гектар» принципи тийкарында 300 ден аслам жасларға жер берилди.

Бүгинги күнде, мине, усы илажлардың нәтийжелери көрине баслады.

Қоңырат районындағы орайлық дийқан базарында «Жас дийқан өнимлери» агроярмаркасы өткерилди.

Онда «Ҳәр бир жасқа - бир гектар» принципи тийкарында бәнтлиги тәмийинленген «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери сатылып, халқымыз дастурханларына инам етилди.

— Мен «Өрнек» АПЖда жасайман. 1993-жылы туўыл­ғанман. АПЖ аймағындағы   «Дәнияров Айдар» фермер хожалығынан бир гектар жер алған едим. Ол жерге гешир, капуста, түрпи, ләблеби сыяқлы егинлерди егип, ҳәзир мол өним алыўға еристим. Бүгин усы өнимлерим менен ярмаркада қатнасып атырман. Усындай мүмкиншиликлерди жаратып бергени ушын, район басшыларынан, жаслар ислери агентлигинен миннетдарман,-дейди Руфат Боранов.

Агроярмаркада 20дан аслам жаслар өзлери тәрепинен жетилистирилген аўыл хожалығы өнимлери менен қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF