Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:05:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘЛИМ-ТӘРБИЯ ТАРАЎЫНА КЕРЕКЛИ БАҒДАРЛАМА

Негизинде, бүгинги күнде перзентлеримизди тәр­бия­лаў әҳми­йетли орынды тутады.  Әсиресе, шаңарақлардағы татыўлық, аўызбиршилик қарым-қатнаслар келешек ийелериниң озық-ойлы, билимли ҳәм әдеп-икрамлы, минез-қулық ийелери болып камалға келиўине унамлы тәсирин тийгизеди.

Жақында, Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы  гүресиў  Бас басқармасының Орайлық Азия бойынша аймақлық бюросы менен биргеликтеги шаңарақ көнликпелерин үйретиўге бағдар­ланған «Татыў шаңарақ» бағдарламасы бойынша тренинг болып өтти.

Бул тренингте республикамыздың изертленип атыр­ған Мойнақ, Бозатаў ҳәм #оңырат районларынан таңлап алынған алты мектептиң 30 дан аслам Халық билимлендириў тараўының қәнигелери бағдарламаны кейинги сынақтан өткериў ушын оқытылды. Айрықша атап өтетуғын тәрепи, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги студентлерди кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм психологиялық- педагогикалық диагностика орайы, #арақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги қәнигелериниң жақын шериклигинде бағдарлама Өзбекстан шараятына бе­йимлестирилген.

Ең әҳмийетлиси, «Татыў шаңарақ» — тәрбиялаў барысын жетилистириўге бағдарланған универсал бағдарлама болып табылады. Бағдарлама қысқа мүддетли, аңсат орынланатуғын, дәлиллерге тийкарланған ҳәмме ушын ашық болып, ол БМШ ның Нәшебентлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бас­қармасы тәрепинен алыс аўыллық жерлерде жайлас­қан ҳәм кең ресурс­қа ийе аймақлар ушын арнаўлы ажыратыл­ған. Сондай-ақ, бағдарлама жақсы тәрбия стилин үйретиўди мақсет етип қоймақта.

Буннан тысқары, ата-аналар перзентлери ушын унамлы минез-қулық қағыйдаларын үгит-нәсиятлаўды, олардың бос ўақытларына ҳәм ортадағы орнатылған дослық мүнәсибетлерине айрықша итибар берип бақлап барады ҳәм де өзлери жақсы тәрептен үлги көрсетип, перзентлериниң саналы түрде шешим қабыллаўы ушын көнликпелер ийелеўине жәрдем береди. Усы өзгерислердиң жәрдеминде бул бағдарлама кең көлемли социаллық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы машқалалардың, нәшебент­лик затлардан пайдаланыўдың, балалар ҳәм жасларға қарата исленген зорлықтың ҳәм жынаятшылықтың алдын алады.

Бул тренинг «Жас өспиримлердиң саламатлығы, аўқатланыўы, суў менен тәмийинлениўи, гигиена ҳәм денсаўлығын жақсылаў, COVID-19 пандемиясы даўамында ҳәм кейинги дәўиринде жаслардың потен­циалын беккемлеў арқалы Қарақалпақстанның турақлы турмыс келешеги ушын инвестициялаў» жойбары шеңберинде БМШның Өзбекстан Республикасы Арал бойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фондының қаржылай қоллап-қуўатлаўы арқалы әмелге асырылады.

Тренинг барысында, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Е.НУРТАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы.

СҮЎРЕТТЕ: илаж қатнасыўшылары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF