Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:30:40, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АЎЫЛ ҲАЯЛЛАРЫ КҮНИ» БЕЛГИЛЕНДИ

Нөкис қаласында «15-октябрь – Аўыл ҳаяллары күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамлары  республикалық кеңеси ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға республикамыздың барлық районларынан түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған  аўыл ҳаял-қызлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров, Қоңырат районындағы «Алтынкөз-Сартур» биолабораториясының баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиңген аўыл хожалығы хызметкери Т.Аденбаева шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей. бул байрам БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги резолюциясы менен рәсмий түрде тастыйықланған болып, аўыл ҳаялларының жәмийеттеги ролин, олардың аўыл хожалығы ҳәм аўыллардың раўажланыўын жеделлестириўдеги, азық-аўқат қәўипсизлигин арттырыўдағы, аўыллық жерлерде жетиспеўшиликти сапластырыўдағы үлесин тән алды. Елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў,  оларға мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Илажда елимиздиң жәмийетлик-сиясий раўажланыўындағы ҳәм аўыл хожалығындағы нәтийжели мийнети, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын бир топар аўыл ҳаял-қызларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF