Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:44:08, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕР ТОЙСА ЕЛ ТОЯДЫ, ЕГИН ТӘРБИЯНЫ КҮСЕЙДИ

Сарғыш тартқан гүз бояўлары шөп-шарлық пенен дәрья бойындағы тораңғылларды гөззал түске ендирген. Атыз толтырып, қарыс сүйем өскен бийдайдың желкилдескен нәлшелери көрген көздиң жаўын алады.

Ҳадалый дийқанға усап нышлы белин ийнине салып, жап-салма, шел жағалап жүрген  «Досжан аўыл» фермер хожалығының баслығы Руфат Нәжимовты атыз басында ушыраттық. Ҳармасын, сәлем-әликтен соң хожалыққа тийисли 90 гектарлық егислик жерлери жақын жылларда майда жыңғыллықлы тоғайлық екенин еследи.

Мәмлекетлик буйыртпаға кирген пахта, бийдайдың ҳәр жылғы жобалы тапсырмаларын артығына орынлап, қуўанышқа бөленгени менен тәшўишлери де арта түсипти.

— Қыс қарлы болып, «ақ көрпе»син жамылмастан бурын қунарлығы төменлеп кеткен айырым атызларға 5 тоннадан жергиликли төгиннен таярлаған намбарымды шығаражақпан. Дәслепки қәдемимде қолыма бийдайдың бир қысым дәнин услатып: «атыз­ға шаш, мийнетин де, рәҳәтин де өзиң көр» деген дийқаншылықтағы устазым «пилмамыт» лақаплы Көптилеў ағаны ҳүрмет пенен тилге аламан.

— Ертеректе салы егилгенликтен суўға қанық, минерал төгинлери менен азықландырылған, инженерлик системада ашылып, жап-салма, коллектор тармақлары саз ислейтуғын егислик жерлериме тек суў жетиспейди. Оның да есабын таўып, ултанында ғана сызылып ағатуғын дәрьяға насос қурып суўғарамыз. Нәтийжеси жаман емес, 35 гектарлық гүзлик бийдайдан 70 тонна қырмызы дән, шигит егилген 20 гектардан орташа есапта 26 центнерден 53 тонна «ақ алтын» жетистирдик. 35 гектарға гүзлик бийдай егиў режеси әлле қашан сапалы байытылып, агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын баслап жибердик.

Азық-аўқатлық, от-жемлик егинлерден де ҳәр жылы мол зүрәәт жетистирип киятырмыз. Ең шешиўши мапаз — жыйын-теримде хожалық ағзалары менен аўыл тур­ғынлары жақыннан жәрдем берди. Әсиресе, механизатор Дәрьябай Ақымбетовтың мийнети салмақлы болды.

Хожалығымыздың жайласқан жери шарўашылық ушын жүдә қолайлы екенин есапқа алып, дийқаншылыққа егиз тараў ­ шарўашылықты қолға аламыз, - деген Руфаттың жақсы нийетине тилеклес болдық.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF