МАҚСУДА ВОРИСОВА: «БИЗ ХАЛЫҚТЫҢ МӘПЛЕРИН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ ҚАРАТЫЛҒАН КҮШЛИ СОЦИАЛЛЫҚ СИЯСАТ ЖҮРГИЗИЎ ТӘРЕПДАРЫМЫЗ»
Усы жыл 12-октябрь күни Нөкис қаласындағы Кино-концерт залында Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Мақсуда Ворисованың қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, партияның белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкили Халилла Ешимбетов Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Мақсуда Ворисова шығып сөйлеп, елимизде жүз берип атырған демократиялық реформалар, кең көлемли қурылыс және дөретиўшилик жумысларын Қарақалпақстан Республикасының мысалында атап өтип, өзиниң сайлаўалды бағдарламасына тоқтап өтти.
Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасының әҳмийетли тәрепи, социаллық теңлик ҳәм халық демократиясы нормаларына сай келетуғын мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў Халық демократиялық партиясының баслы мақсети болып табылады. Бул мақсет биринши гезекте халықтың кең қатламының абаданлығын тәмийинлеўди нәзерде тутады. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын өзине тән аймақлық имканиятларын келип шыққан ҳалда раўажландырыў, буның артынан пуқаралардың мәплери жолында бир қатар мәселелерди шешиў бағдарындағы усыныслар билдирилди.
Мысал ушын, талабан тәрепинен бул бағдарда аўыллық жерлерге санаатты алып кириў мәселеси алға қойылмақта. Бул басламаның итибарлы тәрепи сонда, аўылларға санаат кәрханалары кирип келсе, жумыссызлық азаяды. Жергиликли халық турақлы дәрамат дәрегинен ийе болады, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы жынаятшылықтың азайыўына ерисиледи. Нәтийжеде көплеген социаллық мәселелер сапластырылады.
Соның менен бирге, Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасында шаңарақлардың абаданлығы, балалар ушын теңдей имканиятлар жаратыў, жаслардың билим алыўы, кекселерге ғамқорлық етиў, халықтың майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж қатламының ҳуқықлары менен мәплерин буннан былай да нәтийжели қорғаўды тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер алға қойылған. Буннан тысқары, раўажланған еллердиң тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, аз дәраматлы шаңарақлар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына күнделикли азық-аўқат өнимлерин ҳәм товарларды арзан баҳаларда сататуғын социаллық дүканлар тармағын жаратыў бойынша қәўендерлик жумысын раўажландырыўға жәрдемлесиў зәрүр. Сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары, соның ишинде, майыплығы болған шахслар, майып перзентлерди тәрбиялап атырған ата-аналар, қыйын социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ушын арзан турақ жайлар қурылысын буннан былай да кеңейтиўге ерисиў режелестирилген.
Бағдарламада демократиялық жәмийеттиң әҳмийетли нормасы сыпатында еркин пуқаралық жәмийетин буннан былай да раўажландырыў бағдарында анық усыныслар билдирилген. Бунда халықты ойландырып атырған мәселелерди шешиўдиң ең нәтийжели ҳәм әдил формасы сыпатында мәҳәлле системасын раўажландырыў, ҳәкимшилик, социаллық, мәдений ҳәм басқа бағдарлардағы жумысларды шешиўде оның толық қатнасын тәмийинлеў зәрүр.
Буннан тысқары, қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысларының нәтийжелилигин ашық-айдын ҳәм конструктив додалаўда пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын кеңейтиў тийис. Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсендилигин арттырыў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының арасындағы социаллық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик әмелиятын кеңнен раўажландырыў керек.
Талабан өзиниң шығып сөйлеўинде жаслар мәселесине де айрықша тоқтап өтип, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жаслардың мәмлекеттиң сиясий турмысындағы белсене қатнасыўын тәмийинлеўге хызмет етиўи, қәбилетли жасларға сиясий партиялар, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары системасында ислеўди хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.
Ушырасыўда Жәмийет саламатлығы, денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў институти Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими директоры, партия белсендиси Олимбой Халимов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти, партия белсендиси Айжамал Қалыбаева, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Бахтияр Сагатов, Беруний районы 59-санлы мектеп директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Саёра Имамова, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Кегейли районлық кеңеси баслығы Тажетдин Давлетов, Төрткүл районы 10-санлы мектеп директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Саят Гичгелдиева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, талабанның сайлаўалды бағдарлармасында алға қойылған әҳмийетли мәселелер бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди ҳәм қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети