ШӘКИРТЛЕРИНЕН ҮМИТЛЕРИ КӨП
Соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен спорт тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде бул тараўда алға илгерилеўшилик, раўажланыўлар жүз бермекте. Бир ғана быйылғы Японияның Токио қаласында өткен XXXII жазғы Олимпиада ойынларында жанажан Ўатанымыз — Өзбекстанымыз даңқын, мәртебесин дүньяға танытқан спортшыларымыздың жетискенликлеринен-ақ көриўимизге болады.
13-август күни Президентимиз Олимпиада ойынларында қатнасқан спортшы ҳәм тренерлер менен ушырасыўында спортшыларды маўасасыз гүреслерге таярлаўда тренерлердиң хызметлери үлкен екенин айрықша атап өтти. Әлбетте, қайсы тараў болмасын, олардың машақатлы ҳәм пидәкерли, тынымсыз мийнетлериниң жемислерин шәкиртлериниң жетискенликлеринен көриўимизге болады. Бул ҳәр кимге де несип ете бермесе керек, әлбетте! Мине, усындай абырай-мәртебеге мүнәсип болған тренер-оқытыўшылардың бири Дәўирбек Жиемуратов. Ол 2014-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене тәрбия ҳәм дене мәденияты қәнигелигин тамамлап, мийнет жолын республикалық қәнигелестирилген Олимпия резервлери балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде қылышпазлық бойынша тренер-оқытыўшы болып ислеўден баслады. 2016-2018-жыллары Жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, ал, 2018-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде қылышпазлық спорт түри бойынша келешегимиз болған оқыўшы жасларға спорт сырларын үйретип келмекте. Ол усы жыллар ишинде оқыўшы жасларға тәлим-тәрбия бериўде, олардың физикалық жақтан жетилискен инсанлар болып камалға келиўи жолында тынымсыз изленип, шәкиртлериниң қәлбине жол таба билди.
Ҳақыйқатында да, ҳәр бир инсанның өмири даўамында ерисилип атырған жетискенликлери ҳәм табысларында оның устаз-оқытыўшыларының орны гиреўли болады. Бүгин Д.Жиемуратов та мине, усындай шәкиртлери себепши болғанлардың қатарында. Ол тренерлик искерлиги даўамында бир қатар спортшыларды таярлап, халықаралық дәрежедеги спорт жарысларына нәтийжели қатнастырыўда ҳәм қылышпазлық спорт түриниң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосып келмекте. Атап айтқанда, шәкиртлеринен Шерзод Мамутов, Зайнаб Дайыбековалар 2018-жылы январь айында болып өткен Өзбекстан Республикасы чемпионатында биринши орынды ҳәм Г.Есемуратова екинши орынды алыўға, сол жылы март айында Дубай қаласында болып өткен Азия чемпионатында Ш.Мамутов ҳәм Ф.Генжебаевалар екинши орынды, З.Дайыбекова үшинши орынды ийеледи ҳәм Президентимиз тәрепинен ҳәр бири «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды. Шәкиртлериниң жетискенликлери 2019, 2020, 2021-жыллары жылдан-жылға жоқарылай баслады. Және бир айрықша атап өтсек, Ш.Мамутов усы жылы 25-26-апрель күнлери спорттың қылышпазлық түри бойынша Токио-2020 жазғы Олимпиада ойынларына жоллама бериўши «Osiyo-Okeaniya» бириншилигинде барлық қарсыласларынан үстин келип, жеңиске еристи ҳәм Олимпиада жолламасын қолға киргизди.
«Osiyo-Okeaniya» лицензиялық жарысының екинши күнинде және бир атақлы сабляшы қызымыз Зайнаб Дайыбекова жеңиске ерисип, ол да Токио Олимпиадасына жолламаны қолға киргизди. Спортшымыз жарыс даўамында Таиланд, Гонгконг ўәкиллерин, ал, алтын медаль ушын өткен беллесиўде қазақстанлы Айгерим Сарыбайды 15:6 есабында үлкен басымлық пенен жеңди. Солай етип, Зайнаб Дайыбекова Өзбекстанның қылышпаз қызлары арасында Олимпиадаға қатнасатуғын биринши спортшы сыпатында тарийхқа кирди.
Ал, және бир шәкиртлериниң бири, 2002-жылы туўылған Шерзод Мамутов кишкенелигинен-ақ спортқа қызығып, 2014-жылдан баслап устазы, жоқары категориялы тренер, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы Дәўирбек Жиемуратовтан спорт сырларын үйренип атырған тәжирийбели спортшылардан. Ол қылышпазлық бойынша 2018-жылы Қытай мәмлекетиниң Уси қаласында өткерилген Азия чемпионатында екинши орын, сол жылдың август айында Таиланд мәмлекетиниң Бангкок қаласында болып өткен Азия чемпионатында үшинши орын, 2019-жылы Иордания мәмлекетиниң Оман қаласында өткерилген Азия чемпионатында үшинши орын, 2021-жылы февраль айында Болгария мәмлекетиниң Пловдив қаласында болып өткен «Osiyo-Okeaniya» лицензиялық жарысында биринши орынды ийелеп, Олимпиада жолламасын қолға киргизди.
— Бүгинги күнде мектебимиздеги 22 спорт түрине 650ден аслам оқыўшы жаслар қатнасып келмекте. Оларға 97 тәжирийбели тренер-оқытыўшылар спорт сырларын үйретеди. Мектебимиз оқыўшылары Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатлары, сондай-ақ, бир қатар халықаралық спорт жарысларына қатнасып, жоқары нәтийжелерге ериспекте. Бунда, әлбетте, мектебимиз тренер-оқытыўшыларының тынымсыз мийнетлери көп. Солар қатарында өз кәсибиниң маманы болған тренерлеримиздиң бири Дәўирбек Жиемуратовты мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды. Ол 2018-жылдан мектебимизде жумыс алып барып атырған болса, өзиниң кәсибине болған пидайылығы, талапшаңлығы ҳәм мийнеткешлиги менен жәмәәтимизде айрықша тилге алынады. Мектебимиздеги қылышпазлық спорт түрине қызығыўшы оқыўшыларға буны жақсы өзлестирип меңгериўине жалықпастан үйретеди. Әсиресе, оның кишипейиллиги, бәрше менен теңдей қарым-қатнас ҳәм мүнәсибетте болыўы жәмәәтимизде өзиниң мүнәсип абырайына ийе. Алдағы ўақытлары да оның шәкиртлери буннан да жоқары жетискенликлерге ериседи, - дейди усы мектеп методисти Садатдин Ибрагимов.
Спорт — инсанды камалатқа жетелеўши физикалық күш. Дәўирбек Жиемуратов бүгинги күнде де 1 жәҳән кубогы ийесин, 18ден аслам Өзбекстан Республикасы чемпионларын, 3 Азия чемпионаты жеңимпазларын, 4 Өзбекстан спорт усталарын, 15тен аслам Өзбекстан спорт шеберлигине талабанларды таярлаған. Сондай-ақ, оның тренерлик ўазыйпасы дәўиринде бес спортшы жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз кириў имканиятларын қолға киргизди. Әлбетте, шәкиртлердиң жетискенликлери ҳәм табыслары, қалаберсе, өзиниң исине терең жуўапкершилик пенен қараўы айрықша итибарға алынды. Оның усындай мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
— Әлбетте, бул берилген сыйлық тек мениң ғана емес, ал, пүткил мектебимиз жәмәәтиниң сыйлығы деп билемен. Бул маған және де жуўапкершилик жүклейди деген сөз. Өзим кишкенелигимнен бул тараўға ықлас қойып жақсы нийетлерге ерисиўди әрман етер едим. Мине, сол мақсетлериме әсте-ақырынлық пенен ерисип атырман. Соны мақтаныш пенен айтқым келеди, кәсибимди жақсы көремен. Спорт — бул мәмлекетти дүньяға танытыў мүмкиншилиги. Кеўлинде Ўатанға деген муҳаббаты күшли болған ҳәр бир спортшы өз алдына чемпион болыўдай уллы мақсетти қояды. Мине, сол айтқандай, таярлап атырған шәкиртлерим де ойлағанымдай болып шықты. Олардан еле де үмитлерим көп. Олардың қатарын көбейтиўге, елимиз мақтанышына айландырыўға бар күшим менен ҳәрекет етемен. Японияның Токио қаласында өткен XXXII жазғы Олимпиада ойынлары бизлерди және де руўхландырды ҳәм еле де тәжирийбе топлаўымызға имканият жаратты. Мен исенемен, несип етсе алдағы ўақытлары шәкиртлеримди 2024-жылы Францияның Париж қаласында өткерилетуғын Олимпиада ойынларына таярлап, мәмлекетимиз байрағын дүньяға танытыўға өз күш-жигеримди жумсайман. Себеби, бизиң мәмлекетимизде спорт пенен шуғылланыўшыларға барлық шараятлар жаратылмақта. Әлбетте, булардың барлығы Президентимиздиң бул тараўды раўажландырыўға қаратып атырған итибар нәтийжеси деп билемен, - дейди Д.Жиемуратов биз бенен сәўбетинде.
Ҳақыйқатында да, бүгин республикамыздағы қайсы бир тараўды алып қарамайық, онда қолға киргизилген табысларда жаслардың белсендилигин ҳәм ғайратын көрип қуўанамыз. Сол айтқандай, спорттың қылышпазлық түрин елимизде раўажландырыў, мине, усы спорт түри менен шуғылланыўшы жасларға кең имканиятлар жаратыў бағдарындағы унамлы жумыслар бүгин өзиниң нәтийжесин берип атырғанлығы келешектеги табысларға негиз бола алады.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: тренер Дәўирбек Жиемуратов (ортада) шәкиртлери менен.