БИРИНШИ ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ ЧЕМПИОНАТЫ
ПАЙТАХТЫМЫЗДА ЖОҚАРЫ ДӘРЕЖЕДЕ БОЛЫП ӨТТИ.
Еки күн даўамында Нөкис қаласындағы «Манеж» спорт сарайында аралас жаўынгерлик өнери яғный ММА бойынша ҳәўескерлер арасында биринши Орайлық Азия чемпионаты болып өтти.
Өткен шемби күнги ашылыў мәресиминде дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Буннан кейин Халықаралық аралас жаўынгерлик өнерлери федерациясының (IMMАF) президенти К.Браун, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды биринши Орайлық Азия чемпионатының ашылыўы менен қутлықлады ҳәм спортшыларға әўмет тиледи.
Орайлық Азия аралас жаўынгерлик өнерлери конфедерациясы (CАMMАC) тәрепинен шөлкемлестирилген чемпионатқа Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлеринен келген ҳәўескер спортшылар 10 салмақ категориясында беллести.
Екшемби күни финаллық беллесиўлерде тийкарынан Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикаларының спортшылары жеңимпазлық ушын гүрес алып барды. Финалға Қазақстаннан 8, Өзбекстаннан 7 спортшы жетип келген еди. Соннан елимиз спортшыларының барлығы финалда жеңиске ерискен болса, Қазақстаннан 3 спортшы чемпион болды.
Атап айтқанда, 53,2 килограмм салмақ категориясында Ерсултан Шакенбай (Қазақстан), 56,7 килограмм салмақ категориясында Жамшид Тиллаев (Өзбекстан), 61,2 килограмм салмақ категориясында Еркебулан Бегасылулы (Қазақстан), 65,8 килограмм салмақ категориясында Шукуржан Рустамов (Өзбекстан), 70,3 килограмм салмақ категориясында Неъмат Асадов (Қазақстан), 77,1 килограмм салмақ категориясында Мунис Муминжанов (Өзбекстан), 83,9 килограмм салмақ категориясында Закир Мамарасулов (Өзбекстан), 93 килограмм салмақ категориясында Хусанбай Рахимов (Өзбекстан), 120,2 килограмм салмақ категориясында Хасанбай Рахимов (Өзбекстан), +120,2 килограмм салмақ категориясында Ихтияр Халмуратов (Өзбекстан) биринши орынларды ийелеп, Орайлық Азия чемпионы болды.
— Пандемия себепли көплеген жарысларға қатнаса алмай қалған едик,-дейди ең аўыр салмақ категориясында жеңимпаз болған Ихтияр Халмуратов. — Нөкис қаласындағы жарыс жүдә жоқары дәрежеде өткерилди. Енди усы жыл декабрь айында Қазақстанда болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таярлық көремиз...
Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.