ПРЕЗИДЕНТ САЙЛАЎЫНДА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСАЙЫҚ!
Сайлаў кодексине тийкар, сайлаў күнине шекем яки сайлаў күни он сегиз жасқа толған, дизим дүзилип атырған ўақытта усы сайлаў участкасы аймағында турақлы яки ўақытша жасап атырған пуқаралардың фамилиялары сайлаўшылар дизимине киргизиледи.
Суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылған пуқаралар, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар ислегени ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар ғана сайлаўда қатнаспайды.
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди сайлаў комиссиялары ашық ҳәм жәриялылық түрде әмелге асырады. Президент сайлаўын өткериўши сайлаў комиссиялары пуқараларды өз жумыслары ҳаққында, сайлаў округлери, участкаларының дүзилгенлиги ҳаққында, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақты ҳаққында хабардар етеди, сайлаўшылардың дизимлери, сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими менен таныстырады, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар ҳаққындағы, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды мәлим етеди.
Сайлаўшылардың дизимлери сайлаўға он бес күн қалғанда, Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, санаторийлерде ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкаларда болса сайлаўға үш күн қалғанда ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылады.
Сайлаў нызамшылығына тийкар, сайлаў ҳуқықына ийе шахслар ушын сайлаўларда қатнасыўды тәмийинлеўге қаратылған бир қатар имканиятлар жаратылған.
Егерде сайлаўшы сайлаў күни, яғный 2021-жыл 24-октябрь күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған жағдайда мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе.
Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанда тамамланады.
Мүддетинен бурын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшыдан тек ғана сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет дем алысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм ҳ.т.б.) көрсетилген арза жазыў соралады.
Айырым сайлаўшылар денсаўлығының жағдайына яки басқа себеплерге көре даўыс бериў имаратына келе алмаған жағдайларда, тийисли участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди усы сайлаўшылардың илтимасы бойынша олар турған орында шөлкемлестиреди.
Өзбекстан Республикасынан тысқарыда жасап атырған пуқараларымыз ушын да сайлаў ҳуқықы кепилленеди.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен Президент сайлаўын өткериў ушын быйылғы жылы Өзбекстанның шет елдеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында 54 сайлаў участкасы дүзилди.
Шет мәмлекетлерде турған пуқаралар участка сайлаў комиссияларына оларды сайлаўшылар дизимине киргизиў ҳаққында сайлаўдан он бес күн алдын жазба көринисте яки Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы электрон формада мүрәжат етиўи мүмкин.
Даўыс бериў сайлаў күни саат 8.00 ден 20.00ге шекем өткериледи (мүддетинен алдын даўыс бериў ўақты Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди). Даўыс бериў ўақты ҳәм орны ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде он күн алдын хабардар етеди.
Ҳүрметли заманласлар өз конституциялық ҳуқықыңыздан пайдаланып, келешек ушын даўыс бериң!
Әдиллик министрлиги бәршени Президент сайлаўында белсене қатнасыўға шақырып қалады.
Абубакир Отарбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси.