Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:41:05, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ОҚЫЎШЫ АҚШ ШАҢАРАҒЫНДА

ЯМАСА ӘРМАНЛАР ЖЕТЕГИНДЕГИ

КАЗБЕК ЖАЛАЛОВ ИЗЛЕНИП ИМКАН ТАПТЫ

         Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында 2021-жыл — «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда «Ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўында оның келешегин тәмийинлейтуғын жас әўладтың саламат ҳәм бәркамал болып камал табыўы шешиўши орынға ийе. Сонлықтан, биз реформаларымыздың көлеми ҳәм нәтийжесин еле де арттырыўда ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билим ҳәм өнерлерди пуқта ийелеген, күш-жигерли, инициатор жасларымызға таянамыз» деп айтып өтиўи елимиз жасларына қаратылған үлкен итибар ҳәм исенимниң белгиси.

Ҳақыйқатында да, бүгин биз мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тырнағын пайда етиўдей уллы мақсетти алдымызға қойған екенбиз, бунда зийрек, айрықша қәбилетли, келешекке умтылыўшаң, заманагөй билимлерди ийелеген, миллий қәдириятлар руўхында еркин ҳәм терең пикирлейтуғын, қулласы, ҳәр тәреплеме жетик жасларды көз алдымызға келтиремиз ҳәм оларды арамыздан излеймиз.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея бүгин әмелде өз тастыйығын таўып атыр, десек қәтелеспеймиз. Бир ғана биз сөз етпекши болған қаҳарманымыз тымсалында буның мысалын көриўимизге болады.

Бир сөз бенен айтқанда, пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде 10 жыл даўамында оқып, тәлим-тәрбия алған, ҳәзирги ўақытта Америка Қурама Штатларындағы мектеплердиң биринде оқыўын даўам еттирип атырған Казбек Жалалов пенен байланыстық. Ол өзиниң келешек көзқараслары, заманға мүнәсип болып, өмирден алдынғы саптағылар қатарында орнын табыўы ушын болған умтылыслары, режелери менен өз пикирлерин айтып, ортақласты.

— Мениңше, ҳәр бир адам нийетине жетисиўи ушын биринши қәдемди, умтылысларды ҳәм өзиниң ҳәрекетшеңлигин көрсетиўи керек.

Америкада билим алыў — мениң өмиримдеги ең үлкен мақсетлеримниң басламасы болды. Күнлерден бир күни тәжирийбе алмасыў бойынша сырт ел бағдарламасы интернет тармағы арқалы көзиме түсти. Егер де адамның алдында усындай имканият турса, қалай болмасын соған ерисиўге умтылады екенсең. Мен де көп ўақыт сол бағдарлама бойынша оқыдым, үйрендим ҳәм ақыры өзимди сол бағдарламада сынап көриўди нийет еттим.

Қатнасыўшыларды сайлаў процеси жүдә узақ ўақыт болды. Ҳәр бир қатнасыўшыны пуқта сынақтан өткерип, тексерип ҳәм сәўбетлесиўлер жүргизгеннен кейин ғана туўры келетуғын қатнасыўшылар таңлап алынды. Қарақалпақстан Республикасынан бул бағдарламаға 41 оқыўшы қатнасқан болса, соннан 2 оқыўшы ғана өтиў бахтына миясар болдық.

— Казбек, усы жерде бул бағдарлама ҳаққында мағлыўмат берип өтсең?

— Жүдә мақул. Негизинде бул бағдарламаның аты FLEX (Future Leaders Exchange Program) болып, ол 1992-жылы Билл Брэдли (АҚШ сенаторы) ҳәм кон­грессмен Джим Лич тәрепинен усыныс етилип, бағдарламаны әмелге асырыў бо­йынша қарар қабыл етилген. Әлбетте, бул бағдарламаның дәслепки мақсети — Азияда ямаса Европада жасайтуғын балаларға қол созып, оларға Америкада оқыў ҳәм жасаў тәжирийбелерин үйрениўи ушын имканият жаратып бериўден ибарат. FLEX бағдарламасы АҚШ билимлендириў бюросы ҳәм АҚШтың Мәденият мәмлекетлик департаменти тәрепинен қаржыландырылып, дүнья жүзи бойынша мыңлаған балаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда оларды улыўма билим бериў мектеплерине жайластырыў ҳәм сол арқалы америкалы шаңарақта жасап көриў имканиятын береди.

— Бул бағдарламаға кимлер қатнаса алады?

— Бунда ҳәр бир мәмлекетке өзиниң қағыйдалары ҳәм усыныслары қойылған. Егер Өзбекстан Республикасына қойыл­ған усынысты айтып өтетуғын болсам, бул бағдарламада 9, 10, 11-класс ҳәм лицей колледжлердиң 1, 2-курс оқыўшыларының қатнасыў имканияты бар. Және де бағдарламада қатнасыў ушын оқыўшы мектепте, лицей ямаса кол­леджде жақсы баҳаларға оқып, инглис тилин жетик меңгерген болыўы керек.

— Бүгинги күнде Америка тәсирлери қалай болып атыр?

— Өзимниң Америкадағы өмирим ҳәм мектебим туўралы айтып өтетуғын болсам, бул жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы ўақыяларға бай болып атыр. Усы жылдың 5-август күни өзбекстанлы жаслар менен сапар­ға атландық. Үлкен бир мәмлекетке кетиў алдындағы биринши сезимлер оғада басқаша болады екен. Биринши мәрте бундай үлкен, шырайлы ҳәм өзгеше қаланы көриў несип етти. Нью-Йорк қаласын сейил еткен соң, өзимди жүдә бахтияр сезиндим. Соннан ке­йин мен өзиме бириктирилген штатқа қарай жолға шығып, 6-август күни Техас штатындағы Плейно қаласына келип, аэропортта қабыллап алатуғын сол жақтағы болажақ шаңарағым менен көристим. Олар мени көргенинен жүдә қуўанышлы еди. Неге десеңиз, сонша ўақыт мениң жетип келиўимди интизарлық пенен күтип, ҳәр дайым қашан келетуғынлығымды сорап туратуғын болған.

Бурын көрмеген, басқа миллеттеги адамлар менен жасаў, бирге күлип-ойнаў ҳәм пикирлесиў өз алдына басқаша бир сезим екен. Дәслебинде ҳәр тәреплеме үйренисип кетиўим бираз қыйынлаў болды.

Арадан күнлер өтип, PLАNO WEST атындағы қәнигелестирилген мектебинде 11-августта оқыўым  басланды. Көпшиликтиң хабары бар, АҚШта оқыў сис­темасы Өзбекстанға салыстырғанда жүдә парықланады. Мектепте оқыў басланбастан бир күн бурын қабыллап алыўшы ата-анам мектеп консультанты менен ушырастырды. Ушырасыўдан мақсет, мен ушын керекли сабақларды таңлаў еди. Сонда мен өзим ушын 7 түрли сабақты таңладым. Оның ишинде анық пәнлер, тил ҳәм бизнес бойынша сабақлықлар бар. Американың оқыў системасының мине усы тәрепи жүдә көплеген адам­ларға мақул келеди. Әлбетте, егер оқыўшы өзиниң жақсы көрген ямаса унат­қан сабақлары менен шуғылланса, ол келешекте жақсы нәтийжелерге ериседи.

Және де айтып өтетуғын болсам, егер мектепте оқыўшыға сабақ, муғаллим ямаса басқа қолайлықлар унамаса, онда оны өзгертиў имканияты бериледи. Бирақ, оның ушын оқыўшы өзиниң мектеп консультанты менен ушырасып, машқаласын түсиндирип, жеткерип, дәлиллеп бериўи керек.

Егер де оқыў даўамында қандай да бир мәселеңиз ямаса қанаатландырылмаған нәрсеңиз болса, пән муғаллимине, мектеп консультантына ямаса басқарыўшы бө­лимге хабарлассаңыз болады.

Мектепте ҳәр бир оқытыўшы ҳәм мектеп консультанты сизди достындай көреди. Ҳәр дайым жәрдемге таяр турады. Және әҳми­йетлиси, баҳалаў системасы Америка мектеплеринде процентте есапланады. Мысалы, 90-100 процент аралығында ўазыйпаны орынласаңыз, «5» аласыз, ал, 80-89 процентке шекемги ўазыйпаны орынласаңыз «4» баҳасы қойылады.

— Келешек режелериңиз ҳаққында да айтып өтсеңиз?

— Өзимниң Америкада әмелге асырмақшы болған келешектеги ең әҳмийетли режелерим ҳаққында айтып өтетуғын болсам, биринши гезекте илажы болғанынша қарақалпақ халқын жақсы жақлары менен танытыўға ҳәрекет етемен. Кейин мектебимди жақсы баҳаларға питкерип, жоқары оқыў орнына кириў ҳәм инглис тилин ҳәзиргиден де жетик дәрежеде меңгериў нийетим бар.

— Инглис тилин өзлестириўиңе қанша ўақтың кетти?

— Өзим оқыған мектебимдеги муғаллимлеримниң инглисше сөйлегенлери қулағыма жүдә жағатуғын еди. Нәтийжеде бес-алты жыл илгери инглис тилин ҳәр тәреплеме үйрениўге тырыстым. Әсте-ақырын грамматикалық қағыйдаларды үйренип барған са­йын  инглис тили бойынша жақсы түсиникке ийе боласыз. Ке­йинги процесс болса, әсте-ақырын аўыз еки тәжирийбелери ҳәм қурамалы бол­ған ҳәр түрли жазба жумысларды ислеў ямаса инглис тилинде оқып баслаў.

Тәжирийбемнен келип шығып айтатуғын болсам, ҳәр дайым қайта-қайта сөйлеп, жазып, оқып ҳәм сөз ядлап жүрсеңиз, инглис тилин 1-2 жылда арқайын, қыйыншылықсыз үйренесиз. Өзим де бул тилде азғантай болса да сөйлеп кетиў 4-5 ай ўақтымды алды. Себеби, қасыңызда бәрқулла сөйлесип, қәтелериңизди дүзететуғын адам болмаса, тилиңиз қысқа болып қала береди. Бирақ, бул сиз ҳеш қашан сөйлемейсиз дегени емес! Ең әҳмийетлиси, ҳәр дайым изленип, үйренип, ҳәрекет етиўиңиз керек. Ақыры, ата-бабаларымыз да бийкарға «Талпынғанға табыс мол» ямаса «Изленген имкан табады» деп айтпаған-ғой.

­— Теңлеслериңе ай­та­рыңыз?

— Елимизде жасап атырған жасларға өзлериниң мақсетлериниң алдында ҳеш қашан бас иймеў керек екенлигин ҳәм ҳәр дайым ҳәрекет етип, умтылса ҳәммеси де өз қолымызда екенлигин дәлиллеў керек.

Әлбетте, елимизде жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, раўажланған мәмлекетлердиң оқыў бағдарламалары арқалы өз мақсетлерине қарай умтылып атырған жаслардың қатары көбейе бериўине тилеклеспен.

Пурсаттан пайдаланып, жасларға кең имканиятлар есигин ашып, қоллап-қуўатлап турған Журтбасшы­мызға, соның менен бирге Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Миртурды Досназаровқа ҳәм барлық устаз-педагоглар жәмәәтине, ата-анама шексиз миннетдаршылығымды билдирип, машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы кәсибинде табыслар тилеймен...

Халқымызда «Устаз атаңдай уллы» деген даналық гәп бар. Жетискенликлерге қарай қәдем таслап атырған Казбек те әзиз устазларының берген тәлим-тәрбиясына әмел етиўиниң нәтийжесинде ерискенлигин мақтаныш етеди. Японларда «Саясын баспаў ушын муғаллимнен жети қәдем артта жүр» деген мақал бар екен. Минекей, муғаллимлердиң улығланыў сыры ҳәм бахты. Негизинде, барлығымыздың да жәмийетте өз орнымызды табыўымыз устаз-оқытыўшыларымыз берген тәлим-тәрбияның жемиси.

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Казбек Жалалов АҚШ сапарында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF