Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:34:16, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕКСЕ ӘЎЛАД ЎӘКИЛЛЕРИ ТУРАҚЛЫ ИТИБАРДА

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен «Кекселер ҳәптелиги» мүнәсибети менен түрли тараўларда жемисли мийнет еткен, елимиздиң раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосқан  100 кексе әўлад ўәкили ҳәм жаслар ушын Нөкис қаласы бо­йлап саяхат шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрьдеги «Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орнын ҳәм жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қорғаў, оларға итибар және ғамқорлықты күшейтиў, турмыс шараятларын жақсылаў, белсенди ҳәм мазмунлы өмир сүриўин тәмийинлеў, бай турмыслық тәжирийбелерин кеңнен пайдаланыў мақсетинде ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптеси «Кекселер ҳәптелиги» деп белгиленди. Ҳәптелик даўамында жалғыз жасаўшы, майыплығы болған кекселер, 100 жастан асқан теберик нураныйлар, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет ветеранлары, сақаўат ҳәм мүриўбет үйлеринде жасайтуғын кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, түрли мәдений, қайырқомлық илажлары, ушырасыўлар өткерилмекте. Саяхат даўамында И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң экспонатлары республикамыздың барлық ра­йонларынан келген нураныйлар менен жасларда айрықша тәсир қалдырды.

Буннан кейин Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың биринде илаж қатнасыўшыларына байрам дас­турханы жайылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов бир топар нураныйларға «Ардақлы нураный», «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Дастурхан әтирапында кексе әўлад ўәкиллери менен жаслардың пикир алысыўлары болды.

Қатнасыўшыларға республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF