ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 6-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы болып өтти.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Күн тәртибинде биринши мәселе, яғный «Фирма атамалары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Ш.Өтемисов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан кейин «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады. Усы мәселе бойынша 61-санлы «Бозжап» сайлаў округинен депутат Б.Айтеков сөзге шықты. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық Нурлипесов Амир Отеповичти Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы депутатлар тәрепинен көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди. Нурлипесов Амир Отепович Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына сайланды.
Сондай-ақ, сессияда «Тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында «Ҳудудгаз таъминот» акционерлик жәмийети «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ таъминаты филиалы баслығының есабаты туўралы», «Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша 2021-жылда әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығының есабаты туўралы», «Халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы», «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың 2019-2021-жылларда республикамызда әмелге асырылыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының мәлимлемеси туўралы», «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарарлар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.