«ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ»
Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде шөлкемде көп жыллар даўамында пидайы мийнет етип, ҳәзирги ўақытта кекселик дәўирин сүрип атырған ветеранларды қәдирлеў, сондай-ақ, бүгинги күнде шөлкемниң раўажланыўына өзлериниң ылайықлы мийнетлери менен үлеслерин қосып киятырған устазлардың, усы тараўда көп жыллардан берли жумыс ислеп киятырған тренер-оқытыўшы ҳәм хызметкерлердиң мийнетлерин ылайықлы баҳалаў ҳәм оқыў курслары, спорт секциялары ҳәм дөгереклерде шуғылланып атырған жаслардың руўхын және де күшейтиў мақсетинде «Үш әўлад ушырасыўы» илажы өткерилди.
Илажға «Ватанпарвар» шөлкеминиң ветеранлары, Нөкис қалалық ҳәм районлық оқыў ҳәм спорт-техника клублары баслықлары ҳәм хызметкерлери, оқыў курслары, спорт секциялары ҳәм дөгереклерде шуғылланып атырған жаслар қатнасты.
Илажды «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Шамуратов басқарып барды. Буннан соң шөлкемниң ветеранлары М.Муўсаев ҳәм Ч.Сабировлар шөлкемниң халқымызды, әсиресе, жасларды әскерий ўатансүйиўшилик, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерине кеңнен тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдағы роли айрықша екенлигин атап өтип, илаж қатнасыўшыларын байрам сәнеси менен қызғын қутлықлады. Соңынан шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Қ.Разбеков ҳәм басқалар қутлықлаў сөз сөйледи.
Илаж жуўмағында шөлкем нураныйлары М.Муўсаев ҳәм Ч.Сабировларға шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған байрам саўғалары инам етилди. Сондай-ақ, «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен шөлкемде көп жыллардан берли пидайы мийнет етип киятырған бир топар хызметкерлер Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Алғыснамалар менен сыйлықланды.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Нөкис қаласы.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.
Автордың түсирген сүўрети.