Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:01:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИСТЕ «ӘЗЕРБАЙЖАН КИНОСЫ КҮНИ» ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

«Жипек жолы дүрданалары» ХIII Ташкент халықаралық кинофестивалы шеңберинде Нөкис қаласында «Әзербайжан киносы күни» илажы болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар ушын баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда Баку медиа орайының атқарыўшы директоры Орман Алиев, «Әзербайжанфильм»киностудиясының директоры Фариз Ахмадов, сондай-ақ. мәмлекетимизден белгили кинодөретиўшилер қатнасты.

Атап өтилгениндей, 1968-1997-жыллары өткерилген Азия, Африка ҳәм Латын Америкасы халықаралық кинофестивалы Президентимиздиң басламасы менен «Жипек жолы дүрданалары» ХIII Ташкент халықаралық кинофестивалы атамасы менен қайта тикленди.  «Тынышлық, раўажланыў ҳәм ағартыўшылық» сүрени астында өткерилип атырған кинофестивальға сырт еллерден көплеген, соның ишинде кино жулдызлары қатнаспақта.

Мийманлар қайта тикленген кинофестивальдың әҳмийети, онда көрсетилетуғын фильмлер ҳәм алдағы бирге ислесиў режелери бойынша толық мағлыўмат берди.

-Бизди Нөкис қаласында жыллы-жүзлилик пенен күтип алды,-деди Орман Алиев.-Кинофестивальда келешекте биргеликте ислесиў, жас кинодөретиўшилердиң фильмлерин көрсетиў мәселелери нәзерде тутылған.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында әзербайжанлы кинодөретиўшилер тәрепинен сүўретке алынған «Ишки атаў» фильми көрсетилди. Сценарий авторы ҳәм режиссёр Руфат Гасанов тәрепинен сүўретке алынған бул фильмде гроссмейстер Сеймур Тахирбековтың өмири, спорттағы жетискенликлери менен  турмысындағы машақатлы жолы туўралы сөз етиледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF