Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:28:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘР АТАМАДА МӘНИ БАР

Ҳәр бир атаманың яки нақыл-мақалдың өз мәниси ҳәм мақсети болып, ақыл-парасаттан дөреген күтә кең мәниске ийе даналық ой-пикирлер жәм­ленген.

Жақында қатар нураныйлар менен сәўбетлесип отырып, өзиме жумбақ болып жүрген еки сөздиң мәнисин аңлағандай болдым. Оның бириншиси  «Қыран таў» атамасы. Ерте заманларда Әмиўдәрьяның оң ҳәм сол жағалығында дийқаншылық пенен шуғылланатуғын қатар-қатар елатлар жасаған. Сол заманларда оң жағалаўындағы аўыллардың биринде Қыран деген баў кескен уры жасап өткен. Ол тийкарынан аңшылық пенен шуғылланған ҳәм жетисип кеткен байлардың малларын урлаған көринеди. Қолынан да, жолынан да келетуғын бул адам ислеген қылмысынан из қалдырмайтуғын пуқта, сөзге шебер, даўкес болып, оған нақ дәлилсиз гәп айтыўға айбынатуғын бол­ған. Ўақыт өтип, Қыран қартайып, күш-қарыўы кеткен соң тәўбеге келип мусылманшылық жолын  қуўып, сол дөгеректеги диний дәрежеси ең жоқары уламаға суўпы болып, Алланың қулшылығын бәржай етиўди мақсет еткен усайды. Қыран сол айтқан уламаға барып: «Тақсыр, мени суўпылыққа алың, сизге хызмет етемен. Тирилигимде еткен азлы-көпли гүналарымды өтегим келеди» деп жалбарыныпты. Уламаға Қыранның бул гәпи унамапты.

— Жоқ, бул болмайды, - депти улама Қыранға. — Өзиң баў кескен урысаң, талайлардың мал-мүлкин урлап қан қақсатқансаң. Мениңше, Тәңирим сениң қылмысларыңды әпиў ете алмаса керек, деп билемен. Қой Қыран, басқа жумысың болмаса кете бер, саған рухсат, - депти. 

— Солай ма? - депти Қыран.

— Солай! - деген жуўапты еситкен Қыран үндемей есиктен шығып кетипти.

Арадан ўақыт өтиўи менен бир күни аўылда үлкен мереке болып, елдиң жасы үлкенлери қонықта отырғанда Қыран есабын таўып үйдегилердиң барлық аяқ кийимлерин бир қалтаға салып алып кеткен ҳәм ҳешким билмейтуғын жерге жасырады. Мереке тарқағаннан соң қараса ҳәммениң аяқ кийимлери жоқ болып шығады. Барлық жерди излеген менен аяқ кийимлер табылмайды. Жасы үлкенлер буны Қыран ислеген деп шамалайды да үй ийесин Қыранға барып кел, деп жибереди.

— Ол мениң айтқанымды тыңламайды, тыңласа тек анаў улама атамызды тыңлаўы мүмкин, басқа адамды жибериўдиң пайдасы жоқ, - дейди үй ийеси.

Улама илажсыз Қыранның үйине барып, келген жумысын айтады:

— Ҳәмме кийимсиз үйлерине қайта алмай атыр, - дейди улама, — бир ашыўыңды береғой.

Көп гәп-сөзлерден кейин Қыран райдан қайтады.

— Онда бир шәртим бар, жақында бәриңди үйиме шақырып жақсылап күтемен. Кейин сизлер пәтия бересиз, - дейди ол. — Соған келиссеңиз аяқ кийимлериңизди аласыз.

— Мақул, - дейди улама.

— Қонақларды рийза етип күткен Қыран: «Үш күннен бул дүньяны тәрк еткейсең, деп пәтия бересиз, болмаса пәтия керек емес маған» деп турып алады.

Бул гәпти еситкен адамлар: «Ҳаў, ҳаў, ондай да пәтия бола ма? Бул қандай аўҳал болды, буның дени дурыс па?!» десип не айтарын билмей тубалап қалады.

Ақыры Қыранның айт­қаны болады ҳәм ол 3 күннен кейин Алланың аманатын тапсырады. Ҳәдийсеге таң қалған аўыл адамлары бул адамда бир қәсийет, әндийше бар шығар, деп ҳәзирги Қыран таўдағы төбелердиң бирине жерлейди ҳәм бул жерди «Қыран таў» деп атайық деген пикирге келеди. Соннан баслап ол «Қыран таў» деп аталып кеткен екен. Ким биледи, бул бәлким ўақыяның бир варианты шығар...

Есенбай ЕРМАНОВ. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF