Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:01:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕРШИЛИКТИ ДЕ,  ҲУҚЫҚЫН ДА БИЛГЕН МАҚУЛ

А.Т. исмли пуқара Кегейли районы «Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйынында жасайды. Өзи орта мағлыўматлы, диний мағлыўматқа ийе емес.

Ол 2020-жыл ноябрь айынан 2021-жыл 9-март күнине шекем интернет социаллық тармағындағы «Телеграмм» каналы арқалы «Аўылласлар» атамасындағы топарда Н.Қ., О.Р., Ж.Е., Н.П., Б.Б., О.Ж., Р.К., К.Р., Р.А., Г.Н., Е.Қ.исмли пуқараларға намаз оқыўды үйретип, диний шөлкем басқарыўы орайлық уйымының руқсатысыз диний тәлийматтан сабақ берген. А.Т. бул ҳәрекети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жынаят Кодексиниң 241-статьясында нәзерде тутылған жынаятты ислеген.

Олар сол дәўирде нызамға қайшы рәўиште диний мазмундағы материалларды бир-бирине тарқатқанлығы анықланды ҳәм 11 дана қол телефонлары, 30 дана DVD дисклери айғақлы зат ретинде алынды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша шөлкеми тәрепинен 2021-жыл 6-апрельдеги экспертиза жуўмағына бола айғақлы затлар ишиндеги мағлыўматлар рәсмий емес тәризде таярлаў, тарқатыў қадаған етилгенлиги көрсетилген. Сонлықтан, оларға нызам шеңберинде көрсетилген жаза шаралары тайынланды.

Ата-бабадан гәп қалмаған, «тек жүрген тоқ жүреди». Ҳақыйқатын айт­қанда, халқымыздың өз мәжбүриятларын толық билмеўи усындай нызам бузыўшылықларға алып келетуғыны турған гәп. Жазаға гирипдар болған бул шахслар еле жас, келешеги алдында. Бизиң айтарымыз, олар ҳуқықый мәдениятын асырып, өзлериниң нызамлы ҳуқықларын үйренип барса шеп болмайды, демекшимиз.

 

Б.ТӨРЕЕВА. 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF