ТУҚЫМ ПАХТА ЖЕТИСТИРИЎДИҢ АБЗАЛЛЫҚЛАРЫ
Быйылғы жылы туқымгершилик хожалығына айланып, мәмлекетлик сатып алыў баҳасы қымбат, хожалыққа сап пайда келтиретуғын 60 гектарға шигит егип, гектар есабына 23 центнерден 140 тонна пахтасын районда бириншилер қатары тапсырып, жобадан зыят және 50 тонна өним алса, зүрәәтлилик орташа 40 центнерден асады.
Хожалықтың дүзилгенине быйыл жигирма жыл толыў мүнәсибети менен ис жүргизиўшиси Айтбай Нуғманов Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы ҳүрметине көкирек нышаны менен сыйлықланыпты.
— Ҳәзиргидей суўсызлық, басқа да машқалалар жийи-жийи қайталанып турған ўақытлары хожалықларды секторларға бөлип басқарыў өз жемисин берип атыр, - дейди хожалық ис жүргизиўшиси А.Нуғманов.
— Биринши сектор баслығы, район ҳәкими Қ.Халмуратов атызларымызда тез-тез болып, жумысларымызды шөлкемлестириў ҳәм машқалаларды унамлы шешиўде жақыннан жәрдем берди.
Туқым пахта жетистириў ушын жерлерди егиске таярлаўдан баслап агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўде тараў қәнигелери менен жыл даўамында бирге ислестик.
Суўдың там-тарыслығын жапырағы, минерал төгинлери араласпалары менен азықландырыў арқалы жеңип, ғаўашамызды шөллетпей, мол зүрәәт топлаўында Света Төребаева басшылық еткен сексеннен аслам аймағымызда жасаўшы ҳаял-қызлар жәрдем қолларын созды. Өз механизмлерин техникалық жақтан күтип услап, жумыстың бар аўырманлығын өз жуўапкершиликлерине алған механизаторлардан Қоңыратбай Хожабаев, Баҳадыр Ибрагимов, Аман ҳәм Ислам Сабировлар ўақыт пенен санаспастан пидәкерли мийнет етти. Жыйын-терим мапазы басланған биринши күннен ҳәр бири 120-150 килограмман асырып пахта терип жүрген шәпик қоллы теримшилеримизден Барно Жумабаева, Рита Өтегенова, Айтгүл Рахманова, Муҳаббат Төребаеваларға айтар алғысымыз шексиз.
Бүгинги күнде пахта тапсырыўдың жобалы тапсырмасын орынлап шыққанымыз бенен бир мысқалын да қалдырмай жыйнап алыў ушын терим пәтин босастырмадық. Соның менен қатар, азық-аўқатлық, от-жемлик егинлердиң өнимлерин жыйнап алыў жумыслары да иркинишсиз алып барылмақта. Ең баслысы, шарўашылықта пайдалы тараўға айланды. Заманның талабына сай пахта, бийдай, овощ-палыз егинлерин тамшылатып суўғарыўдың жоллары қарастырылмақта. Бийдай егисин сапалы байытып, барлық майданлардан бир тегис нәл алынғаннан соң минерал ҳәм жергиликли төгинлер менен азықландырыў ҳәм суўғарыў жумыслары избе-из алып барылмақта. Келеси жылдың мол зүрәәтине бүгиннен баслап тийкар салынып атыр, - деген хожалықтың ис жүргизиўшиси А.Нуғмановтың сөзи менен иси бир жерден шығатуғынына исенимимиз мол.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.
Қоңырат районы.
СҮЎРЕТТЕ: жыйын-терим алдынғылары Б.Айтмуратов, И.Сабиров ҳәм Ж.Айбасовлар терим мапазында.
Автордың түсирген сүўрети.