Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:23:50, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУЎРЫ ЖОЛ АДАСТЫРМАЙДЫ

«Max Elit Stroy» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы А.А.Ж. Нөкис қаласы 25-киши район турғыны. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги «Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы» Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас қәнигеси А.А.Қ. Нөкис қаласы Телеорай-Теңгели көшесинде жасайды.

Ал, «Көп қабатлы үйлерди ҳәм ыссылық тәмийнаты объектлерин қурыў бойынша инжиниринг компаниясы МУК Қарақалпақстан Республикасы филиалы қәнигеси, ҳәзир Шымбай районы Халық билимлендириў бөлими қәнигеси болып ислейтуғын П.Т.Д. исмли азаматлар жоқары мағлыўматлы, шаңарақлы, перзентлери бар. Олар 2020-жылы қурылыс ҳәм қайта оңлаў жумысларын алып барады.

Судланыўшы А.А.Ж. «Max Elit Stroy» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы лаўазымында ислеп жүрип «Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компа­ниясы» Қарақалпақстан Республикасы филиалы ­ Буйыртпашы ҳәм «Max Elit Stroy»  ЖШЖ ­ бөлип алып ислеўши ортасында Нөкис районы «Ақмаңғыт» АПЖ аймағынан 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў ушын 3.037.415.332 сум муғдарында шәртнама дүзеди. Шәртнама талабы бойынша исленбеген 14.134.698 сумлық қурылыс материалларын, 36.408.600 сумлық үскенелерди, 4.217.722 сумлық кабель сымларын, орынланбаған жумыс ушын 1.356.826 сумлық транспорт қәрежетлерин, исшилер ис ҳақысы ушын деп 19.786.624 сум, қосымша қун салығы ушын 12.341.455 сум ҳәм бөлип алып ислеўшиниң басқа да қәрежетлери ушын 6.371.847 сум, қурылыс ислери бойынша дүзилген форма-2 ҳәм форма-3 есабатлары жойбар-смета ҳүжжетлерине бул ислерди орынланды, деп жалған мағлыўматлар киргизип, улыўма 94.617.822 сумлық пулды өзлестирген.

Және ол 2020-жыл 28-январьда «Көп қабатлы жайларды ҳәм ыссылық тәмийнаты объектлерин қурыў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК ҳәм бөлип алыўшы «Max Elit Stroy»  ЖШЖ менен Нөкис районы, «Дарсан» көшесинде жайласқан 29 ҳәм 30-санлы көп қабатлы турақ жайларды қайта оңлаў жумысларын алып барыў ушын 300.876.100 сумлық бөлип алып ислеў шәртнамасын дүзген. Усы биналардың исленбеген 26.925.644 сумлық қурылыс материалларын, 5.166.081 сумлық ис ҳақы ҳәм бас­қа да улыўма 39.397.300 сум қаржыны қәлбеки мағлыўматлар арқалы талан-тараж еткенликте айыпланған.

Суд мәжилисинде пуқаралық даўагер Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң «Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компа­ниясы» Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳуқық мәс­ләҳәтшиси С.Сапарбаевтың көрсетпеси бойынша кемшиликлер толық сапластырылғанын, судланыўшыларға даўасы жоқлығын билдирди. Сондай-ақ, суд мәжилисинде гүўалар Р.Авезов, П.Аллияров, Т.Тайров, Р.Карамов, А.Даўекеев, П.Темирбаевлардың берген көрсетпелери, ис ҳүжжетлери ҳәм суд мәжилисинде анықланған жағдайларға бола судланыўшылар А.А.Ж., А.А.Қ. ҳәм П.Т.Д.лардың алдыннан жынаятлы реже дүзип, өзгениң мүлкин қолға киргизиў бо­йынша келисиў яки мәп көриў мақсетинде ҳүжжетлерди қәлбекилестириўге тил бириктиргенлигин тастыйықлаўшы дәлиллер анықланбады.

Сондай-ақ, қурылыс жумысларының жойбар-смета ҳүжжетлери басшылар тәрепинен бир неше мәрте өзгертилгени, орынланбаған ислер бойынша қурылыс материаллары складта тур­ғаны, артықша исленген жумыслар есапқа алынбағаны анықланды ҳәм судланыўшылардың ҳәрекетлеринен «бир топар шахс­лар менен алдыннан тил бириктирип» квалификация белгисин шығарып таслаўды лазым тапты.

Ис ҳүжжетлери ҳәм суд мәжилисинде анықланған жағдай­ларға бола судланыўшылардың алдыннан жынаятлы реже дүзип, өзгениң мүлкин қолға киргизиў бо­йынша келисип, материаллық мәп көриў мақсетинде ҳүжжетлерди қәлбекилестириўге алдыннан тил бириктиргенлигин тастыйықлаўшы дәлиллер анықланбады. Лекин, олар айырым жынаятлы ҳәрекетлерине ықрар болды. Сонлықтан,  судланыўшылардың шаңарақлы, перзент­лери бар екенлигин ҳәм алдын судланбағанлықлары есапқа алынып, нызам шеңберинде жаза тайынланды.

Ислеген айыбың, әлбетте, жазасыз қалмайды. Лекин, жуўмақ шығарыў ҳәр бир инсанның өзине байланыслы.

Б.ТӨРЕЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF