Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:05:36, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАНКҮЙЕР ҲӘМ ПИДАЙЫ УСТАЗ

Мәмлекетимиз тәрепинен илим-пән тараўында алып барылып атырған ақыллы сиясатының үгит-нәсиятлаўшысы ҳәм елимизде илим-пәнниң раўажланыўына пидайылық пенен хызмет етип атырған илимпазлардан бири Шәрибай Туремуратов болып табылады. Ш.Туремуратов республикамызда жергиликли минерал шийки затларды үйрениў ҳәм олар тийкарында байланыстырыўшы қурылыс материалларын алыў бойынша жетик қәниге.

Оның тийкарғы илимий бағдары коллоид ҳәм мембрана химиясының бир тараўы болған дисперс системаларының гидратлы структурасын үйрениў болып есапланады.

Ш.Туремуратов тәрепинен СаSО42О системасында қатыў структуралары элементлерине СаSО2-2Н2О ны қыздырыў режими ҳәм қосылмалар тә­бияты тәсирлери үйренилип, гидратлы структураларды минерал микротолтырыўшылар жәрдеминде басқарыў усылларының илимий тийкарлары жаратылды. Фундаменталь изертлеўлер менен бир қатарда әмелий әҳми­йетке ийе болған байланыстырыўшы элементлердиң химия технологиясы үстинде илимий ислер алып бармақта.

Ол, тәрепинен жергиликли минерал ҳәм шийки затлар тийкарында үстирт селенит минералынан гипс байланыстырыўшысын, Акбурли ҳәм Порлытаў мергеллеринен известли-белит байланыстырыўшыларын алыў технологиялары ислеп шығылған ҳәм илимий тийкарланған. Алынған байланыстырыўшылар тийкарында қурылыс гипси, эхстрик гипс, силикат гербиш ҳәм силикат материалларын алыў ҳәм әмелде ислетиў технологиялары ислеп шығылып, өндириске пайдаланыўға енгизилген. Алынған материаллардың өзине түсетуғын баҳасы 25-35 процентке кемейттирилди.

Илимпаз басшылығында силикат ҳәм байланыстырыўшы материалларды завод шараятында тәжирийбе-сынаў партиясы шығарылып, 10  тәжирийбе-сынаў АКТ-лери алынған. Оның  Америкада 2, Австрияда 3, Норвегияда 2, Россияда 6, ҒМДА республикаларында 10, оқыў қолланбалары 4, монография 2, жәми 130 дан артық илимий мийнетлери ҳәм «Ҳәкли-белитли байланыстырыўшы системаларды алыныўы ҳәм структура пайда етиў процесслерин басқарыўдың  физика-химиялық тийкарлары» атамасында монографиясы баспадан шықты.

Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақ тәбийғый илимлери илимий-изертлеў институтында «02.00.11-Коллоид ҳәм мембрана химиясы» қәнигелиги бойынша докторантура шөлкемлестирилди ҳәм техника илимлери бойынша 3 ҳәм химия илимлери бойынша 1, жәми 4 илим кандидатлары таярланды ҳәм де ҳәзирги ўақытта 2  илим докторы (DSc) ҳәм 2 философия докторы (РhD) диссертация жумыслардың илимий басшысы.  Институттың илимий хаткери болып ислеген дәўиринде аспирантура бөлимине басшылық етип, көплеген жасларды илимге тартып, жоқары қәнигели илимий кадрлар етип тәрбиялаўда мийнетлери үлкен.

Ш.Туремуратов Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм технологияларды раўажландырыўды муўапықластырыў орайының 4  фундаменталлық, 4  илимий-техникалық, 2  инновациялық ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының 1 грант проектлерине басшылық етип, сапалы орынланыўын тәмийинлеген.

Ол Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2017-2020-жылларға бағдарланған ФА-Ф-7-001 «Қарақалпақстан карбонат минералларды пайдаланыў тийкарында байланыстырыўшы системаларды алыўдың илимий тийкарларын жаратыў ҳәм физикалық-химиялық элементлерин изертлеў» темасындағы фундаменталь проектине басшылық етип, ҳәкли-белитли байланыстырыўшы системаларды алыныў ҳәм гидратлы структура пайда етиў процесслерин басқарыўдың физика-химиялық ҳәм илимий тийкарларын жаратты.

Жоқары оқыў орынлары студентлериниң 50 ден артық бакалавр ҳәм 5 магистр питкериў илимий жумысларына басшылық еткен. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физ-коллоид химия кафедрасында 1994- жылдан берли (0,5 муғдарда) қоса ислеў тийкарында студентлерге арнаўлы курслардан лекциялар оқып, кадрлар таярлаў миллий бағдарламасының орынланыўына өзиниң үлесин қоспақта. Кафедраның илимий семинарында раўажланған мәмлекетлердеги химия­лық технология ҳәм қурылыс технологиялары тийкарлары менен таныстырып келмекте, кафедраның илимий бағдарларын ислеп шығыўда басшылық етти. Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химия технологиясы ҳәм санаат технологиясы факультетиниң Илимий семинар ағзасы.

Ол, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясының, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәреже бериўши РhD.03/30.12.2019.Т.20.03-санлы Илимий кеңестиң Илимий семинар баслығы сыпатында 02.00.13-Органикалық емес материаллар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы қәнигелиги бойынша, техника илимлери (РhD) философия докторы илимий дәрежесине ийе болған жоқары қәнигели кадрларды таярлаўда актив қатнаспақта.

Ш.Н. Туремуратов Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң «Хабаршы» журналының редколлегия ағзасы. Ол институттың Илимий кеңеси қасында бәрқулла искерлик жүргизетуғын «Химия ҳәм химиялық технологиялар» бағдары бойынша илимий қәнигелестирилген семинарды шөл­кемлестирген ҳәм семинардың баслығы «Қарақалпақстан Республикасы минерал шийки зат ресурслары, транспорт инфраструктурасы ҳәм ислеп шығарыў» атамасында Республика көлеминдеги илимий қәнигелескен семинар ағзасы ҳәм қәниге сыпатында айрықша орны бар.

Ол ҳәр жылы «Жас илимпазлар» шөлкеми шөлкемлестиретуғын жас жаңалық ашыўшылар басламасы идея­ларын баҳалаў топары ағзасы сыпатында ҳәм 2014-2019-жыллары Инновациялық идеялар, технологиялар ҳәм жойбарлардың республикалық ярмаркаларында актив қатнасқан, ярмаркада «Гипс байланыстырыўшыларды алыўдың ресурс үнемлеў технологиясы» «Жергиликли минерал шийки затлар тийкарында силикат гербиш алыў технологиясы» инновациялық идеясы «Сертификат» пенен сыйлықланған.

Оның «Гипсли, ҳәкли ҳәм ҳәкли-белитли дисперс байланыстырыўшыларын алыныў ҳәм гидратлы структура пайда болыў процесслерин минерал микротолтырыўшылар менен басқарыўдың коллоид-химиялық тийкарлары» темасындағы докторлық жумысы 2019-жылы 22-октябрьде Илимлер Академиясының Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты жанындағы Илимий кеңесте, кеңес ағзалары тәрепинен жоқары илмий әҳмийетке ийе деп баҳаланды ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация комиссиясы тәрепинен 2019-жылы 10-декабрьде тастыйықланды.

2011-жылы «Қарақалпақ фольклоры»ның (100 томлығының) баспадан шығарыўға қәўендерлик жәрдемлерин көрсетти. Ол, буннан тысқары қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы завод ҳәм кәрханаларда ислеп шығарыўда жоқары нәтийжели инновациялық технологияларды жаратыўда ҳәм Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Тақыятас районларында 3 киши кәрханаға ислеп шығарыўды шөлкемлестириўде бийғәрез жәрдем көрсетип, Республика экономикасының жетилисиўине өз үлесин қосты.

Ш.Н.Туремуратовтың  «Ҳәк ҳәм бархан қумлары тийкарында силикат гербиш алыў технологиясы» исленбеси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-июльдеги ПҚ-3855-санлы «Илимий ҳәм илимий-техникалық искерлик нәтийжелерин коммерция­ластырыў нәтийжелигин арттырыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының «Жол картасы»на киргизилгенлигине байланыслы, 2019-жылы Нөкис қаласында «Силикат бархан» ЖШЖ силикат гербиш ислеп шығарыўшы завод қурылысы басланып, жылына 7,5 млн. дана силикат гербиш ислеп шығаратуғын заводтың иске түсиўи, ғәрезсизлигимиздиң 30 жылға толыў жылы 2021-жылдың екинши ярымында күтилмекте.

Илим-изертлеў институтының илимий хаткери, илимий ислер бойынша орынбасары ҳәм Бас илимий хаткер болып ислеген дәўиринде жоқары қәнигели илимий дәрежели кадрларды таярлаўға үлкен әҳмийет қаратты ҳәм перспективалы, билимли, саўатлы жасларды таңлап, аспирантура ҳәм докторантураларда оқыўында басшылық етип, 30дан аслам илим кандидаты, 20дан аслам РhD философия докторы ҳәм 10 илим докторларын таярланыўында жанкүйерлик көрсетип пидайылық пенен хызмет етти.

Жоқары оқыў орнынан кейинги тәлимди әмелге асырыўда, Илимлер Академиясының Илимий изертлеў институтлары, ӨзР Жоқары оқыў орынлары ҳәм шет ел илимий орайлар (Америка, Россия, Белоруссия) менен биргеликте мақсетли аспирантура ҳәм докторантура ҳәм қысқа мүддетли (2-5 ай) стажировкаларға талантлы жасларды қабыл етип, республикамыз илими ушын керекли болған  илимпаз жасларды таярлаўға муўапық болды.

2016-жылдан Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм халық қабыллаўханасының ИА ҚҚ бөлими бойынша жуўапкери болып, Арал проблемаларына байланыслы 10, экология проблемаларына байланыслы 7, илим-пәнге байланыслы 6, интеллектуал мүлкке байланыслы 8 ҳәм ислеп шығарыўға байланыслы 8, халық мүрәжатларына өз ўақтында жуўаплар алыўына, айырымлары орынларда қәнигелер менен биргеликте ушырасыўлар өткерилип, унамлы шешим табыўына өз үлесин қосты. Ол ӨзР Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Президент ҳәм ӨзР Министрлер Кабинетиниң халық мүрәжатлары қабыллаўханасы тап­сыр­маларының орынланыўының тәми­йинлениўине тиккелей басшылық етти. 

Жәмийетлик жумыслардағы басламасы ҳәм жанкүйерлиги менен кәсиплеслери арасында мүнәсип абырай-итибарға ҳәм ҳүрметке ийе. Илим жолындағы пидайы мийнетлери есапқа алынып, 2008-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды. Үлгили шаңарақ ийеси, 4 ул-қыз ҳәм 8 ақлықтың атасы.

Жуўмақлап айтқанда, химия илимлериниң докторы Шәрибай Туремуратов Республикамыздың илим-билим тараўында тынымсыз хызмет етип киятырғын ҳәм республикамызда бар болған минерал шийки затларды өндириске енгизиўдиң илимий тийкарларын ислеп шығыў арқалы, мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына өз үлесин қосып киятырған пидайы инсанлардан бири.

 

М.Ниязимбетов,      

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан

бөлими жетекши илимий хызметкери, философия илимлериниң докторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF