НУРАНЫЙ УСТАЗДЫҢ СЫЙЛЫ САЎҒАСЫ
Пүткил өмириниң көпшилик бөлегин билимлендириў тараўына бағышлаған нураный устаз, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы Дүйсенбай Нурыллаев ҳүрметли демалыста болыўына қарамастан, келешек әўлад ийелерине билим нурларын тарқатыўдан еле жалыққан емес. Ақмаңғытлы нураный устаз өзиниң жеке үй китапханасындағы бийбаҳа китапларын мектеп китапханаларына бийпул саўға етиўди үрдиске айландырған.
Жақында ол Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң китапханасына А.Пушкинниң өмири ҳәм дөретиўшилигин сәўлелендиретуғын тарийхый қунлы мағлыўматларға бай фотоальбомларын, сондай-ақ, рус әдебиятының классик шайыр ҳәм жазыўшыларының китапларын саўға ретинде тапсырды.
Негизинде, буннан алдын ол 2019-жылы 9-май — «Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни» мүнәсибети менен 1994-жылы «Қарақалпақстан» баспасында жарық көрген 1941-1945-жыллардағы екинши жер жүзилик урыста қурбан болған ҳәм дерексиз кеткен қарақалпақстанлы жаўынгерлер ҳаққындағы «Естелик» китабын, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Т.Қайыпбергеновтың «Дочь Каракалпакии», А.Дабыловтың «Баҳадыр» дәстаны ҳәм тағы басқа китапларын Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайына саўға еткен еди.
Д.Нурыллаев көплеген жас әўлад ийелерине билим сырларын үйретип, өмирге қанатларын қатайтып, ушырма еткен әдиўли устаз.
— Ҳәр жылы 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни — улыўмахалықлық байрам күни бир жасарып қаламан. Бул күнди арнаўлы байрамлаў муғаллимлер ҳәм устазларға көрсетилген шексиз ҳүрмет деп билемен. Сонлықтан да, жыллар бойы жыйнаған китапларымды оқыўшыларға саўға етиўди кеўлиме түйип қойғанман. Адамның ең садық досты саналған китапқа оқыўшылар меҳир қойса, ақыллы, билимли болып камалға жетиўине исенимим кәмил, - дейди Д.Нурыллаев.
Қ.РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: нураный устаз
Д.Нурыллаев.