МОТИВАЦИЯЛЫҚ СЕМИНАР-ТРЕНИНГ
Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Хожели районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубында «Жаслар дәптери»не киргизилген №10-В топарда жеңилликли оқып атырған жаслар ушын «Исбилерменлик тараўында жетискенликлерге ерисиў» атамасында семинар-тренинг өткерилди.
Оған районда 3 жылдан берли исбилерменлик пенен шуғылланып атырған жас исбилермен Муҳаммед Жолдасов қатнасып, жасларға исбилерменликтиң сырлары ҳәм оннан қалайынша дәрамат табыў жоллары ҳаққында кең түрде айтып берди. Оның атап өтиўинше, ол банктен 300 миллион сум муғдарында кредит алып, мебель ислеп шығарыў цехын ашқан. Бүгинги күнде өз исбилерменлиги арқасында алты жасты жумыс пенен тәмийинлеп, жеке бизнеси артынан өзиниң гөзлеген дәраматына ерисип атыр. Мебель ислеп шығарыў цехы бүгинги күнде ишки базарымызды сапалы өнимлер менен тәмийинлеп келмекте. Жас исбилермен келешекте өзиниң мебель ислеп шығарыў цехында ислеп шығарып атырған өнимлерин сырт еллерге экспорт етиў режеси бар екени ҳаққында да айтып өтти. Жас исбилермен М.Жолдасов семинар-тренингте жасларға исбилерменликти баслаўы ушын мотивация бере алды. Семинар-тренинг жүдә қызғын түрде ҳәм сораў-жуўаплар менен өтти.
Муқаддас АМИНОВА,
«Ватанпарвар» шөлкеминиң Хожели районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубының бас қәнигеси.
СҮЎРЕТТЕ: семинар-тренингтен көринис.