Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:31:48, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ МИЙРАСЛАРДЫ НӘТИЙЖЕЛИ ОҚЫТЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Елбасшымыз Ш.Мирзиёев қарақалпақ әдебияты ҳәм мәде­нияты ҳаққында «Бақсы-жыраўшылық — қарақалпақлардың уллы дәстүри. Оны раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратамыз» деп билдирген еди.

Усыған бола ҳәм 2021-жыл 10-апрельдеги «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен Нөкис қаласында фестивальдың өткерилиўи Президентимиздиң халқымыз миллий мәдениятына болған жоқары ҳүрмети екенин дәлиллейди.

Жыраўшылық тек қарақалпақ халқында сап, таза ҳалында сақланғанлығын фестивальға қатнасқан дүнья жүзи илимпазлары да мойынлайды. Республикамызда өткерилген усындай әҳмийетли фестивальдан руўхый күш алған жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар арасында илимий-теориялық әнжуманлар шөлкемлестирилип атыр.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик пединституты Қарақалпақ әдебияты кафедрасы, «Зийўар» әдебий дөгерегиниң шөлкемлестириўинде 23-24-сентябрь күнлери «Филология ҳәм оны оқытыў тараўларындағы фундаменталь ҳәм инновациялық изертлеўлер» темасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияның ашылыў салтанатында Қарақалпақ тили кафедрасы баслығы Е.Алланазаров, илимпазлар М.Бекбергенова, С.Бәўетдинова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, конференция жумысына табыслар тиледи. Соң пединституттың Қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов «Мәңгилестириўге тийисли муқаддес мийраслар: тарийхы, ҳәзирги жағдайы, келешек тәғдири» атамасында баянат жасап: «Қарақалпақ жыраўшылық өнерин ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийраслар дизимине киргизиўимиз керек. Бул өнер түриниң сап үлгиси тек бизиң халықта ғана сақланып қалғанлығын дәлиллеп отырыўдың ҳеш қандай қәжети жоқ» деп атап өтти. Буннан соң филология илимлериниң докторы К.Палымбетов «Қарақалпақ жыраўыF устаз-шәкирт дәстүри» темасында баянат жасады. Студент жаслар жыраўшылыққа байланыслы өзлерин қызықтырған сораў­ларға жуўаплар алды.

Конференцияның екинши күни секция мәжилиси жумысы менен даўам етти.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF