«ИНСАН ҚӘДИРИ УШЫН»
22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәжилислер залында Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасындағы исенимли ўәкили Абатбай Данияровтың қатнасыўында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен брифинг болып өтти.
Илажда А.Данияров Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстанда 2016-жылдың декабрь айынан ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымында ислеген дәўиринде атқарған жумыслары ҳаққында айтып өтти. Атап айтқанда, оның концептуаллық идеялары тийкарында ислеп шығылған Өзбекстанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде шексиз өзгерислер әмелге асырылды. Сол дәўирде 300ге шамалас нызам, 4 мыңнан аслам Президент пәрманлары менен қарарлары қабыл етилди. Ш.М.Мирзиёевтиң ис-ҳәрекетлери менен «Мәмлекет қәдири ушын» деген халықшыл идея тийкарында мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжели ҳәм турақлы системасы жаратылды. Мәмлекетлик уйымлардың халыққа тиккелей хызмет етиўи тийкарғы принцип етип белгиленгени нәтийжесинде халықтың бәнтлиги артты, илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўлары түп-тийкарынан реформаланды, кексе әўлад ўәкиллери, ҳаял-қызлар менен жасларға итибар ҳәм ғамқорлық жаңа басқышқа көтерилгени ҳаққында кең түрде айтып өтти. Усы болып өтетуғын сайлаўға талабанның сайлаўалды бағдарламасын кең жәмийетшиликке анық фактлер менен жеткериўде журналистлердиң орны айрықша екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, илажда партияның сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырыў мақсетинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында кең жәмийетшилик пенен де ушырасыўлар өткериў белгиленгенлигин мәлим етти.
Ҳақыйқатында да, Журтбасшымыздың «Инсан қәдири ушын» ураны халқымызда үлкен исеним оятты. Елимизге сапары ўақтында Жаңа Өзбекстан қурамында жаңа Қарақалпақстанды қурыў бес басламасы пүткил қарақалпақстанлылар турмысында түпкиликли өзгерислерге тийкар болыўы ҳәм оның ушын барлық аймақларда сайлаўшылардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаған ҳалда 5 жыллық стратегия әмелге асырылыўын айрықша атап өтти.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.