Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:49:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ НӘТИЙЖЕЛИ ЖУМЫСЛАР ҲӘМ ШЕШИМЛЕР

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты  қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларды, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айт­қанда, жыл басынан бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасында турмысы аўыр 310 ҳаял-қызға медициналық жәрдем бериў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде  исбилерменликти жолға қойыўда жол-жоба көрсетилип атыр. Сондай-ақ, 210 ҳаял-қызға реабилитация үскенелери берилди.

Жақында министрликте «Халықтың машқалаларын анықлаў  ҳәм оларды сапластырыўда  социаллық бағдарлама («Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери) лар ҳәм «Мәҳәлле кесиминде» ислесиў  системасының  әҳмийети   атамасында өткерилген  баспасөз конференциясына   Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов, Қарақалпақстан  Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм тараў хызметкерлери,  ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер   қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты  қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов бас­қарып барды.

Онда Р.Маматов сөзге шығып, министрлик тәрепинен қысқа дәўир ишинде  алып барылған жумыслар ҳаққында кең түрде   айтып өтти. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған  «Мәҳәлле кесиминде» ҳәм «Пуқара кесиминде» жумыс   усыллары халықтың мүрәжатлары ҳәм жәмийеттеги көплеген  маш­қалаларды сапластырыўда ең нәтийжели жол екенин дәўирдиң өзи көрсетпекте. Ең әҳмийетли мәселелердиң бири сыпатында  халықты социаллық қорғаў, қыйын жағдайларда пуқаралардың социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған жумыс механизмлери — «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери» турмысқа енгизилди. Министр Р.Маматов «Темир дәптер» ар­қалы көрсетилген жәрдемлерди  анық фактлер менен айтып өтти.   Өзбекстан  бойынша «Темир дәптер» системасы енгизилгеннен кейин, бүгинги күнге шекем 599529 шаңарақ дизимге алынған еди. Олардың  машқалаларының сапластырылыўы  нәтийжесинде 564612 шаңарақ    «Темир дәптер»ден шығарылды. Ҳәзирги ўақытта  «Темир дәптер»ге киргизилген 34917 шаңараққа зәрүр жәрдемлер көрсетилмекте.  «Темир дәптер»деги шаңарақлардың 665 930 ағзасының бәнтлиги тәмийинленген. Тийкарынан шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў арқалы 25611и, өнерментшиликти жолға қойыў арқалы 6844и, айлық төленетуғын жәми­йетлик жумысларына 51998, өзин-өзи бәнт етиў жөнелислерине 319 831 пуқаралар тартылған. Аўыллық жерлерде жасап атыр­ған жумыссыз пуқаралар бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы  өнимлерин жетистириў тилегин билдирген 1 318 037 пуқараларға  ғәлледен босаған 389025 гектар, сондай-ақ, темир дәптерге киргизилген 162 390 шаңарақларға 63 236,7 гектар жер майданлары ажыратылып берилгенлигин айтып өтти.

— Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-апрельдеги қарары  тийкарында Қарақалпақстан  Республикасында турақ жайға мүтәж, аўыр шараятта  жасап атырған ҳәм  майыплығы бол­ған 132 ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетлик мақсетли қоры тәрепинен 2 миллиард 224 миллион 106 мың 366 сум басланғыш төлем қаржылары төлеп берилди, - дейди Қарақалпақстан Республикасы  Мәҳәлле  ҳәм шаңарақты  қоллап-қуўатлаў  минис­триниң биринши  орынбасары М.Ахмедова. — Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасында жәми «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың 26674 (соннан 1-басқышта 24228, 2-басқышта 2446) халық депутатлары районлық (қалалық) кеңеслери қарарлары тийкарында «Ҳаяллар дәптери»нен шығарылды. Сондай-ақ, өзгелер жәрдемине мүтәж 1472 жалғыз  жасаўшы кекселеримизге ҳәр қыйлы жәрдемлер, азық-аўқатлар,  дәри-дәрмақлар  берилди...

Баспасөз  конференциясы  қатнасыўшылары министрлерден «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақларға жәрдем көрсетиў  ўақтында ушырасып атырған машқалалар бойынша пикир-усынысларын билдирип,  өзлерин қызықтырған   сораў­ларға жуўаплар  алды.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF