Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:21:26, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ӘСКЕРИЙ ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК РУЎХЫНДА ТӘРБИЯЛАЎ ­ БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА

Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Ел­лик­қала районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы өз жумысын «Ватанпарвар» шөлкеминиң Уставы, мақсет ҳәм ўазыйпалары шеңберинде «В», «ВС» категориялы айдаўшыларды таярлаў бағдарында унамлы нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Быйылғы жылда жәми 224 «В», «ВС» категориялы айдаўшылар таярланды. Тағы да 5 топарда 120 айдаўшылыққа талабанларға оқыў-шынығыўлары даўам еттирилмекте.

Усы жыл 13-апрель күни Президентимиз басшылығында жаслар сия­сатына байланыслы ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған видеоселекторда ең әҳмийетли ўазыйпа, әўели жаслардың бәнтлигин тәми­йинлеў, олардың ылайықлы дәрамат табыўы ушын шараятлар жаратып бериў кереклиги айтыл­ған еди. Усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда «Ватанпарвар» шөлкеминиң Елликқала районындағы «Жаслар дәптери»не дизимге киргизилген 31 жасты «В» катего­риясы бойынша оқытыў усы жылдың 1-май сәнесинде, 20 жас­ты июнь айын­да, 19 айдаўшылыққа талабан жаслар ушын июль айынан басланды. Август айында «Жаслар дәптери»не киргизилген 71 жас айдаўшылық курсларында оқып, билим алды. Бүгинги күнде оқыў орнымызда 4 жоқары категориялы оқытыўшы ҳәм тәжирийбели тренерлер оларға бириктирилген 15тен аслам жүк ҳәм жеңил автомобильлер, сондай-ақ, ең заманагөй оқыў ҳәм шынығыў техникалары жәрдеминде оқыўшыларға билим бермекте. Соның менен биргеликте, оқыў ҳәм спорт-техника клубымызда жаслар ушын спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлеринен: пневматикалық мылтық ҳәм пистолеттен оқ атыў, ракета модель ҳәм «Жазғы биатлон» бо­йынша да дөгереклер жумыс алып бармақта. Дөгереклерге 43 оқыўшы тартылған. «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардан: И.Нурымбетова, Б.Са­йыпова «Оқ атыў» спорт түри бо­йынша Беруний районында болып өткен Қарақалпақстан Республикасы бириншилигинде екинши орынды ийелеп, шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен II дәрежели диплом, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Буннан тысқары, оқыў орнымызда айрықша реже тийкарында семинар-тренинг ҳәм ушырасыўлар да турақлы түрде өткерилип келинбекте. Жасларымызға сабақлар ең соңғы мәлимлеме технологиялары ҳәм оқыў қураллары менен үскенеленген оқыў ханаларында өтилмекте. Олар оқыў орнымызда жаратылған барлық шараятлардан үнемли пайдаланбақта.

«Ватанпарвар» шөлкеминиң Елликқала районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы хызметкерлери халқымыздың турмыстан өз орнын таўып, жас әўлад санасында ана-Ўатан­ға садықлық, меҳир-муҳаббат сезимлерин қәлиплестириўде, жасларды келешегимизге кәмил инсан, елимиздиң раўажланыўы ушын пидайы ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жолында нәтийжели жумыс алып барып, жүклетилген ўазыйпаларды инабат пенен атқарып, аянбай хызмет ете береди.

А.ДЖУМАНИЯЗОВА,

«Ватанпарвар» шөлкеми Елликқала районы оқыў ҳәм спорт-техника клубы баслығының әскерий ўатансүйиўшилик ҳәм жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары.

СҮЎРЕТТЕ: Елликқала ра­йонлық оқыў ҳәм спорт-техника клубының жумысы барысынан көринис.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF