Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:31:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫҚЛАСЛЫ, ҲАДАЛ  МИЙНЕТКЕ ПИТКЕН «АҚ АЛТЫН»

Жыл басында көп тармақлы «Сәрдар-Сары алтын» фермер хожалығы есабынан Даниал Садуллаев басшылығында пахта, салы, жоңышқа туқымларын жетистириўге қәнигелестирилген «Айыс-Жайхун» туқымгершилик, ислеп шығарыў кооперативи дүзилген еди.

Мийзанның ыссысында ҳәр түптеги орташа 65-70 тен аслам болық ғореклери шағырая ашылған, бир-бирине тутасып кеткен пахтазарлық көздиң жаўын алады.

— Өнимдарлы, ярым әсирден берли жергиликли шараятқа бейимлескен «С-4727» сорты элитасынан туқым пахтаның шигитин жетистириўдиң өзине тән қы­йыншылықлары, машқалалары бар. Жыл даўамында Аўыл хожалығы министрлигиниң туқымгершилик бөлими қәнигелери менен тығыз ислесип, агротехникалық қәделерге сай мийнет еткенликтен республикамызда бириншилер қатары гектар есабына 5l центнерден 65 тонна туқым пахта жетистириў жобасын орынлап шықтық.

Егислик жерлеримиз гүзги-қысқы суў менен қандырып суўғарылды. Сүрип-тегислеў жумысларын муқыят жүргиздик. Апрель айында шигит егисин байытып, барлық майданлардан толық, бир тегис нәл алынды. Ғаўашаны сийреклетиў, жабайы шөплерден тазалаў жумыслары қысқа мүддетлерде орынланып, зыянкеслерге қарсы биоусылда ислеў берилди. Қатар араларына азықлы-азықсыз сегиз рет сапалы культивацияланды. Жапырағы арқалы суспензиялаў, тамшылатып суў­ғарыўды еки жылдан берли жолға қойғанымыз себепли мол өним топлаўға еристик, - дейди кооператив баслығы Даниал Садуллаев.

— Табанлы мийнетлери менен көзге түсип, егис, агротехникалық тәрбия жумыслары менен жыйын-терим мапазында пахтаны қабыллаў пунктлерине тасып жеткериўде механизаторлардан А.Магарипов, А.Артықбаев, сондай-ақ, жыйын-теримге Замира Исмайылова жетекшилик ететуғын 100ден зыят, тийкарынан аўыл турғынларынан қуралған ылғаллы топар ағзаларына алғыслар айтсаң арзыйды. Азанда ерте келип, кеш қайтыўға әдетленгенликтен күнине 100 килограммнан асырып пахта терип атырған шәпик қоллы теримшилерден Ж.Қәллибекова, С.Омарова, Ә.Артықбаев, Д.Реймова, А.Қаржаўбаева, Ж.Жуманиязова, А.Бекниязовалар басқаларға өрнек. Теримшилерге атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, мийнет ҳақыларының өз ўақтында берилиўи ис өнимдарлығын арттырмақта.  

Жетистирген қымбат баҳалы 64 тонналық туқым пахтамыздан 45-50 тонна туқым шигит алынса, ҳәр тоннасын 11 млн. 400 мың сумға сататуғын болсақ, туқымгершиликтиң есабынан 500 млн. сум сап пайда алыў күтилмекте.

Сондай-ақ, «Сәрдар-Сары алтын» хожалығында мийнет ететуғын 121 адамның 38и турақлы, қалғанлары мәўсимлик жумысшылар саналады. Хожалық ағзалары шигит сепкен 60 гектар жеринен шәртнама бойынша 40 центнерден 240 тонналық режесин жақын күнлерде орынлап, жобадан зыят l60 тонналық шекти ийелеў ушын жыйын-теримге айрықша пәт ендирмекте.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

СҮЎРЕТТЕ: хожалықтың ис жүргизиўшиси Ш.Садуллаев (ортада) шәпик қоллы теримшилер арасында.

Автордың түсирген сүўрети.    

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF