Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:26:43, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УСТАЗЛАР ЖОЛЫ МЕНЕН

1974-жылы Т.Шевченко атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетине оқыўға киргенимизде кеўлимиз көкке жетип, қуўанышымыздың шеги болмады.

Сол ўақытлары факультет деканы, марҳум устазлар Ж.Қутлымуратов ҳәм деканның оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Цойлар еди. Оқыў процесинде устазлар О.Сапарниязов алгебрадан, О.Жие­муратов математикалық анализден, Қ.Қалжанов итималлық теориясынан, А.Отаров есаплаў математикасынан, Ҳ.Алламбергенов математикалық логикадан ҳ.т.б. устазлар ти­йисли сабақлардан тыянақлы билимлер берип, бизлерге илим сырларын үйретип барды. Сол ўақытлары республикамыздың биринши басшысы, мийнет қаҳарманы, ҳүрметли нураный ақсақалымыз Қ.Камалов интитутты университетке айландырыў бойынша көп жумыслар алып барған еди. Қ.Камаловтың «Ел хызметинде» атлы мийнетинде көрсетип өткениндей, Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық инс­титутын университетке айландырыў мәселесинде республиканың көплеген басшылары «Сизде университет ашыў мүмкиншилиги жоқ, оқыўшылар оқыйтуғын имаратыңыз жоқ», деген сылтаўлар менен қарсы болған. Бирақ, Қ.Камалов: «керек болса Қарақалпақстан Автономиялы Республикасы Компартиясының отырған имаратын беремиз», деп бул қарсылықтың алдын алып, Қарақалпақстанда биринши мәрте университет ашыў бахтына ерискен. Солай етип, жаңадан ашылатуғын университет имаратының қурылысы ҳәзирги университет орнында басланды. Бизлер де көплеген студент-жаслар менен биргеликте усы университеттиң жаңа имаратының қурылысына өз үлесимизди қостық. Қурылыс жумыслары күни-түни алып барылды, ҳәтте, түнги саат 3-4лерде қурылыс даўам етип атырғанда тиккелей Қ.Камаловтың өзи келип, қурылыстың барысын көрип жүргени есимизден еле шықпайды. Мине, ел басшымыздың усындай мийнетлери менен 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты базасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шөлкем­лес­тирилди ҳәм биз студентлер усы университеттиң ең дәслепки қарлығыш студентлери болыў бахтына ийе болдық.

Университеттиң ашылыўы менен математика факультети өз алдына бөлинип шықты ҳәм факультет қурамында усы 1976-жылдың өзинде-ақ жаңадан «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди. Сол 1976-1977-оқыў жылында кафедрада барлығы болып 6 профессор-оқытыўшы жумыс иследи. Олардан физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент (соңынан профессор) А.Отаров кафедра баслығы, экономика илимлериниң кандидаты А.Матекеев (соңынан экономика илимлериниң докторы), Н.Примбетов, С.Пирназаров (физика-математика илимлериниң кандидатлары, доцентлер), Қ.Бекназарова (оқытыўшы). Кафедраны 1976-1987-жыллары ҳәм 1991-2000-жыллары профессор А.Отаров, 1987-1991-жыллары доцент С.Пирназаров, 2001-2005-жыллары доцент Н.Утеўлиев, 2005-2007-жыллары физика-математика илимлериниң кандидаты А.Турениязова, 2007-2009-жыллары доцент Ж.Алланазаров, 2009-2014-жыллары техника илимлериниң кандидаты Ш.Ешмуратов, ал, 2015-2019-жыллары  доцент М.Бердимуратов басқарды. 

Университет Илимий кеңесиниң шешими менен «Есаплаў математикасы» кафедрасы ҳәр жыллары, мәселен, 1998-жылы «Әмелий математика ҳәм информатика», 2015-жылы «Әмелий математика», ал, 2020-жылы «Әмелий математика ҳәм информатика» аты менен қайта шөлкемлестирилди. Кафедраның дәслепки шөлкемлестирилиў дәўиринен баслап-ақ оның қурамын илимий дәрежели маман оқытыўшылар менен толықтырыў жумысларына айрықша дыққат аўдарылды. Әсиресе, Киев университетиниң есаплаў математикасы, экономикалық кибернетика ҳәм математикалық физиканың санлы усыллары кафедралары менен тығыз байланыслар орнатылып, илимий-изерт­леў жумысларын орын­лаўға уқыбы бар көплеген жаслар, дәслеп, еки жыллық илимий стажировка өтиўге жиберилип, соңынан олар мақсетли аспирантурада оқып, кандидатлық диссерта­цияларын табыслы жақлады. Бунда устазымыз А.Отаровтың билимли жасларды тәрбиялаўдағы орны оғада уллы деп есаплайман. Себеби, ол сол ўақытлары жаңадан шөлкемлестирилген университетимиздиң жаңадан шөлкемлестирилген «Есаплаў математикасы» кафедрасы ушын илим кандидатлары ҳәм докторларына болған талапты алдынан сезип, елимиздиң көплеген илим орайларына, соның ишинде, әсиресе, Киев қаласы, Киев мәмлекетлик университетине мүмкиншилиги болғанынша көплеп талантлы жасларды илимий жумыс ислеўге атландырды. Соның нәтийжесинде көп узамай кафедра оқытыўшыларынан Н.Утеўлиев, А.Ембергенов, Ш.Бурханов, Д.Утебаев, Т.Жамуратов, А.Хожаметов, Ж.Алланазаров, М.Бердимуратов, Р.Мустафаева, А.Ережеповалар илим кандидатлары болыў бахтына ерис­ти. Буннан басқа Т.Садыков, Д. Мендалиев, Н.Примбетов ҳәм С.Пирназаровлар да илим кандидатлары илимий дәрежесине ийе болды.

Илимий дәрежели кадрлар таярлаў мәселесине ғәрезсизлик жылларында айрықша итибар берилди. Соңғы жыллары кафедрамыздың профессор-оқытыўшыларынан Ш.Ешмуратов, Б.Айтмуратов, А.Бекиев, П.Пирниязовалар илим кандидатлары, Б.Самандаров ҳәм Ж.Арзиевалар техника илимлери бойынша философия докторлары болды. Сондай-ақ, Н.Утеўлиев 1995-жылы докторлық диссертациясын табыслы қорғаған болса, ал, мениң өзим 2019-жылы Өзбекстан Миллий университети профессоры М.М.Арипов басшылығында «Есаплаў математикасы ҳәм дискрет математика» илим тараўы бойынша докторлық диссертация жумысымды табыслы қорғап физика-математика илимлериниң докторы илимий дәрежесине ийе болдым ҳәм университет ректоры А.Реймовтың усынысы менен 2020-жылдан баслап «Әмелий математика ҳәм информатика» кафедрасының баслығы болып та­йынландым.

Кафедрада бүгинги күнде 12 профессор-оқытыўшы билим ҳәм тәрбия жумысларын алып бармақта. Олардың арасында 1 илим докторы, 3 илим кандидатлары ҳәм доцентлер, 2 үлкен оқытыўшы, 6 ассистент-оқытыўшы бар болып, университет студентлерине тыянақлы билим бериўде табыслы мийнет етпекте. Сондай-ақ, 1 таяныш докторант ҳәм 5 еркин излениўши таяныш докторантлар илимий жумыслар менен шуғылланбақта. Кафедрада 2000-жылдан баслап әмелий математика ҳәм информациялық технологиялар қәнигелиги бойынша магистратура ашылған. Бүгинги күнде кафедрада бакалавр тәлим бағдары бойынша 23, магистратура бағдары бойынша 7, жәми 30 атамадағы пәнлер оқытылады.

Кафедрамыз профессор-оқытыўшылары тәрепинен зийрек студентлер менен бирге ислесиў ҳәм илимий-изерт­леў жумысларын алып барыў жақсы жолға қойылған. Бундай студент­лер ҳәр жылы халықаралық ҳәм республикалық олимпиадаларға қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип киятыр. Кафедра профессор-оқытыўшылары халықаралық ҳәм республикалық илимий-теориялық конференцияларға баянатлар менен белсене қатнасады. Заман талабына сәйкес жетик қәнигелерди тәрбиялаўда студентлердиң ана тилинде жазылған оқыў әдебиятларының үлкен әҳмийетке ийе екенлигин есапқа алып, кафедраның тәжирийбели ҳәм жетекши профессор оқытыўшылары көп санлы сабақлықларды, оқыўлық қолланбаларды, илимий методикалық әдебиятларды жаратып келмекте. Марҳум профессор А.Отаров ҳәм доцент Ж.П.Алланазаров авторлығында жазылған, университет педагогикалық ҳәм техникалық институтлардың студентлерине арналған «Есаплаў усыллары» сабақлығы (1-бөлим)  (2002-ж.), А.Отаров, Ж.Алланазаров ҳәм А.Отаровлар тәрепинен жазылған, жоқары оқыў орынларының студентлерине арналған «Әмелий информатиканың тийкарлары» (2006-ж.), жоқары оқыў орынларының студентлерине арналған «Есаплаў усыллары» сабақлығы (2-бөлим), 2009-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм «Истеъдод» қоры тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең жақсы сабақлығының  ҳәм оқыў әдебиятының авторы» атамасындағы Өзбекстан Республикалық таңлаўында жеңимпаз болды, китаплардың авторларына арнаўлы дипломлар тапсырылып, оларға баҳалы сыйлықлар берилди. Сондай-ақ, 2021-жылы А.Бекиев ҳәм Р.Шыхыевлердиң «Программаластырыў тийкарлары ҳәм информациалық технологиялар» атамасындағы сабақлығы баспадан шығарылмақта.

Кафедра тәлим-тәрбия жумысларының сапасын барған сайын арттырыў, илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин жоқары маманлықтағы педагогикалық кадрларды системалы тәрбиялаўды иске асырыў мақсетинде елимиздиң ҳәм сырт еллердиң белгили жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў институтлары менен тығыз байланысқа ийе. Өзбекстан Миллий университетиниң, Ташкент информациялық технологиялар университетиниң, Украина миллий университетиниң, Новосибирск мәмлекетлик техника университетиниң, Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласындағы МИФИ ядро университетиниң сәйкес кафедралары менен шәртнамалар дүзилип, тығыз қарым-қатнаслар жасалмақта ҳәм усылар тийкарында университетте қоспа тәлим бағдары ашылды. Быйылғы жылы МИФИ де 9 магистр грант тийкарында оқыў мүмкиншилигине ийе болды.

Кафедрамыздың профессор-оқытыўшылары бүгинги күнниң талабынан келип шығып, оқыў, тәрбия ҳәм де илимий-изертлеў жумысларын буннан былай да жетилистирип, буннан да үлкен жетискенликлерге ериседи ҳәм университетимиздиң абырайын буннан былай да бәлент көтериўге өзлериниң салмақлы үлесин қосады деп исенемиз.

 

Д.УТЕБАЕВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң

«Әмелий математика ҳәм информатика» кафедрасы баслығы,

физика-математика илимлериниң докторы, доцент.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF