ПУҚТА ТАЯРЛЫҚ — НӘТИЙЖЕ ТИЙКАРЫ
Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги үлкен сиясий ўақыя — усы жылдың 24-октябрь сәнесинде болып өтетуғын — Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық жумыслары елимиздиң барлық аймақларында жоқары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
Солар қатарында Шоманай районындағы «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде жайласқан 591-санлы сайлаў участкасында да жумыслар қызғын.
— Сайлаўға жыйынымыз аймағындағы «Бердибай» ҳәм «Бегжап» елатлы пунктлери ҳәм темир жолдың арқа тәрепинде жасайтуғын 1127 сайлаўшының қатнасыўы күтилмекте, - дейди участкалық сайлаў комиссиясының баслығы, 17-санлы мектеп директоры Ерназар Тажетдинов. — Олардан 16 сайлаўшы бундай жуўапкерли илажға биринши мәрте қатнасады. Участкамызға келе алмайтуғын 34 кексениң үйлерине барып, сайлаўға қатнасыўын тәмийинлеўди режелестиргенбиз...
Сайлаў участкасы зәрүрли инвеньтарлар ҳәм байланыс қураллары, газета ҳәм журналлар, сайлаўға байланыслы әдебиятлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қолланбалары менен толық тәмийинленген. Сондай-ақ, участкада сайлаў участкасының дислокация сызылмасы (картасы) қыстырылған болып, бул жерде «Ана ҳәм бала», медицина ханалары Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усыныс етилген ойыншықлар ҳәм дәри-дәрмақлар менен толықтырылған.
Ҳақыйқатында да, елимизде жүз беретуғын үлкен сиясий мапаз ҳәммемизден үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Ҳәр қандай иске алдын-ала көрилген пуқта таярлық — жоқары нәтийжелерге еристиретуғыны турған гәп.
С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Шоманай районы.
СҮЎРЕТТЕ: участкалық сайлаў комиссиясының баслығы
Ерназар Тажетдинов (ортада) хаткер Түўелбай Отарбаев ҳәм баслық орынбасары
Ислам Қурбановлар менен ойласық пайытында.