Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:55:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«БӘҲӘР НЕГЕ БУНШЕЛЛИ САЛҚЫН...»

Шайыр Мухаммед Хошан (Жалғасбай Хошниязов)ның Ташкент қаласында «Зилол булоқ» баспасынан «Мәўсимлер аралығы» атлы қосықлар топламы быйыл  жарық көрди. Топлам ҳәр бири 7-8 ямаса 10-11 қосықтан ибарат лирикалық дүркинлерден турады.

Шайырдың қосықларында өмир философиясы, турмыс тәшўишлери,  қыз-жигитлер муҳаббаты,  шаңарақ машқалалары, өмир мәў­симлери:  ғаррылық, адамлар арасындағы қатнаслар: туўыс­қанлық, дослық, ҳ.т.б.,  қулласы, шайырдың турмыстан түйгенлери лирикалық қаҳарманның ишки сезимлери, кеширмелери, ой-пикирлери ар­қалы оқыўшы дыққатына жеткерип берилген.

Мысалы, «Бәҳәр неге буншелли салқын...» атлы қосықлар дүркининде 7 қосық жәмленген, бул атаманың өзи оқыўшыны бираз ойландырады. Ақыры, қосықларда бәҳәр бурыннан тек жыллы сезимлер ҳәм сулыў сөзлер арқалы ғана санамызға сиңип кеткен. Ал, бул жерде жағымсыз «салқын бәҳәр». Бул қосықта «салқын бәҳәр» метафоралық әмел болып хызмет етеди ҳәм ҳақ кеўилден сүйген, жүреги таза қыздың ишки руўхый кеширмелерин бериў ушын қолланылады. Демек, бәҳәр салқын екен, онда бул қосықлар дүркининде   муҳаббат өз мәнзилине жете алмағанын сезсек болады, қыздың жигиттен алданыўын, яр опасызлығын шайыр ҳәр қыйлы қырларынан жеткерип берген.  Ондағы «қыз доланып жалғыз қалғанда...» атлы қосығы «Сүйип сүйилмегенлер жанып күл болады, сүйилип сүймегенлер оның шоғына жылынады. (Автор: Е.Евтушенко)»  деген эпиграф қатарлар менен басланады. Эпиграфтың орынлы қолланылыўы сол шығарманың руўхын, тематикалық бағдарын көрсетип береди.  Ол әдебияттың барлық жанрларында  пайдаланылады. Шынында да, сүйип сүйилмегенлер от болып жанады, сүйилип сүймегенлер бий­пәрўа болады.  Бул  қосықтағы еки каҳарманның тәғдирине не болды? Оны оқып басламастан бурын бул эпи­графтың өзи оқыўшыны бираз ойландырып қояды. Неге буншелли муҳаббат базы адамлар ушын мийримсиз екен...?!

Сүйип қалды шала танысып,

Бағышлады арын-намысын,

Енди абыржы кеўил нағысы,

Бәҳәр неге буншелли салқын?!

Автор қыздың сүйип сүйилмегенин, жуўапсыз муҳаббатқа ҳәм жигиттиң турақсызлығына дуўшар болғанын, ҳәммени өзиндей ақ көңил көриўи,  исенгишлигин түсиникли, ықшам, көркем етип берген. Туўрысы, қосықтағы қыз налышын оқый отырып, оған деген аяўшылық сезим оянады, бул ақ кеўил қызды негедур жубатқың, оның менен сырласқың келеди.

Жуп рәўшан төселип жолға,

Өзин-өзи алалмай қолға,

Алданса да үмити сонда,

Бәҳәр неге буншелли салқын?!

Бул қатарлар арқалы автор  оқыўшыны қыздың кейинги тәғдири ҳаққында ойланыўға мәжбүрлейди.  Расында да, ол не қылады енди? Алданып қала бере ме яки еле жүреги опасыз ярда ма? Ақыры, «Алданса да үмити сонда» деп оқыўшыны үмитлендиреди. Қосықтың мазмунына қарасақ, ондағы қаҳарман қыз тәғдири анаў-мынаў кинофильмлердиң сюжетиндеги образлардан қалыспайды, десек болады. Жигиттиң унатқанына исенген қыздың алданыўы, оның исениўшеңлиги, ақ кеўиллилиги, ҳәммени өзиндей ақ көңил, деп санаўы ҳ.т.б. жағдайлар ар­қалы ша­йыр турмыс тәжирийбеси аз жас қыздың характерин ашып бериўге тырысқан. Егер де, бул қосықтың сюжетин эпикаға салғанда ашықлық темасындағы жақсы ғана новелла болар еди.

Шайыр жасы үлкен адам бол­ғанлықтан муҳаббат темасындағы қосықларында да ақыл-нәсият айтыўдан тартынбайды. Мысалы, сол  «Бәҳәр неге буншелли салқын...» қосықлар дүркининде «Сулыўлардың обалы бар»,  «Жағыўын билмесең муҳаббат отын», «Қыз исине пушайман болса», «Келешегим гүл жайнап дөнсин десең», «Ойлан, ойлан...», «Ақыл-ҳуўшын жыйып кетеди», «Қыздың жолы»  атлы қосықларында үйимизде алақанымызда мамықтай етип сақлап отырған қызларымыздың тәр­биясы, жәмийетте өз орнын табыўы, ҳадал болыўы, жүрис-турысы, өмирлик жолдасқа ҳүрмет-иззет көрсетиў, қәте-кемшиликлерден жуўмақ шығарыў, шаңарақты муқаддес деп санаўы, қыялпаразлыққа бериле бермеў сыяқлы ақыл-нәсият, яғный, дидактикалық усылда берилген пикирлери орын алады. 

Жөнсиз жерде орынсыз сайрап қойма,

Тил пышағын күн бурын қайрап қойма,

Ақылыңды тусаўлап байлап қойма,

Бахытым желмаядай желсин десең.

(«Келешегим гүл жайнап жансын десең»).

Қосық қатарларында шайыр «тил пышағын қайраў», «Ақылын тусаўлап байлаў» «Бахытым желмаядай желсин десең» қусаған метафора ҳәм теңеўлерден, дәстүрий биргеликли уйқаслардан шебер  пайдалан­ған. 

«Жайҳун ҳәм Сайхунның аралығында» қосықлар дүркинин шайыр  Өзбекстан Қаҳарманы, пидайы археолог алым Ғайратдин Хожаниязовқа (1948-2020) бағышлайды. Бунда 10 қосық қамтылған болып, оларда шайыр халқымыздың тарийхы, өтмиши ҳаққында терең ойларға бериледи. Мысалы, Дәўкескен қаласының қорған-дийўалында турып лирикалық қаҳарман ата-бабаларымыздан қал­ған естеликке сүйсинеди, сол арқалы тарийхымызға, бабалары­мызға болған ҳүрмет сезимлерин береди. Мысалы:

Оннан берли қанша суў ақты?!

Қанша жаўын жаўды?!

Қанша қар жапты?!

Селлер жуўған оны,

Боран бүркеген.

Талай апатлардан аман сақлаған,

Муқаддес дийўал бул-

Мийрас мүлк қалған,

ата-бабаларымнан.

Өтмишке ҳүрмет сезимлери дүркиндеги «Естеликлер», «Топыраққаланың топырақлары», «Шылпық шеңбериниң шегарасында», «Мазлум-Хансулыўдың сарайы» қосықларында да көркемлеп берилген.

Мухаммед Хошанның «Ғаррылық мәртебем...» қосықлар дүркининде 8 қосық бар болып, оларда өмир философиясы, ғаррылық дәўранын сүриў, өмирде ерискен машақатлы табыслары, шаңарақта берекет, тынышлықты сақлаў, перзентлерине өрнек тәрбия көрсетиў сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлер   сәўлеленген. Мәселен:

Келинлериң «ата» деген,

Сөзиниң көп салмағы.

Сонда да дым батады екен,

Күн жақынлап қалғаны.

Жағдайыңды сорап болып,

Жүре бер деп арқайын.

Әзирейли қонақ болып,

Келип кетер ҳәрдайым.

(«Жыллар несип, ырысқым»)

Келинли болсаң, ол қуўаныш өз алдына, лекин ол сени «ата» деп шақырған соң, шаңарақтағы тутқан орның еле де салмақласып, жуўапкершилигиң, жас үлкеншилигиң еки есе артатуғыны, буннан былай пер­зент­лериңниң аманшылығын тилеп, олардың қызықларын көриўден артық бахыт жоқ екенлиги, бирақ, күни келгенде бул дүньяны тәрк етиў деген алланың исине шара жоқ екенлиги ҳаққында шайыр көркемлеп айтып өтеди. Сондай-ақ,

«Ғаррылық болмаса...» қосығында:

Жыллар ғаррылыққа жеткерген оны,

Барын базар етти, кемис табылмас.

Ўақыт ҳәм ғәрийп ҳал билмес оң-солын,

Ғаррылар болмаса жемис табылмас.

Әпиўайы турмыслық ўақыя арқалы шайыр ғаррылықтың қаншелли уллы, оған жетисиўдиң өзи үлкен бахыт екенлигин айтпақшы болады. Бир тәрептен бул күнге ерискенине шүкиршилик те етип атырғанын сеземиз. Өмир тәшўишлери, қуўанышлары менен ғаррылық сезимлерин уйқасларға түсиреди. Бул қосықларында инсан өмириниң ке­йинги паслы туўралы ишки психологиялық сезимлер ағымын  байқасақ болады. Бирақ, Муҳаммед Хошанның ғаррылық мәўсим ҳаққындағы косықлары түскинлик сезимлерден гөре оптимистлик сезимлерди, руўхый тетикликти береди.

Еле талай таңлар атар,

Жыллар несип, ырысқың,

Өлим деген соңғы сапар.

Ислейтуғын жумысың.

(«Жыллар несип, ырысқым»).

Мухаммед Хошан ғаррылық дәўранды, оның аўырманлығын, жуўапкершилигин көп жырлаған шайыр. Ғаррылық мәўсимине ол буннан алдыңғы топламларында да бир қанша қосықлар арнаған еди.

Ал, «Ақлық көрдим, ай көрдим» қосықлар дүркини өз алдына әжайыбат десек, қәтелес­пеймиз. Ондағы қосықларды оқып шықсаң, көз алдымызға үйимизди базар етип отырған кишкенелердиң сүйкимли ҳәрекетлери елеслейди, жүзимизге ериксиз күлки жуўырады. Ша­йыр ақлық сүйиў мотивин  шын жүректен жырлай алған. Мысалы,

Тынышлығымды «урлаған»,

Бүлдиргишим болдың сен.

Кеўилимди сырлаған,

Күлдиргишим болдың сен.

Байқағанымыздай, лирикалық қаҳарманның ақлықлар қоршаўында жүргенине  қуўанышының шеги жоқ. Ҳақыйқатында да, ақлық сүйиў үлкен мәртебе, оның мазасы өз алдына болса керек, адам өмириниң бул да бир мәўсими.  Бул қосықта ша­йыр өзи қаҳарман сыпатында қатнасып, ақлықтың бүлдиргиш, күлдиргиш болыўы, тынышлығын «урлаған»ы ҳаққында кеўли толып-тасып жырлайды. Қосықты тез яд етиўге де болады, өйткени, шалыс уйқастан шебер пайдалана билген. Ал, «Маған күлки сыйла ақлығым»да:

Алдым сени қудайдан тилеп,

Жақсылыққа жанымды үлеп,

Балқып кетсин тас болған жүрек,

Маған күлки сыйла, ақлығым.

Шайыр бул қатарлар арқалы өмирге деген шүкиршилик сезимин көрсете алған. «Алдым сени қудайдан тилеп» дегенде, ол адам жаратылысы үлкен қүдирет, усы қүдиретке жетискенлердиң ҳәтте тас болған жүреклери балқып кетеди, деп дөретпениң еле де тәсирли шығыўына ерискен. Қосықтың мазмуны, формасы әпиўайы көрингени, яғный, ҳәр күни көрип, еситип жүрген ақлық көриў, ақлық сүйиў темасы болғаны менен,  бул қатарларда терең мағана, өмир философиясы берилген.          

Лирикалық бул топлам жанр­лық жақтан бай ҳәм анық  болып, дәстүрий ҳәм еркин қосық элементлери  пайдаланылған.  Топламға кирген қосықлар айы­рым  лирикалық дүркинлерге бириктирилген. Тек ғана лирикалық дүркинлерден қуралған лирикалық топламларды қарақалпақ поэзиясында  еле ушыратпадық. Бул жағынан шайыр Мухаммед Хошанның бул топламы биринши тәжирийбе болса керек. Топламдағы дүркинлер усы әдебий форманың нормаларына, топламларына әмел етип дүзилген. Топламда дүркинлерди бириктиретуғын тематикалық бағдарлар, идеялық мазмун, ти­йисли көркемлик формалар қатаң сақланған.

Усындай мазмуны менен Мухаммед Хошанның «Мәўсимлер аралығы» лирикалық топламы оқыўшыларда перзентлерге аталық қатнас, туўысқанлық, беккем дослық, муҳаббат, әдеп-икрамлылық ҳ.б. ҳаққында терең ой-пикирлер, сезимлер оята алады. Көркем шығарманың, соның ишинде лирикалық шығарманың идеялық, көркем-эстетикалық салмағы да усының менен өлшенеди.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF