Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:22:59, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕЛЕРИМИЗ КӨРИНИСИ ЖАҢАЛАНБАҚТА

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде тек ғана аймақлардың көриниси өзгерип қалмастан, ал, инсанлар кеўлиниң абатлығына да ерисилмекте.

Президентимиз усы жылы байрам мүнәсибети менен Мәҳәлле системасы ҳәм белсендилерине жоллаған байрам қутлықлаўында: «Мәҳәлле абат болса — ел абат болады. Мәҳәлледе өзгерис болса — пүткиллей жәмийет өзгереди» деген терең мәнили пикирлери миллионлаған ўатанласларымызда үмит ҳәм исеним оятып, мәмлекетимиздиң түрли аймақларында алып барылып атырған әмелий жумысларға халқымыздың ертеңги күнге бол­ған исениминиң артыўына ҳәм абадан турмыста жасаўына тийкар жаратпақта.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының  әмелге асырылыўы бойынша орынларда жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў бағдарындағы жойбары грант таңлаўы жеңимпазы болған еди. Әлбетте, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аўыл менен қалаларымыздың келбети заманагөй түс алып, инфраструктурасы өзгермекте. Усы бағдарда пайтахтымыз мысалында қандай жумыслар алып барылмақта? Усы мүнәсибет пенен ис-режеге тийкарланып республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымыздағы «Наўқан бағ» ҳәм «Ақ жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бағдарлама бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди. Дәслеп тараў қәнигелери бағдарлама тийкарындағы алып барылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди. Быйылғы жылдың өзинде бул МПЖлар «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасына киргизилген болып, бүгинге шекем бул аймақларда кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, қызғын даўам етпекте. Хожалық саны 2071 болған МПЖларында жоллар оңланып, көшелерге қум-тас араласпасы төселмекте. Пиядалар жолы, электр, газ ҳәм суў тәмийнатлары пүткиллей жаңаланбақта. Бағдарламаға тийкарланып «Ақ жағыс» МПЖ жыйыны аймағындағы 2,5 км. аралықтағы ишки жоллар асфальтланып, 2,4 км. узынлықтағы жолларда оңлаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. Сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйынындағы гөнерип тозыўы жеткен суў трубалары жаңалары менен алмастырылып, заманагөй электр тармақлары тартылып, 2 дана трансформатор оңлатылған. Режедеги 6,2 км. газ тармақларынан ҳәзирги күнде 5,9 км. тармақларға қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылып, l0 дана ГРПлерге толығы менен оңлаў алып барылған.

— «Наўқан бағ» мәкан пуқаралар жы­йыны аймағында улыўма 8 млрд. сумнан аслам қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылыўы нәзерде тутылған. Бунда ишки жоллар асфальтланады ҳәм тас-қум араласпасы төселеди. Ишимлик суў тармақлары тартылады, 1 км. ден асламырақ ирригация суў тармақлары жақсыланады. Соның менен бирге, бул жердеги аймақ турғынларына қолайлылық жаратыў мақсетинде поликлиниканың жаңа қурылысы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутыл­ған. Және де бул жерде биринши гезекте «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер ажыратылады ҳәм турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленеди. Бул МПЖның «Абат мәҳәлле» сыпатында таңланыўының себеплериниң бири, көп жыллардан берли бул жерлерге инженер-коммуникациялық жақтан итибар қаратылмаған, пуқараларымыз тәрепинен өзлериниң басламалары менен ҳәр түрли өлшемдеги трубалар жәрдеминде суў, газ ҳәм басқа да коммуникациялық жалғаныўлар болған. Соларды тәртипке келтириў ҳәм халықтың көбейиўин есапқа ал­ған ҳалда барлық көшелерди қамтып алыўға ҳәрекет еттик. Яғный, ҳәр бирине өзлерине ишимлик суўы ҳәм тәбийғый газ бенен тәми­йинлениў илажлары усы бағдарлама тийкарында әмелге асырылыўы белгиленген, - дейди Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, инвестиция ҳәм сырт­қы саўда бөлиминиң баслығы П.Қудияров. 

Усы күни пресс-тур қатнасыўшылары «Ақ жағыс» МПЖ аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар менен де жақыннан танысты. Аймақтағы 180 орынлық 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа қурылысы, 140 орынлық 46-санлы балалар бақшасының ири оңлаў жумысларының қызғын әмелге асырылыўы келешегимиз болған балаларымыздың ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып тәрбияланыўында орны гиреўли екенлиги аймақ халқын қуўандырмақта.

Сондай-ақ, 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде де ири оңлаў жумыслары қолға алынып, 2.269.2 млн. сумлық тендер баҳасы менен «Сәўир» ХК кәрханасы утып алып, ҳәзирги күнде жумыс көлеми 22,7 процентке  орынланғанлығы,  там бөлегине стропила ағашлары жайылып, шиферға таярланған, суўағарлары қойылған. Соның менен бирге, сырт­қы канализация, ишимлик суў трубалары тартылып, айлана қорған (забор) фундаментлери қуйылған. Суў, канализация тартылған. Ҳәзирги күнде ишки пардозлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, «Ақ жағыс» МПЖның жаңа имаратының фундамент жумыслары басланып, 3 км. пиядалар жолы, 366 дана түнги жақтыландырыў ҳәм басқа да тармақлар орнатылады. Байланыс линиялары болса, бул мәкан пуқаралар жыйынларында толық тартылып болынды.

Ҳақыйқатында да, бағдарламаға киргизилген бул аймақлардың бурынғы ҳәм ҳәзирги көринислерин салыстыратуғын болсақ, бир қатар унамлы өзгерислердиң болғанлығын аңлаў да қыйын емес. Бундай тез пәтлер менен жүргизилип атыр­ған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары аймақтың әжайып жаңа көринисин, яғный, инфраструктурасын түпкиликли өзгертиў имканиятын жаратыў менен бирге аймақ турғынларының арзыў-ни­йетлериниң орынланыўына тийкар болмақта. Әлбетте, соңғы ўақытлардағы аўыл ҳәм мәҳәллелеримиздеги бундай үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар халықтың жасаў шараятын жақсылап, турмысының айдын ҳәм пәраўан болыўын тәмийинлейди.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF