БАЛЫҚ ТАҒАМЛАРЫ ФЕСТИВАЛЫ БАСЛАНДЫ
Нөкис қаласында өткерилип атырған II «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы басланды.
Фестивальда ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың қала ҳәм районларынан балық тағамлары бойынша қәнигелер, аспазлар қатнаспақта. Олар балық өнимлеринен ҳәр қыйлы тағамлар таярлап, өз-ара беллеспекте.
Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы майданларда бир қатар дизилген қара үйлер алдында районлардан келген аспазлардың ҳәр бири балық өнимлеринен палаў, гүртик, сомса, қуўырдақ ҳәм басқа да бир неше түрли тағамлар таярламақта. Буның барлығы төрешилер қурамы тәрепинен бақланып, баҳаланып барылмақта.
Гастрономиялық таңлаўдың жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.