ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА II ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БАҚСЫШЫЛЫҚ КӨРКЕМ ӨНЕРИ ФЕСТИВАЛЫ БАСЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-апрельдеги «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып 17-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы болып өтпекте.
Ҳәзирги ўақытта болса әнжуман өткерилетуғын мәнзил — Нөкис қаласында бақсышылық көркем өнери фестивалы көтериңки руўхта басланбақта. Әнжуман мүнәсибети менен көплеген мәмлекетлерден бақсылар, туристлер ҳәм басқа да мийманлар Нөкиске келмекте. Бул болса дүнья көлеминде усы көркем өнерге ҳәм елимизге болған қызығыўшылар қатарының артып атырғанын билдиреди.
Соңғы мағлыўматларға бола, Халықаралық фестивальға дүньяның 22 мәмлекетинен 100ден аслам қатнасыўшы ҳәм мийманлар, соның ишинде, ЮНЕСКО, ТУРКСОЙ сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, мәртебели мийманлар, жергиликли мәдений мийрас, илим, көркем өнер ҳәм басқа да тараўлардағы экспертлер және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери келди.
Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы қыябанда мәмлекетимиздиң ҳәр бир ўәлаятының өзине тән миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, тарийхый естелик орынларын көрсетиўши көргизбели стендлери орнатылды. Бул жерде түрли сахналық көринислер, миллий қосықлар, ялла ҳәм лапарлар, дәстанлар айтылып, келиўшилер ушын байрам орталығы жаратылмақта.
Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда 88 Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти. Илажда жергиликли халық ҳәм сырт елден келген мийманлар, фестиваль қатнасыўшылары, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Сондай-ақ, 18-сентябрь күни фестиваль шеңберинде Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнери мектеп-интернатында «Бақсышылық көркем өнериниң жәҳән мәденияты цивилизациясында тутқан орны» темасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткериледи. Конференцияда жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары, бақсышылық көркем өнериниң ғайраткерлери қатнасады.
18-19-сентябрь күнлери Нөкис қаласындағы амфитеатрда Халықаралық бақсышылық көркем өнери таңлаўы болып өтеди. Таңлаўда қатнасатуғын сырт елли ҳәм жергиликли қатнасыўшылардың шеберликлерин сырт елли ҳәм жергиликли қәнигелерден ибарат төрешилер баҳалап барады.
Буннан тысқары фестиваль шеңберинде қатнасыўшы ҳәм мийманлар ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Халық ушын» миллий операсын көрсетиў ҳәм Мойнақ районындағы мәдений мийрас объектлерине экскурсия шөлкемлестириледи.
Бақсышылық көркем өнери қаҳарманлық, ўатансүйиўшилик және елдиң тарийхын қосық ҳәм дәстанларда айтыўшы бақсы-шайырлар, ақын ҳәм жыраўлардың дөретиўшилик идеологиясы менен әўладтан-әўладқа өтип келмекте. Соның ишинде, елимиздиң Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары және Қарақалпақстан Республикасының аймақларында бақсышылық көркем өнери әзелден сақланып қалғаны ҳәммемизге белгили.
Халық аўыз-еки дөретиўшилигин улығлаў, оны бар ҳалында сақлаў ҳәм әўладларға жеткериўде екинши мәрте өткерилип атырған халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы үлкен әҳмийетке ийе.
Илажды өткериўден тийкарғы мақсет — бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен енгизиўден ибарат. Жоқарыда атап өтилген аймақларда өзине тән атқарыў усыллары тийкарында дөретиўшилик мектеплерди «Устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў, халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалын республиканың басқа да аймақларында өткериўге де итибар қаратылады.
Фестивальдиң жуўмағы ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими 20-сентябрь күни Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.