Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:47:22, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛ ИЛИМИНИҢ ПИДАЙЫСЫ

XX әсирде қарақалпақ тилин изертлеўде Е.Д.Поливанов, С.Е.Малов, Н.А.Баскаков сыяқлы бир қатар алымлардың хызметлери уллы болды. Олардың ийгиликли ислерин даўам еттириўши қарақалпақ илимпазлары жетилисип шықты.

Қарақалпақ тилиниң сеслик системасы академик А.Дәўлетов, сөзлик қурамы проф. Е.Бердимуратов, морфология тараўы А.Бекбергенов, синтаксис тараўы М.Дәўлетов, қарақалпақ диалектологиясы Д.Насыров, О.Доспанов, қарақалпақ тили тарийхы  академик Ҳ.Ҳамидовлардың мийнетлеринде изертленди.

Усындай атақлы илимпазлардың қатарында бүгинги мақаламыз қаҳарманы Шамшетдин Абдиназимов та өзиниң илимий дөретиўшилигинде олар баслаған жолды даўам етип, тил илиминиң еле изертленилмей атырған тәреплерин изертлеўге умтылмақта.

Филология илимлериниң докторы, профессор Шамшетдин Абдиназимов 1961-жылы 21-августта Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районында дүньяға келди. Орта мектепти питкергеннен кейин Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияти факультетине оқыўға кирип, оны «айрықша» баҳаларға тамамлады. 1984-1987-жыллары халық депутатлары Бозатаў районлық атқарыў комитетинде жумыс иследи. 1987-жылдан Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тил билими кафедрасында ислемекте.

Ш.Абдиназимов 220 дан артық илимий ҳәм илимий-методикалық жумыслар, атап айтқанда, улыўма билим бериў мектеплери ушын 7, жоқары оқыў орынлары ушын 3 сабақлық, 10 оқыў қолланба, 3 монографияның авторы. Оның кандидатлық диссертациясы «Қырық қыз» дәстанының лексикасы»н изертлеўге арналып, илимий басшысы филология илимлериниң докторы, профессор Д.С.Насыров болды. «Қырқ қыз» дәстаны басқа түркий халықларда ушыраспайтуғын миллий дәстанларымыздың бири болып, онда илимпазлардың дурыс көрсеткениндей, матриархат дәўириниң көринислери ­ ҳаяллар басқарған патшалық, массагетлер ҳәм олардың патшасы Тумарис ҳаққындағы әпсаналардың  жаң­ғырығы өз сәўлелениўин тапқан.

Дәстанның тилин изертлеў тийкарында Ш.Абдиназимов тәрепинен лингвистика менен фольк­лористика илимлериниң шегарасындағы — қарақалпақ тил билиминдеги жаңа лингвофольк­лористика тараўына тийкар салынды. Рус тил билиминде Курск, Петразаводск, Воронеж лингвофольклористикалық мектеплери қәлиплескен болса, ал, түркий тиллердиң ишинде қарақалпақ тил билиминде  лингвофольклористика қәлиплесе баслады. Буның объектив себеплери де бар. Түркий халықлары ишинде қарақалпақ халқы оғада бай фольклорына ийе. 2015-жылы «Қарақалпақ фольклоры»ның 100 томлығы толық баспадан шықты. Ш.Абдиназимовтың авторлығында «Лингвофольклористика» оқыў қолланбасы дәслепки мәрте 2015-жылы Нөкисте, ал, 2018-жылы Ташкент қаласында жәрияланды.

«Лингвофольклористика» оқыў қолланбасының биринши бөлими «Тил билиминдеги лингвофольклористикалық изертлеўлер» деп аталады. Бул бөлимде дүнья жүзилик тил билиминдеги, түркий тил билиминде, соның ишинде қарақалпақ тил билиминде фольклорлық дөретпелердиң тилин изертлеў бойынша алып барыл­ған илимий изертлеўлер, олардың бағдарларына шолыў жасалған. Екинши бөлими «Фольк­лорлық сөздиң структура-фонетикалық модификациясы» деп аталып, бул бөлимде қарақалпақ фольклорында жазба түрде сақланып келген «Ғәрип-ашық», «Гөруғлы», «Саятхан-Ҳамра», «Қоблан» дәстанларының сеслик системасы ҳәзирги әдебий тилимизге салыстырмалы бағдарда үйренилип, даўыслы ҳәм даўыссыз сеслер тараўында, фольк­лорлық сөздеги үнлеслик нызамы, сөз қурылысында ушырасатуғын сеслик қубылыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилген. Үшинши бөлим болса «Фольклорлық текстте сөздиң морфемикасы» деп аталып, бунда қарақалпақ дәстанлары тилинде сақланып қалған ески грамматикалық формалар анализленип, олардың аңлататуғын мәнилери анализленген. Оқыў қолланбаның төртинши ҳәм бесинши бөлимлери қарақалпақ дәстанлары тилиниң сөзлик қурамы, фольклорлық сөздиң мәнилери ҳәм стильлик өзгешеликлерин баянлаўға арнал­ған.

Қарақалпақ тил билиминде жаңадан қәлиплесип атырған линг­вофольклористика тараўы қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура басқышының оқыў режесине киргизилип, пән сыпатында оқытылмақта, бул оның әмелиятқа енгизилгенин көрсетеди.

Ш.Абдиназимовтың докторлық диссертациясы қарақалпақ әдебиятының классиги  Бердақ дөретпелериниң тилин изертлеўге бағышланды. Докторлық диссертацияға академик Ҳ.Ҳамидов илимий мәсләҳәтши, академик Алибек Рустамов, ф.и.д. Б.Вафоевлар рәсмий оппонент болды. Диссертация қарақалпақ жазба әдебий тилиниң қәлиплесиўинде Бердақ бабамыздың орны мәселесин анықлаўға арналды. Усы ўақытқа шекем бурынғы аўқам дәўириндеги идеологияға сәйкес қарақалпақ жазба әдебий тили XX әсирдиң 40-жылларына келгенде, онда да 1940-жылы кирилл графикасына өткеннен кейин қәлип­лести деген қәте пикирлер үстемлик еткен еди. Бердақтың қол жазба ҳәм халық арасынан жазып алынған 20 000 нан аслам қосық қатарларынан ибарат әдебий мийрасларын терең ҳәм ҳәр тәреплеме изертлеў тийкарында қарақалпақ жазба әдебий тили XIX әсирде қәлиплескени дәлилленди. Бердақ XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятындағы ең көрнекли ша­йыр екенлиги ҳәм оның қарақалпақ жазба әдебий тилиниң тийкарын салыўшы екенлиги анықланды. Буның ушын оның шығармалары тили фонетика-морфоло­гиялық, сөз жасалыў, лексика-семантикалық бағдарлардан үйренилди. Изертлеўдиң нәтийжелери әмелиятқа енгизилип, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бакалавр бағдары қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги оқыў режесине «Бердақтаныў» курсы киргизилди.

Алымның илимий дөретиўшилигиндеги үшинши бағдар Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары ушын «Қарақалпақ тили тарийхы»  сабақлығының жәрияланыўы болып табылады. Қарақалпақстанда биринши жоқары оқыў орны 1934-жылы шөлкем­лестирилип, онда «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» қәнигелиги ашылған еди. Деген менен, 70 жылдан аслам ўақыт ишинде «Қарақалпақ тили тарийхы» пәни бойынша сабақлық жәрияланбаған еди. Профессор Ш.Абдиназимов узақ жыллар даўамында усы пәнди оқытыў барысында мате­риаллар топлап, 2006-жылы Өзбекстан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги Муўапықластырыўшы комитетиниң қарары менен бул сабақлықты жәриялады. Сабақлықта, қарақалпақ тилиниң тарийхы әййемги дәўирлерге тийисли түркий тиллерине ортақ ­ Орхон-Енисей жазба естеликлери тили менен қатнаста үйренилген. Мине усы мәселелер бөлимлерге бөлинип, китаптың биринши бөлими «Ески түркий тили» деп аталады. Бул бөлимде Орхон-Енисей естеликлериниң тили ҳәм оның қарақалпақ тилине қатнасы мәселелери бойынша мағлыўмат берилген. Китаптың екинши бөлими «Қарақалпақ тилиниң тарийхый грамматикасы» деп аталып, бул бөлимде түркий дүньясында белгили Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат-ит турк», Юсуп Хас Ҳажибтиң «Қутадғу билиг», Ахмед Югнакийдиң «Ҳибат-ул ҳақойиқ», Ахмед Яссаўийдиң «Дийўаны ҳикмет», Раб­ғузийдиң «Кысса-сул-анбия», Хорезмийдиң «Муҳаббатнама», «Кодекс-куманикус», XIII-XIV әсирлерде жазылған қыпшақ-оғуз естеликлери, Қутбтың «Ҳысраў ҳәм Шийрин», Сайфы Сарайының «Гүлистан бит-түркий» шығармаларының қарақалпақ тилине қатнасы, қарақалпақ тили тарийхый грамматикасында тутқан орны жөнинде материаллар берилген. «Қарақалпақ әдебий тилиниң тарийхы» деп аталған үшинши бөлимде қарақалпақларға тийисли болған XVIII-XIX әсирлердеги рәсмий ҳүжжетлер, тарийхый материаллар, XIX әсир қарақалпақ әдебияты ўәкиллери ­ Бердақ, Әжинияз, Өтеш, Омар шайыр шығармалары анализленип қарақалпақ әдебий тилиниң қәлиплесиўиндеги орны көрсетип берилген.

Ш.Абдиназимовтың илимий дөретиўшилигиндеги төртинши бағдар ­ Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистрантлары ушын «Лингвистикалық тәлийматлар тарийхы» сабақлығы жәрияланды. Бул сабақлықта дүнья жүзилик лингвистикалық ой-пикирлердиң раўажланыў тарийхы берилген. Буннан кейинги  бөлимлерде  XVII-XX  әсирлердеги лингвистикалық мектеплер, олардың концепциялары, дөретилген мийнетлер бойынша материаллар берилген.

Ш.Абдиназимовтың қарақалпақ тилин изертлеўдеги тийкарғы мәселелерди ортаға таслаўы, қарақалпақ тилин изертлеўде жаңа бағдарларды, аспектлерди көрсетиўи, илимпаздың дүнья жүзилик лингвистикалық тәлийматлар тарийхын жақсы билиўи айрықша көзге тасланады. Бул ҳәзирги күндеги инновациялық идеяларды әмелиятқа енгизиў бойынша қойылып атырған мәмлекетлик талапларға илимпаздың қосып атырған үлеси есапланады.

Сондай-ақ, Ш.Абдиназимов улыўма билим бериў мектеплери ушын оқыў қолланба ҳәм сабақлықлар таярлаў исине де өз үлесин қосып келмекте. Улыўма билим бериў мектеплериниң оқыў басқа тиллерде алып барылатуғын 3-класлары ушын «Qaraqalpaq tili» сабақлығын 2004 ҳәм 2008-жылларда жәриялады. 2017-жылы жаңадан ашылған 10-класслар ушын «Qaraqalpaq tili» сабақлығы баспадан шықты. 11-класслар ушын «Qaraqalpaq tili» сабақлығы 2018-жылы жәрияланды. 2019-жылы оқыў басқа тиллерде алып барылатуғын орта мектеплердиң 10-класслары ушын «Қарақалпақ тили» сабақлығы басылып шықты. 2021-жылы авторлар жәмәәти менен бирликте 1-класслар ушын «Әлипбе», «Жазыў дәптери», 1 ҳәм 2-класслар ушын «Ана тили ҳәм оқыў саўатлылығы» сабақлықлары жәрияланды.

Ш.Абдиназимовтың илимий жумысларының нәтийжелери жоқары, орта арнаўлы ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелери әмелиятына кең түрде енгизилген. Ол қарақалпақ тилиниң әмелий мәселелерин шешиўде де белсене қатнасып келмекте. Ҳәзирги қарақалпақ тил билиминдеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири — латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси ҳәм имла қағыйдаларын жетилистириў мәселеси болып табылады. 2015-2016-жыллары бир жыл даўамында латын жазыўындағы қарақалпақ әлипбесин жетилистириў бо­йынша үш рет республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди. Усы үш конферен­цияда да Ш.Абдиназимов баянат жасады ҳәм 2016-жылы 10-июнь күни бул мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясына алып шығылды. Сессияда депутатлар алдында бул мәселе бойынша баянат жасады.

Ол 2018-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси жанындағы республикалық терминология орайының баслығы сыпатында жумыс алып барды ҳәм терминлерди қәлиплестириўде белсене қатнасты.

Ш.Абдиназимов халықаралық илимий жойбарларға да қатнасып келмекте. Ол басшылық етип атыр­ған қарақалпақ тили тарийхы, лингвофольклористика, лингвопоэтика, стилистика бағдарындағы илимий мектепте көп санлы шәкиртлери изертлеўлер алып бармақта. Оның илимий басшылығында бүгинги күнге шекем 3 илим кандидаты, 7 философия докторы (PhD), 6 илим докторы (DSc) диссертацияларын қорғады.

Ш.Абдиназимов 2016-2021-жыллар аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc.27.06.2017.Fil.20.01 санлы илим докторы илимий дәрежесин бериўши Илимий кеңес баслығы, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң хабаршысы, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң хабаршысы, «Илим ҳәм жәмийет» журналларының редколлегия ағзасы, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Қарақалпақстанда илим ҳәм тәлим» журналының жуўаплы хаткери, қарақалпақ тил билими кафедрасында шөлкем­лестирилген илимий семинар баслығы сыпатында қарақалпақ тили бойынша жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў ҳәм олардың илимий потенциалын және де асырыў­ға мүнәсип үлес қосып келмекте. Соның менен бирге, Ш.Абдиназимов Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги «Филология, психология ҳәм педагогика илимлери» бойынша илимий-техникалық кеңеси, Қарақалпақстан Республикасының экологиялық изертлеўлери ҳәм аймақлық жойбарлары экспертизасын өткериў бойынша илимий-техникалық кеңеси, Қазақстандағы Евразия университетиниң шет елли экспертлер қурамы ағзасы есапланады.

Ш.Абдиназимовтың илимий ҳәм педагогикалық искерлиги ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2015-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, 2017-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек нышаны берилди. 2019-жылы 13-ноябрьде Қазақстан хал­қы ассамблеясының «Бирлик» алтын медалы менен сыйлықланды. 2019-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланды.

Ол үлгили шаңарақ ийеси. Еки ул, үш қыздың әдиўли әкеси. Оның үлкен улы Мийратдин юридика илимлериниң кандидаты, доцент, ҚМУ жынайый-ҳуқықый ҳәм пуқаралық-ҳуқықый кафедрасы баслығы, қызы Рәўшан — филология илимлериниң кандидаты, ҚР Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық институтының доценти, қызы Райхан — 1-санлы шаңарақ поликлиникасы шыпакери, баласы Аманлық — филология илимлери бо­йынша философия докторы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академияси Қарақалпақстан бөлими гуманитар илим-изертлеў институты докторанты, қызы Айжамал — ҚМУ шет тиллери факультетиниң 3-курс студенти.

Булардың барлығын айтып отырғандағы мақсетимиз — Шамшетдин Абдиназимов быйыл өз өмириниң алтыншы асырымына қәдем қойды. Республикамыздың илимий жәмийетшилиги, газета оқыўшылары атынан оны бул мүбәрек жасы менен қызғын қутлықлап, алдағы илимий жумысларында тасқын табыслар, бахытлы қариялық тилеймиз.

Мәмбеткәрим ҚУДАЙБЕРГЕНОВ,

филология илимлериниң докторы, профессор.

СҮЎРЕТТЕ: Ш.Абдиназимов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF