МУЎАПЫҚЛЫҚТЫ БАҲАЛАЎ ЖЕТИЛИСТИРИЛМЕКТЕ
Техникалық тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўларында структуралық реформаларды және де тереңлестириў, тараўды халықаралық талапларға муўапықластырыў, стандартлардан кең пайдаланыў орталығын жаратыў, муўапықлықты баҳалаў процесслерине заманагөй усылларды енгизиўге мәмлекет тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-августтағы Пәрманына муўапық «Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги» — Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық тәртипке салыў агентлиги болып қайта шөлкемлестирилди.
Агентлик техникалық тәртипке салыў ҳәм метрология тараўларында мәмлекет сиясатын әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў органы есапланады ҳәм өз хуқықлары шеңберинде улыўма мәжбүрий болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыллаў ҳуқықына ийе.
Орнатылған тәртипке муўапық, санитария-эпидемиологиялық шешими мәжбүрий тәртипте алыныўы керек болған азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине муўапықлық сертификатын алыў ықтыярый түрде әмелге асырылады. Бунда, бул өнимлерди таярлаўшылар (ислеп шығарыўшылар), жеткерип бериўшилер ҳәм сатыўшылар олардың техникалық регламентлер ҳәм стандартлар менен белгиленген мәжбүрий талапларға муўапықлығын тәмийинлеў ушын жуўапкер;
2021-жыл 1-сентябрьден айырым түрдеги қәўиплилик дәрежеси жоқары болмаған өнимлердиң муўапықлығын баҳалаў муўапықлықты декларациялаў жолы менен әмелге асырылады. Бунда, муўапықлықты декларациялаў техникалық регламент талаплары тийкарында өнимниң толық сынаўлары өткерилгеннен кейин унамлы сынаў нәтийжелерине көре дүзилетуғын сынаў протоколы тийкарында муўапықлық сертификаты берилмеген ҳалда әмелге асырыладыf
Халықаралық ILАC/IАF шөлкемлериниң ағзасы есапланған аккредитация шөлкеми тәрепинен аккредитация етилген Өзбекстан Республикасы резидентлери — муўапықлықты баҳалаў шөлкемлерине миллий аккредитациядан өтпеген ҳалда, аккредитация шеңбери ҳаққында «Өзбекстан аккредитация орайы» мәмлекетлик кәрханасын хабардар етип, муўапықлықты баҳалаўға тийисли жумысларды орынлаўға руқсат бериледи.
Сондай-ақ, 2021-жыл 1-ноябрьден баслап импорт етиўшилерге қолайлылықлар жаратыў ҳәм де ишки базарға сапалы ҳәм қәўипсиз өнимлердиң кирип келиўин тәмийинлеў мақсетинде қәўиплилик дәрежеси жоқары болған айырым түрдеги өнимлерди мәмлекет дизиминен өткергеннен кейин республика аймағына еркин айланысқа шығарыў (физикалық шахслар тәрепинен өз мүтәжликлери ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген нормалар шеңберинде алып келинген өнимлерден тысқары) тәртиби енгизиледи. Бунда, республика аймағына алып кирилетуғын, сол түрдеги өнимлердиң техникалық тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер, бул өнимлер бажыхана аймағына келиўинен кеминде 15 күн алдын бажыхана электрон программасына жайластырылыўы керек.
Қәўиплилик дәрежеси жоқары болмаған айырым түрдеги өнимлерди Өзбекстан Республикасының резиденти есапланған аккредитацияланған муўапықлықты баҳалаў шөлкемлеринде муўапықлық сертификатын (әмел етиў мүддетине қарамастан) бир рет рәсмийлестирген ҳалда жигирма төрт ай (2 жыл) даўамында импорт етиўге руқсат етиледи.
Техникалық регламентлер, стандартлар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен белгиленген мәжбүрий талапларға муўапық емес деп табылған өнимлердиң дизимин жүргизиў Техникалық тәртипке салыў агентлиги ямаса оның қурамындағы жуўапкер шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады. Бунда, дизимге киргизилген өнимлерди, дизимге алынған күннен баслап 6 ай мүддетке шекем дизимнен шығарыў, муўапық емес деп табылған тийисли өнимди өндириўши (оның рәсмий ўәкили) тәрепинен Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, еркин айланысқа шығарыў қадаған етиледи.
Соның менен бир қатарда, жергиликли муўапықлықты баҳалаў шөлкемлеринде өнимниң шет мәмлекетлердиң стандартларына муўапықлығын баҳалаў ушын сол шет мәмлекетлер стандартларының Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизиминен өткерилиўи талап етилмейди.
Атап өтилген пәрман менен тастыйықланған, инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша ҳүкиметлик комиссия Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық тәртипке салыў мәселелери бойынша ҳүкиметлик комиссия етип қайта шөлкемлестирилди. Ҳүкиметлик комиссияның өз кепилликлери шеңберинде қабыл еткен қарарлары мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер, юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланады.
Ҳүкиметлик комиссия тәрепинен техникалық тәртипке салыў системасын және де раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлардың орынланыўы ҳәр шеректе талқыланып барылады.
2021-жылдың 1-сентябринен баслап техникалық тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология тараўларында әмелге асырылған ҳуқықбузарлықлар ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде ҳәм техникалық регламентлерде белгиленген мәжбүрий талапларға өндириўши ямаса алып кириўши тәрепинен әмел етилмеген жағдайларда юридикалық шахсларға финанслық жәриймалар белгиленген.
Бунда, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм техникалық регламентлерде белгиленген мәжбүрий талапларға сәйкес емес деп табылған өнимлер еркин айланыстан шығарылыўы ҳәм сапластырылыўы тийис. Финанслық жәрийманың төлениўи усы талаптың орынланыўынан азат етпейди.
Президентимиз тәрепинен ҳәр бир тараўды буннан былай да раўажландырыў, халықаралық стандартларды енгизиў, қабыл етилген миллий стандартлардың халықаралық дәрежеде тән алыныўына ерисиў бойынша белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қайта шөлкемлестирилген усы агентликтиң қурамындағы «Uztest» мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен стандартластырыў, сертификатластырыў, өнимлерди лабораториялық сынаўдан өткериў, менеджмент системаларын енгизиў ҳәм экспортёр кәрханаларға тараўымызға тийисли мәселелерде көмеклесиў сыяқлы кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Сабит ХОЖАНИЯЗОВ,
«Uztest» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы филиалы басқарыўшысы.