Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:38:35, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕР ДАЎАМ ЕТЕДИ

Соңғы жылларда Өзбекстанда барлық тараўлар сыяқлы қурылыс тараўын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Системаны және де кеңейтиў ҳәм раўажландырыўға қаратылған мәмлекет ҳәм  ҳүкимет басшыларының пәрман, қарар, қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалары, олардың орынланыўын тәмийинлеў, усы бағдарда реформалар нәтийжелилигин арттырыў бойынша алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде жаңа қурылыслар көлеми күн сайын кеңейип бармақта.

Бирақ, қурылыс тараўында жаңа дәўирдиң басланыўы, системадағы машқалаларды анықлаў, оларды шешиў аңсат болып атырған жоқ. Усыған қарамастан, Президентимиздиң пуқта ойланған ис-режелерине тийкар, бүгинги күнде Кегейли районында бир қатар қурылыс жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда 2021-жылда «Абат» ҳәм «Жаңабазар» АПЖ аймақлары «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген еди. Бағдарлама тийкарында районымызда төмендеги жумыслар алып барылмақта:

социаллық объектлерге қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 5 млрд. 527 млн. сум;

пуқаралар жыйыны имаратлары қурылысы ушын 918,5 млн. сум;

ишимлик суў тармақларын тартыў жумыслары ушын 6 млрд. 614 млн. сум;

ишки жолларды оңлаў жумыслары ушын 3 млрд. 600 млн. сум;

электр энергиясы менен тәмийинлеўди жақсылаў ушын 1 млрд. 137 млн. сум;

тәбийғый газ тармақларын оңлаў ушын 64,0 млн. сум;

базар инфраструктурасы ушын 120,0 млн. сум;

байланыс тармақларын тартыў жумыслары ушын 500,0 млн. сум;

пуқаралардың жеке турақ жайларын оңлаў жумыслары ушын 518,0 млн. сум;

ирригация жумыслары ушын 12,7 млн. сум.

Сондай-ақ, район бюджети қаржылары есабынан 3,5 км пия­далар жолларын қурыў, 160 дана түнги жақтыландырыў үскенелерин жаңадан орнатыў ушын жәми 1 млрд. 114 млн. сум қаржылар ажыратылды.

Бағдарлама тийкарында 8,12 км. ишки жолларды оңлаў режелестирилип, бүгинги күнде «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 9 көшеде 4,12 км. «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 6 көшеде 5,2 км. ишки жолларға ЩПС төселип, оңлаў жумыслары алып барылды. Реже 114,7 процентке орынланды.

Және де сметалық баҳасы 5814,4 млн. сумлық 28,5 км. ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм 2 дана суўды душшыландырыўшы қурылманы қурыў режелестирилген болса, бүгинги күнде 24,2 км. суў тармағы тартылып, 4942,24 млн. сумлық жумыс көлеми орынланды. Сондай-ақ, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 17,1 км. аралықтағы суў тармақларын жаңадан тартыў, «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7,4 км. аралықтағы жумыслар әмелге асырылмақта.

Аўыл турғынларын электр энергиясы менен тәмийинлеў, оларға еле де жақсы шараятларды жаратып бериў мақсетинде «Жаңабазар» ҳәм «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 4 дана трансформатор ҳәм 7,6 км. аралыққа 140 дана электр бағаналары жаңадан орнатылды. Халықты тәбийғый газ бенен тәми­йинлеў, газ трубаларын қайта оңлаў бағдарында бул орынларда 11,5 км. газ тармақларына киши оңлаў ҳәм бояў жумыслары әмелге асырылды.

 Турғынларымызға социаллық объектлерде қолайлы шараятларды жаратыў ушын 1 дана мектеп, 3 дана мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 1 дана медицина имаратларын, 2 дана мәҳәлле имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. Бүгинги күнде  «Абат» АПЖ аймағындағы 3-санлы мектеп имараты қурылысында 1185,0 млн. сумлық 90 процент жумыс көлеми орынланған болса, усы аймақтағы 18-санлы  ҳәм 8-санлы балалар бақшасы имаратларында 90 процент жумыс көлеми орынланды.

Соның менен бирге, бағдарламаға тийкар, «Жаңабазар» АПЖ имаратын (смета баҳасы 436,5 млн. сум) жаңадан қурыў режелестирилген еди. Бүгинги күн жағдайына бола бул имаратта қурылыс жумыслары  60 про­центке орынланып, нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Мине, усындай алдымызда турған жумысларды  еле де сапалы алып барыўда белгиленген мәмлекетлик бағдарламалардың орны оғада әҳмийетли. Өзбекстан Республикасының драйвер тараўларынан бири есапланған санаат тараўында ислеп шығарылып атырған сапалы қурылыс өнимлеринен пайдаланыў арқалы қала ҳәм аўылларымызды жаңа көриниске алып келиў, мәмлекет турғынларына қолайлы шараятлар жаратыў — бүгинниң баслы талабы болып табылады. Солай екен, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыў жолындағы көлемли жумысларымыз районымызда еле де даўам еттириледи.

Турсынай МУХИЯТДИНОВА,

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF