ХАЛЫҚАРАЛЫҚ САЙЛАЎ СТАНДАРТЛАРЫ ТИЙКАРЫНДАҒЫ МИЛЛИЙ САЙЛАЎ НЫЗАМШЫЛЫҒЫ
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы мәмлекетимиз турмысындағы ең әҳмийетли социаллық-сиясий ўақыя есапланады. Себеби, мәмлекетимиз келешеги, оның еле де раўажланыўы мәмлекет басшысы лаўазымына ең мүнәсип талабанды сайлаўға ҳәм бул процессте сайлаўшылар қабыл еткен қарарға байланыслы.
Усы жылдың 24-октябринде болып өтетуғын Президент сайлаўы миллий сайлаў әмелияты ҳәм халықаралық сайлаў нормаларына муўапық қабыл етилген сайлаў нызамшылығы тийкарында өткериледи.
Өзбекстан Республикасы Конституциясында инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ҳуқықый тийкарлары ҳәм де мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ҳуқықый статусқа ийе нормалары менен бир қатарда сайлаўға тийисли тәртип-қағыйдалары беккемленип қойылған.
Сайлаўлар улыўма, тең, туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў арқалы ашық ҳәм әшкара өткериў принциплерине тийкарланады. Пуқаралардың сайлаў ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң суд арқалы қорғалыўы, сайлаўларды жәмийетлик ҳәм халықаралық бақлаўшылар қатнасыўында өткериў механизми Өзбекстан Республикасының сайлаў системасының демократияға тийкарланғанлығының өзине тән сапа көрсеткиши саналады. Конституцияның 32-статьясында пуқаралардың сиясий ҳуқықының бири ретинде олардың жәмийет ҳәм мәмлекет жумысларын басқарыўға тиккелей өзи ҳәм де өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықы берилген. Бул ҳуқық пуқаралардың референдумларда, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында ҳәм де ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларында сайлаўда қатнасыўы арқалы әмелге асырылады.
Ең алды менен соны атап өтиў керек, 2019-жылы 25-июньде Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси қабыл етилди. Сайлаў кодекси жойбары 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў бойынша «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық ислеп шығылған.
Кодекс жойбарын таярлаў даўамында бириншиден, миллий нызамшылығымыз ҳәм сайлаў әмелияты талқыланды, екиншиден, 20 дан артық шет ел мәмлекетлериниң (Франция, Нидерландия, Канада, Италия, Швеция, Бельгия, Польша, Албания, Беларус, Әзербайжан ҳ.т.б.) алдынғы тәжирийбеси үйренилди, үшиншиден, халықаралық шөлкемлердиң сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў менен байланыслы усыныслары есапқа алынды.
Сайлаў кодекси түрли сайлаўларды өткериў менен байланыслы 5 түрли ҳәм оннан артық норматив ҳүжжетлер тийкарында қабыл етилген, өзинде 30 дан артық жаңа демократиялық сайлаў талапларын жәмлестирген бирден-бир кодификацияланған ҳуқықый ҳүжжет есапланады.
Сайлаў кодекси усы күнге шекемги ҳәрекетте болған «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққында»ғы (18-ноябрь, 1991-ж.), «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында»ғы (29-август, 2003-ж.), «Өзбекстан Республикасы Халық депутатлары ўәлаят, район ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы (5-май, 1994-ж.), «Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы (30-апрель, 1998-ж.) ҳәм «Пуқаралардың сайлаў ҳуқықының кепилликлери ҳаққында»ғы (5-май, 1994-ж.) нызамларын өз ишине жәмлестирди.
Сайлаў кодексиниң 12-бабында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының өзине тән өзгешеликлери белгиленген болып, төмендеги нормаларды өз ишине аладыF Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанға қойылатуғын талаплар (61-ст.), Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў ҳуқықы (62-ст.), Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер (63-ст.), Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў тәртиби (64-ст.), Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў (65-ст.), Өзбекстан Республикасы Президентлигине мүддетинен бурын сайлаў (66-ст).
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы тийислилигинше оның конституциялық ўәкиллик мүддети питетуғын жылы — октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи.
Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.
Суд тәрепинен уқыпсыз деп табылған, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында жазасын өтеп атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды. Ҳәр қандай басқа жағайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Өзбекстан Республикасы пуқаралары тәрепинен улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен 5 жыл мүддетке сайланады.
Нызам талапларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабанларға төмендеги талаплар қойыладыF
- бириншиден, 35 жастан киши болмаған,
- екиншиден, мәмлекетлик тилди жақсы билетуғын,
- үшиншиден, тиккелей сайлаўға дейин кеминде 10 жыл Өзбекстан аймағында турақлы жасаған,
- төртиншиден, Өзбекстан пуқарасы Президент болып сайланыўы мүмкин;
- бесиншиден, бир шахс избе-изликте еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Президенти болыўы мүмкин емес (Конституцияның 90-ст.).
Соны айрықша атап өтиў керек, сиясий партиялар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар көрсетиў ҳуқықына ийе болып, өз сиясий идеясы, бағдарламасы ҳәм сайлаўалды платформасы тийкарында сайлаў процесинде гүрес алып барады. Сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде 4 ай алдын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен дизимге алынған жағдайда ғана Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды сиясий партиялардың жоқары уйымлары көрсетиў ҳуқықына ийе. Талабанларды көрсетиў Сайлаў кодексиниң 40-статьясына муўапық, сайлаўға 65 күн қалғанда басланады ҳәм 35 күн қалғанда тамамланады.
Сиясий партиялар Өзбекстан Президентлигине бир талабаннан көрсете алады. Сиясий партия Өзбекстан Республикасы Президентлигине тек өз партия ағзалары арасынан яки партиясызды талабан етип көрсетиў ўәкиллигине ийе. Бул ҳаққында баянлама дүзиледи.
Төмендеги пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип дизимге алынбайды:
- бурын қастан ислеген жынаяты ушын судланған пуқаралар;
- диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан ретинде дизимге алынбайды (Сайлаў кодекси, 61-статьясы).
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Орайлық сайлаў комиссиясынан дизимнен өткеннен баслап сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары басланады. Сайлаў кодексиниң 44, 45, 46, 47 ҳәм 48-статьяларында сайлаўалды үгит-нәсият жумысларының ҳуқықый тийкарлары белгиленген.
Сайлаўалды үгит-нәсияты талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертесине басланады. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанда үгит-нәсиятқа жол қойылмайды. Үгит-нәсиятты сайлаўшыларға бийпул яки жеңилликли шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў (мәлимлеме хызметлеринен басқа), сондай-ақ, пул қаржыларын төлеў менен қосып жүргизиў қадаған етиледи. Надурыс мәлимлемени, сондай-ақ, талабанлардың абырайына ҳәм қәдир-қымбатына зыян келтиретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.
Төмендегилердиң сайлаўалды үгит-нәсиятын алып барыўы қадаған етиледи:
- мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, аймақлық мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары баслықларының;
- Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, басқа әскерийлестирилген бөлимлер, ҳуқықты қорғаўшы уйымлар хызметкерлериниң, судьялардың;
- сайлаў комиссиялары ағзаларының;
- диний шөлкемлер профессионал хызметкерлериниң.
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының әмелдар шахсларына өз лаўазым ҳәм хызмет абырайынан сайлаўалды үгит-нәсияты ўақтында ҳәр қандай сиясий партияның яки сайлаўшының пайдасына ямаса оған қарсы пайдаланыўы қадаған етиледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында екеўден артық талабан қатнасып атырған болса ҳәм егер олардан ҳеш бири даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардан ярымынан көбиниң даўысын алмаған болса, қайта даўыс бериў өткериледи, онда ең көп даўыс топлаған еки талабан қатнасады. Орайлық сайлаў комиссиясы қайта даўыс бериў күнин Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилген күннен баслап бир ай ишинде, лекин, сайлаў өткерилген күннен кеминде он бес күн кейин өткерилетуғын етип белгилейди. Қайта даўыс бериў өткерилетуғыны ҳаққындағы хабар баспасөзде жәрияланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өтпеген яки ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда, сондай-ақ, егер Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында бир талабан қатнасқан болса ҳәм ол зәрүр муғдарда даўыс топлай алмаған болса, Орайлық сайлаў комиссиясы қайта сайлаў белгилейди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қайта сайлаўы да Сайлаў кодексинде тийкарғы сайлаўды өткериў ушын белгиленген тәртипте ҳәм усы шәртлерди сақлаған ҳалда өткериледи. Бунда округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жумысында сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўы анықланған жағдайда, Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў жаңа қурамдағы округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен өткерилиўи зәрүрлиги ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Даўыс бериў тийкарғы сайлаўды өткериў ушын дүзилген сол сайлаў участкаларында ҳәм сайлаўшылардың сол дизимлери бойынша өткериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қайта сайлаўы тийкарғы сайлаў өткерилгеннен кейин қырық күн ишинде өткериледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы нәтийжелери рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап еки айдан кешиктирместен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қоспа мәжилисинде ант қабыллаған ўақыттан баслап өз лаўазымына кириседи.
Ҳәрекеттеги Өзбекстан Республикасы Президенти өз ўәкилликлерин жаңа сайланған Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымға кирискенге шекем атқарады.
Улыўма алғанда, мәмлекетимиздиң сайлаў ҳаққындағы нызам-ҳүжжетлери ҳәм оларға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар, жаңалықлар айрықша әҳмийетке ийе болып, мәмлекетимизде сайлаўлардың улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартлары тийкарында өтиўине хызмет етеди.
Сапаргүл УТЕМУРАТОВА,
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзасы.