Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:04:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҒӘРЕЗСИЗЛИК — МЕНИҢ ӨМИРИМДЕ

Инсан өмиринде умытылмас мәўритлер, ўа­қыялар, ҳәдийселер жүдә көп болады. Булардың ҳәр бириниң инсан тәғдиринде өз орны бар. Айырымлары умытылып кетсе айырымлары инсан қәлби ҳәм санасына беккем орналасып алады.

Мине усындай мәўритлерден бири Өзбекстан Ғәрезсизлиги жәрияланған күн еди.

Мен сол күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советинде Мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, халық депутатлары жергиликли кеңеслер ислери бойынша комитет баслығы лаўазымында ислер едим.

Өзбекстанның мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң жәрияланыўы тек өзбек хал­қының емес, ал, Өзбекстанда жасаўшы барлық миллет ўәкиллери, әсиресе, Қарақалпақстан халқының да әсирлик арзыў-үмитлери жүзеге шығыўының айдын жолларын белгилеп берген еди.

1980-жыллардың ақыры, 1990-жыллардың басында Қарақалпақстанда да бу­рын­ғы Аўқам аймақларындағы Автоном Республикалар ишинде жүз берип атыр­ған тынышсызлықлар, мәм­лекетлик басқарыў системасындағы тәртипсизликлер түрли ағымлар ҳәм топарлардың пайда болыўына себеп болып атырған еди. Өзбекстан Ғәрезсизлиги қарақалпақ халқының еркин ҳәм абадан турмысын тәмийинлеп берди. Көп өтпей Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы қурамында өз Конституциясы, Герби, Байрағы, Гимнине ийе болған суверен республикаға айланды.

Мен Қарақалпақстанда туўылған өзбек қызыман. Ата-бабаларым сыяқлы мен де Қарақалпақстан деп атал­ған усы журтта қарақалпақ халқының қәдириятлары, үрп-әдетлери, мәденияты, мәнаўияты менен өсип ул­ғайдым, тәрбияландым. Ўатаным ҳәм халық хызметинде жүргениме мақтанаман.

Ғәрезсизлик жәрияланған күнди өмиримдеги азат ҳәм абат турмысқа ашылған ең жақты жол деп түсинемен ҳәм бул күнди тап өзим туўылған күн сыяқлы өмиримдеги ең әзиз ҳәм уллы мәўритлерден бири сыпатында улығлап жасап атырман.

Ең дәслеп соны исеним менен айтыў мүмкин, ғәрезсизлик тек мәмлекеттиң емес, ал, ҳәр бир пуқараның тәғдиринде үлкен бурылыслар жасады. Соның ишинде шаңарақта да. Соған қуўанаман, елимизде жаслар тәлим-тәрбиясы ушын жаратылған жеңилликлер, имканиятлар, шаңарағым, 4 улым, 2 қызым тәғдиринде айқын сәўлеленди.

Перзентлеримниң ҳәммеси жоқары мағлыўматлы. Генже перзентим «Үмит» қорының жолламасы менен Англияда оқып келди. Корейс, түрк, инглис, рус тиллерин жетик биледи. Үшинши  улым Японияда магистратураны тамамлады. Инглис, рус, түрк тиллерин үйренди.

Олар мәмлекет жумысларында елимиз, хал­қымыз абаданлығы ушын хызмет етиў бахтына миясар болып атырғанынан бахытлыман.

Быйыл мениң мийнет жолыма 58 жыл толды. Мийнет жолымның 30 жылы болса пүткил өмиримниң мазмунын көрсетеди.

Мен журналистпен, дөретиўшимен. Прозалық ҳәм поэзиялық 40 тан аслам шығармаларым өзбек, қарақалпақ, рус тиллеринде баспадан шыққан. Мен жумыс алып барып атырған жәмийетлик-сиясий тараўда 1982-жылдан баслап 2021-жылға шекем үзликсиз рәўиште район, Қарақалпақстан Жоқарғы Совети, Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты, Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты ағзасы сыпатында жумыс алып бармақтаман.

Усы жыллар даўамында Қарақалпақстан Жоқарғы Совети Президиумы хаткери, Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесинде Баслық орынбасары, комитет баслығы, Қарақалпақстан Ҳүкимети баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымларында иследим.

Бүгинги күнде, жоқарыда айтып өткенимдей, Ғәрезсизлик барлық тараўдағы кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў менен бирге мен ислеген ҳәм ислеп атырған тараўда да жүдә үлкен унамлы өзгерислерге себеп болды. Бул мақалада буның ҳәммесин санап өтиўдиң илажы жоқ, әлбетте.

Бирақ, мен өз өмирим ҳәм жумысым даўамында пикирлеген, арзыў еткен, үмит етип билдирген усынысларым, рекомендацияларым, баспасөзде жәрияланған мақалаларда қалып кете берер еди. Бүгинги күнде бул тараўдағы жаңаланыўлардан пикирим толысып, және де жасарып, ислеўди даўам еттиргим келеди.

Бул раўажланыў кейинги бес жыл даўамында халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын тәртипке салыўшы қатар нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенде көринбекте. Бул тараўдағы ўәкилликлер ҳәм ўазыйпалар кеңейтилди, орынлаў уйымлары басшыларының жергиликли кеңеслер алдындағы есап бериўи белгилеп берилди.

Олий Мажлис палаталарының Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлық, районлық, қалалық кеңеслери менен өз-ара бирге ислесиўи жолға қойылды. Булар менен байланыслы және көп жаңаланыўлар ҳаққында мақтанып, толқынланып айтыў мүмкин. Булардың ҳәммеси турмыста айқын сәўлеленип атырғаны пикиримниң дәлили.

Қызғын реформалар. Бул реформаларды басқаша тәрийплеў қыйын. Бир ҳақыйқатлықты тән алыўымыз керек.

30 ҳәм 5 жыл. Бул жылларды салыстырғанда Өзбекстандағы дүнья көлеминдеги өзгерислер, жаңаланыўлар, әсиресе, кейинги бес жылда тезлик пенен көрингенин аңлаймыз. Хал­қымыз тән алып атырған Жаңа Өзбекстанның дәслепки 15 адымы деп аталған табысларымыз реформаларымыздың нәтийжеси.

Усы орында мен Қарақалпақстан мысалында Президентимиздиң басламаларын келтирип өтпекшимен.

Елимиз басшысы тәрепинен мәмлекетимизде экологиялық-экономикалық демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған тий­карғы бағдарлар өз жемисин бермекте.

БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясы жалпы мәжилисинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюция қабыл етилди. 

Бул резолюция Арал теңизи кризиси ақыбетлерин сапластырыў, бул аймақта экологиялық жағдайды және де жақсылаў ис-илажларын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған көлемли жумыслар, Аралбойы регионы ушын шериклер менен «Траст» фондының шөлкемлестирилгенлиги ҳәм көплеген қорлар, бағдарламалардың және де нәтийжели болыўы ушын хызмет етеди.

Резолюция суў үнемлеўши технологиялар, өндириске инвестициялардың тартылыўы, әсиресе, Экотуризмниң раўажланыўы, экологиялық миграцияның алдын алыў сыяқлы зәрүр хошаметлеўши факторлар әмелге асыўы ушын кең жол ашып береди.

Демек, мәмлекетимиз басшысының жеке Өзбекстан тәрепинен алға қойылған қымбатлы ҳәм әҳмийетли басламалары халықаралық көлемде қоллап-қуўатланып атырғаны елимиздиң раўажланыўында айқын көринип атырғанына гүўа болмақтамыз.

Өзбекстанда  экологиялық машқалалар Арал теңизиниң суўы қурыған майданында тоғайзарлықлар жаратыла баслағанлығы, бул машқалаларға жәҳән жәмийетшилигиниң дыққат-итибары қаратылып атырғанлығы да бул тараўдағы реформалардың нәтийжеси болмақта.

Мен Арал дағдарысы машқалалары ҳаққында кеңирек айтқым келеди. Усындай тыныш күнлерде елимизде кейинги үш-төрт жыл ишинде жүз берген өзгерислерди, теңсиз жаратыўшылықларды, абат аўыл ҳәм посёлкалар көринисин, халқымыздың әсирлик арзыў жүзеге шығып атырғанлығынан мақтанамыз.

Жаңаланған Қарақалпақстанның узақ-узақ кеңликлери, қой-қозыларға толы жайлаўлары, жайнап турған бағлары, палызлары, жер асты, жер үсти рудаларынан иске түскен кәрхана, завод, фабрикалар...

Булардың ҳәмме-ҳәммесинде Президентимиздиң қарақалпақ халқына, бул әййемги ата-мәканға меҳири, итибары, ғамқорлықларын сезинип турмыз.

Бүгинги күнде жаңа Өзбекстан көринисинде жаңа Қарақалпақстан қәлиплеспекте десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Буған ай­қын мысал сыпатында көп мәрте айтылған болса да Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм басламасы менен Мойнақ районында кейинги жылларда әмелге асырылған жумысларды келтирип өтиў жеткиликли. Атап айтқанда, районда 20 көп қабатлы турақ жайлар қурылды, 100 километр қашықлықтан ишимлик суўы алып келинди. Көплеп кәрханалар, социаллық объектлер иске түсирилди ҳәм жаңаларын қурыў даўам етпекте. «Мойнақ аэропорты» жаңа жойбар тийкарында қайтадан қурылды. «Ақ кеме» балалар лагеринде перзентлеримиз ҳәз етип дем алмақта.

Президентимиздиң  Қарақалпақстан Республикасына ҳәр бир сапарынан соң бул елде халқымыздың әсирлик арзыўлары әмелге аспақта. Бозатаў районы жаңа көринисте шөлкемлестирилди. Тек шөлкемлестирилип ғана қоймай, ал, бир жыл ишинде пүткиллей өзгеше көриниске ийе болды. Заманагөй имаратлар, спорт объектлери, тегис жоллар — Бозатаў хал­қы ушын ҳақыйқый саўға болды. Бул жерде республика жас дөретиўшилериниң фестивальлары, мушайралар, бақсылар таңлаўлары болып өтпекте. Жаңа санаториялар қурылмақта. Сондай-ақ, ең алыс ҳәм шетки Тахтакөпир ра­йонында да кең көлемли жаратыўшылық ислери әмелге асырылып, аймақ жаңа көриниске ийе болмақта. Суў машқалалары да шешилип атыр.

Мәмлекетимиздеги реформалар жаңалан­ған Өзбекстанның баўырында гүллеп-жаснап атыр­ған қарақалпақ журтының да бахытлы келешегине тырнақ тасын қоймақта. Қарақалпақ халқы елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған аталарша ғамқорлығы, меҳир ҳәм итибарынан ҳәмийше кеўли тоқ. Реформалар ғәрезсизлигимиздиң мәңгилиги, елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етпекте.

Базда ойлап қаламан, 30 жыллық дәўир даўамында табыслар менен бирге кемшиликлеримиз, жоғалтыўларымыз да болды. Қәтелер­ден жуўмақлар шығардық.

Бул тәбийғый жағдай, әлбетте. Себеби, инсан өмириниң өзи қәтелер ҳәм олардан келип шығатуғын жуўмақлар, сабақлардан ибарат.

Мен үлкен сиясаттаныўшы яки экономист илимпаз емеспен. Бирақ, өз бақлаўларым, жуўмақларым, жеке пикирлеримди айта аламан.

Әсиресе, соңғы бес жылда мәмлекетимиз ҳәм халқымыз турмысында жүз берип атырған жаңаланыўлар, жаратыўшылықлар өткен 30 жыллық дәўир даўамындағы кемшилик ҳәм жоғалтыўларымызды айқын көрсетип берди. Мен пикирлеримди қысқарақ билдириўге ҳәрекет етемен.

Бириншиден, өз жумысым даўамындағы бақлаў ҳәм жуўмақларымнан келип шығып соны айтаман, биз халыққа меҳир ҳәм итибар менен жақынласпаған екенбиз. Дурыс, ол дәўирлерде де пуқаралардың арза ҳәм мүрәжатлары менен ислесиў әмелияты бар еди. Лекин, ҳәр бир мүрәжаттағы, арзадағы машқалалардың шешилиўине итибар берилмес еди. Тез ҳәм жүзеки жуўап берилер, атаңа бар, анаңа бар көринисинде жумыс жүргизилер, бюрокра­тиялық дәстүрлер күшли еди.

Кейинги бес жылда ашылған Халық қабыллаўханалары, халық мүрәжатларына үлкен итибар қаратылып атырғанлығы, инсан мәплери үстинлиги бағдарларында Президентимиздиң қатар Пәрман ҳәм қарарлары, олардың орынланыўы халқымыздың өмирден разы болып жасаўына тийкар болмақта.

Екиншиден, және бир қәтелик исбилерменлер, фермерлер жумысында көринер еди. Олар ушын жаратылатуғын имканият ҳәм жеңилликлер қағазларда қалып кетер еди. Шақырықпазлық көп еди.

«Исбилерменлер — елге мәдеткар» делинер еди ҳәм оның мәдеткер болыўы ушын зәрүр нызамшылық ҳүжжетлери жоқ яки жеңиллик ҳәм имканиятлар шекленген еди.

Жақында мәмлекетимиз басшысының елимиз исбилерменлери менен ушырасып, бул тараўда алып барылып атырған жумысларға үлкен баҳа берип, тийкарғы ўазыйпаларды белгилегенлиги журт пәраўанлығының, молшылықтың беккем тийкары.

Бүгин бул тараўдағы табыслар елимиздиң социал-экономикалық раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Үшиншиден, мен 2005-жылда турақлы ислейтуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 1-шақырықта депутат болып сайландым. Бул мен ушын жаңа Парламентаризм мектеби ҳәм бул тараўда жүдә үлкен әмелият болды.

Бул жылларда Нызамшылық палатасы, Сенат, ўәлаят, район халық депутатлары Кеңеслери, олардың турақлы комиссиялары, әсиресе, Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳәм  комитетлери менен бирге ислесиўди жолға қойыўға көп урынған едик. 

Бул темада Халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда түрли дөгерек сәўбетлери, семинарлар шөлкемлестирилди. Шет еллердиң Парламентлери менен бирге ислесиў бойынша берген усынысларымыз да қағазларда қалып кетти.

Бүгинги күнге келип, әсиресе, кейинги бес жыл даўамында бул тараўда да батыл қәдемлер қойылмақта. Депутатлық статусы халықтың талап ҳәм мүтәжликлери ушын хызмет ете баслады. Халықаралық Парламентаризм тараўында да үлкен табысларға ерисилмекте.

Төртиншиден, және бир кемшилик ҳәм жоғалтыўларымыз инсан ҳәм оның тәғдирине салыстырғанда суд-ҳуқық системасындағы қатып қалған әмелият, бюрократларша жантасыў, жынайый ислердиң тергеўден тергеўге асырылып, жыллап даўам етиўи, прокуратура, ишки ислер, әдиллик системасындағы жумыста көринди.

Бул тараўда Президентимиздиң кейинги бес жылда шығарған Пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы бул тараўға да жаңа ҳаўа алып кирди.

Коррупцияға қарсы гүресиў күшейди. Инсан өмирине инсанларша мүнәсибетте болыў процедуралары енгизилмекте.

Биз бүгин мақтаныш пенен Жаңа Өзбекстанның жаңаланған турмысындағы халықты разы етиў, турмыс абаданлығын жақсылаў жолында елимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде 30 жыллық дәўир ишиндеги табыслар менен бирге кемшиликлер ҳәм жоғалтыўлардан келип шыққан жуўмақларда мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм уллы келешегимизди көре аламыз. 

Мен дөретиўши сыпатында ҳәзир «Қарақалпақ әдебияты» газетасында Бас редактор болып ислеп атырман ҳәм Сенатта Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекетлик уйымларда жәриялылықты тәмийинлеў мәселелери комитетиниң ағзасыман, комитеттиң ис режесине кирген Өзбекстанда ғалаба хабар қуралларын демократияластырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, мәлимлеме ресурсларын таярлаў ҳәм оларды мағлыўматларды узатыў тармақларында, соның ишинде, Интернет тармағында тарқатыў тәртиплерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, Өзбекстанның Интернет тезлиги бойынша халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелилигин, тезлигин ҳәм ашықлығын тәмийинлеў, еркин ҳәм тезлик пенен мәлимлеме алыў имканиятын жаратыў бойынша мағлыўматлар таярлаў, усынысларды улыўмаластырыў жумысларында тиккелей қатнасып киятырман. 

Соның менен бирге, өзим басшылық етип атырған газетаның көриниси дәўир талабына жуўап бериўин қәлеймен. Қарақалпақстанға жаңа баспа технологияларының алып келиниўи бойынша усыныс, рекомендациялар бермектемиз.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысының дөретиўшилер алдына қойып атырған үлкен, жуўапкершиликли ўазыйпалар бар. «Бүгинниң қаҳарманы көркем шығармаларда сәўлелениўи керек», дейди елимиз басшысы. Бул дөретиўшилер тасқын илҳам менен сезиниўи керек болған әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Газетамыз өзбек, қарақалпақ, рус, инглис тиллеринде шығады. Келешекте әмелге асырылыўы күтилип атырған жойбарларымыздан бири — газетамыздың электрон нусқасын жаратыў ҳәм оның оқыўшыларын көбейтиў.

Усылар менен бирге дөретиўши сыпатында узақ жыллық депутатлық жумысымнан келип шығып, бул тараўдағы бүгинги реформалар тийкарында публицистикалық шығармалар жаратыў.

Елимизде байрам кейпияты гезбекте. Мәмлекетимиз халқына, ўатанласларымызға байрам тилеклерин қосық қатарлары менен жолласамF

 

Бул журт Ҳүрабаддур, бул журт Дилабад,

Ҳәр мәҳәлле-жәннет, ҳәр үй Гүлабад,

Жаңаланған үлке, аўыл Елабад,

Нурлансын журтымның жилўасы болып.

 

Азат Ўатанымның Абат ҳаяты,

Мың жылға жазылған әўладлар хаты,

Көксине жайласқан Жүрек сааты,

Соғып турсын елге ўапасы болып.

 

Қумай қус қанатлым, Әлемге ушқыл,

Ай, Жулдызларға жет, қуяшты қушқыл.

Абадан турмыстың ҳәр деми ушқын,

Қалсын Ғәрезсизлик зыясы болып.

 

Жаңаланған әзиз Өзбекстаным,

Гүлленип, жайнасын азат дәўраның,

30 жылдың уллы мәртебе-шаны,

Қалсын мәңгиликтиң сазасы болып.

 

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF