АРАЛ БОЙЫН ЖАҢҒЫРТҚАН БАҚСЫ ҲӘМ ЖЫРАЎЛАР ҲАЎАЗЫ
Усы жылы 13-14-сентябрь күнлери Нөкис қаласында өткерилген II «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» таңлаўының республикалық басқышы өз жуўмағына жетти.
Шығыс халықларының фольклорлық көркем өнериниң ири жанры болған бақсышылықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, фольклор дәстүрлери ҳәм қәдириятларын сақлаў, үйрениў, үгит-нәсиятлаў, раўажландырыў ҳәм бақсышылық көркем өнериниң шебер атқарыўшыларын хошаметлеў, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы өзине тән усыллар тийкарында дөретиўшилик мектеплерин «Устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў мақсетинде өткерилген бул таңлаўда республикамыздан ҳәм ўәлаятлардан келген 80ге шамалас бақсы ҳәм жыраўлар қатнасты.
Еки күн даўамында бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен термелер, қосықлар және дәстанлар атқарылды. Ақыншылық мектеби бойынша да бақсылардың шығыўлары тыңланып, барлық шығыўлар төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
15-сентябрь күни Нөкис қаласындағы Жас тамашагөйлер театрында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары, жумысшы-дөретиўшилик топардың басшысы Б.Ахмедов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, таңлаўдың мақсети менен ўазыйпаларына кеңнен тоқтап өтти.
Президентимиздиң басламасы менен елимиздеги бақсышылық ҳәм дәстан атқарыўшылықтың тарийхы, бақсылар ҳәм дәстан атқарыўшылардың дөретпелерин толық үйрениў, халық аўыз-еки дөретпелериниң естеликлерин жыйнаў, жас әўлад қәлбинде бақсышылық көркем өнерине болған сүйиспеншиликти арттырыў, жас әўладты мәртлик, ҳадаллық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар, ана-Ўатанға, ата-бабаларымыз мийрасына садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде екинши мәрте шөлкемлестирилген бул фестивальда көплеген илажлар әмелге асырылыўы күтилмекте.
Атап айтқанда, бақсышылық ҳәм дәстан атқарыўшылық көркем өнерин раўажландырыў, бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлардың дөретпелериниң шығыс мәденияты ҳәм көркем өнериндеги орны менен әҳмийетин арттырыў және басқа да мәселелерге арналған илимий-әмелий конференция, бақсышылық көркем өнери шеберлериниң жеке концертлери, сейиллер, бақсышылық көркем өнериниң тарийхына байланыслы, сондай-ақ, илимий-изертлеў әдебиятлары менен илимий-ағартыўшылық әдебиятларының көргизбелери шөлкемлестириледи.
Бул илажлар, әлбетте, өз-ара дослық, мәдений байланысларды беккемлейди.
Таңлаў жуўмағы бойынша жоқары орын (Гран-при) Қашқадәрья ўәлаятынан Бахром Рахимовқа, биринши орынлар төрт мектеп бағдары бойынша Сурхандәрья ўәлаятынан Бахшиқул Тоғаев, Хорезм ўәлаятынан Феруз Норматов, Қарақалпақстаннан Жәнибек Пиязов ҳәм Гүлбәҳәр Ақымбетоваларға берилди.
Қашқадәрья ўәлаятынан Махматмурод Ражабов, Қарақалпақстаннан Әдилбек Бахтыбаев, Ташкент ўәлаятынан Талғат Ўринбаев, Хорезм ўәлаятынан Каримбай Отамуродов екинши, Сурхандәрья ўәлаятынан Равшан Махматмуродов ҳәм Муҳаммад Эшбоев, Жиззақ ўәлаятынан Озод Темур, Қарақалпақстаннан Қуўаныш Сейтимбетовлар үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, «Ең жас бақсы», «Ең үлгили жәмәәт», «Ең талантлы ҳаял бақсы» «Ең жақсы термелер атқарыўшысы» сыяқлы 13 номинация бойынша да жеңимпазлар анықланды.
— Мен Чехиядағы Палацкий атындағы университет студентимен. Қарақалпақстанға бирге оқыйтуғын студентлер ҳәм устазларымыз бенен елдиң тарийхы, ҳәзирги ўақыттағы миллий көркем өнери, кестешилик ҳәм басқа да өзине тән миллий қәдириятларын үйрениў мақсетинде келген едик,-дейди Ян Брзобогатий. — Фестивальды тамашалап, елиңизде ата-бабалардан мийрас болып киятырған үрп-әдет дәстүрлердиң, бақсышылық, жыраўшылық өнериниң бундай дәрежеде таза сақланып, даўам етип атырғанын көрип, тәсийин қалдым. Бул усы өнер менен шуғылланып атырған жаслардың фестивальда қатнасып атырған бақсы ҳәм жыраўлар арасында көп екенинен де анық көринип турыпты.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, орын ушын белгиленген ақшалай сыйлықлар Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Баҳадыр Ахмедов тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.