ТЕМИР ЖОЛЛАР БАРҒАН ЖЕРЛЕР АБАТ БОЛАДЫ
Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы алдынан мәмлекетлик атақ, орден-медальлар менен сыйлықланған мийнет алдынғылары арасында «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң 279-санлы жол машина станциясы машинисти Оңалбай Оразбаев «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен транспорт хызметкери» атағына миясар болған еди.
— Хош хабарды Қараөзек станциясындағы вахталық жумыста күнине 1,5 км узынлықтағы ағаш шпальлы темир жолларды темир-бетон шпальлы рельслерге алмастырып жүргенде еситтим, - деди Оңалбай жүзлери жадырап.
Кәсиплеслериниң айтыўынша, Қарақалпақстанда емес, пүткил Өзбекстан Республикасының аймақларындағы бурын қойылған ағаш шпальларды темир-бетон шпальларға өзгертип, ески ҳәм таза жолларды ири ҳәм орта оңлаўдан шығарыўда оның қатнаспаған жери жоқ екен. Тараўдағы жемисли мийнетлери өз ўақтында ылайықлы баҳаланып, 2002-жылы «Шуҳрат» медалы бериледи. Бир кәсипте тынымсыз ислеген 30 жылдан аслам ўақыт ишинде ишки жоллар менен Ташкент ҳәм Наманган қалаларындағы, «Нөкис-Шымбай», «Нөкис-Төрткүл-Мискин», «Термиз-Қумқорған-Байсын», бүгинги күндеги «Бухара-Мискин», «Хийўа-Шават» жол қурылысларына белсене қатнасқандағы бирге ислескен кәсиплеслери атағы менен қутлықлап, өзлери алғандай қуўанысып жүргенлерине гүўа болдық.
— Қурылыс тараўында ислеген ата-анамның «темир жол барған жерлер абат болады» деген сөзлери яд болып қалғанлықтан 1984-жылы орта мектепти питкере сала сол ўақыттағы кәсип-техникалық училищениң машинист жәрдемшиси қәнигелигин таярлайтуғын бөлимине ҳүжжетлеримди тапсырыўға мектептеги физика пәни муғаллими, ҳүрметли устазым Бийбимәрьям апа себепши болды, - деген Оңалбай изде қалған оқыўшылық дәўирин еследи.
— Училищени табыслы тамамлап шығыўдан жоллама менен келген усы темир жолларды қурыўшы мийнет жәмәәтинде Жубатқан Қыдыров, Қоңыратбай Наўрызалиевлерге шәкирт түстим. Жол қоятуғын жыйналмалы ҳәм платформадағы моторлы кранларда ислеўдиң сырларын жалықпай үйреткенлерине миннетдарман. Арадан жыллар өтиўи менен тәжирийбе топлап, устазлық дәрежеге жеткенимде Генжеғалий Жақсылықов, Мырзабай Муҳаммедов, Қуўандық Дәўлетияровтай шәкиртлерим таңлаған кәсиплериниң маманлары болды.
— Шәкирттиң устаздан озатуғынындай, Оңалбай жумысқа кирискен биринши күннен-ақ айрықша ықласы, мийнеткешлиги менен көзге түсти, - деген устазы Қоңыратбай Наўрызалиев шәкиртиниң ҳүрметли атағы менен бириншилер қатары қутлықлапты.
Өмирлик жолдасы Клара менен еки қыз, бир улды өсирип, камалға келтирген. Баласы Бегзад әкесиниң кәсибин таңлап, Ташкент темир жол транспорт техникумына оқыўға кирген.
— Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья еллериниң темир жол тармақлары ең жетик Австралия технологиясы тийкарында жумыс ислеўге өтти, - дейди 279-санлы ири ҳәм орта оңлаў жол станциясының бас инженери Дәўран Сейтниязов.
— Темир жол тармақлары бәрқулла жаңаланып, илим-техниканың ең соңғы жетискенликлерин өндириске енгизиўдиң тәрепдары болатуғын Оңалбай Оразбаевты бәрқулла мақтаныш тутамыз...
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз. Қоңырат районы.
СҮЎРЕТТЕ: шәкирти М.Муҳаммедов, О.Оразбаев ҳәм бас инженер
Д.Сейтниязовлар қуўанышларын өз-ара бөлиспекте.
Автордың түсирген сүўрети.