«ПРОКУРОР КУБОГИ» КИМЛЕРГЕ НЕСИП ЕТТИ
Жақында пайтахтымыз Нөкис қаласында жәмлеспеген жаслар арасында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылы мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде спорттың гүрес түри бойынша «Прокурор кубоги» жарысының республикалық басқышы болып өтти.
Онда районлық басқышта жеңимпаз болған 17 командадан 120 дан аслам спортшы 7 салмақ категориясында қатнасып, өзлериниң шаққанлықларын сынақтан өткерди.
Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет — жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў, Журтбасшымыз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны олардың арасында кеңнен үгит нәсиятлаўдан ибарат.
Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта Нөкис қаласы биринши орынды ийелеп, «Прокурор кубоги»ниң жеңимпазы болды. Екинши орынды Нөкис районы, ал, үшинши орынды Шымбай ҳәм Әмиўдәрья районларының спортшылары қолға киргизди.
— Жарыста 100 килограмм салмақ категориясында қатнасып қарсыласымның үстинен жеңиске ерисип биринши орынды алыўға миясар болдым,-дейди нөкисли Т.Сейтмуратов. — Әлбетте, бул мениң тынымсыз мийнетимниң арқасында деп ойлайман. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде спорт тараўына көрсетилип атырған имканиятлар кимди болсада қуўандырады. Әсиресе, жаслар ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Тек ғана өзи қызыққан спорт түрине қатнасып, тынымсыз мийнет етсе, Азия ҳәм жәҳән чемпионлары жетилисип шығады...
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, Өзбекстан гүрес федерациясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ф.Алламбергенов қатнасып, жеңимпазларды қутлықлап, Прокурор кубогин тапсырды. Буннан басқа да сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Жарыс соңында Гүрес федерациясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң өткен жылғы реже жумысларының жуўмағы шығарылып, «Ең жақсы төреши» Н.Данияров, П.Наўрызбаев, « Ең жақсы тренер» Б.Жүсипбеков, Ж.Абдимуратовқа, ал, А.Аманшаев, И.Абдиреймовларға «Ең жақсы спортшы» номинациялары тапсырылды.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.
Арнаўлы хабаршымыз.