САП ДЕНЕЛИ БАЛАЖАНЛАР — БАХТЫМЫЗ
Бирлемшиден не жаман, Еклемшиден не жаман,
Билимсиз өскен ул жаман, Еркелеп өскен қыз жаман, -
дегениндей қызларымыздың, улларымыздың тәрбиясының негизи ертеден каланыўы керек. Ҳәзирги күнде ата-аналар перзентлеримиз күн даўамында бағылса болды, деп дус келген балалар бақшасына алып бара бермейди, ал, олар қалай тәрбияланады, нелер менен шуғылланады, қандай пайдалы дөгереклери бар екен деп, қызықсынып излеп келеди.
Бизиң 34-санлы мектепке шегемги билимлендириў шөлкеми жәмәәти жас нәўшелеримизди тәрбиялаўда өзлериниң бар билими, интасы менен дыққат-итибар қаратпақта. Ата-аналар үлкен исеним менен балаларын бақшамызға алып келер екен, оларды жуўапкершилик пенен тәрбиялаў, ўақтын мазмунлы өткериў, басланғыш билим бериў баслы ўазыйпамыз.
Ҳәзирги заман талабына сай раўажланыўы ҳәм сап денели болыўы ушын балаларымызға бақшамызда рус ҳәм инглис тиллери, каратэ, гимнастика, аяқ ойын дөгереклерин ашқанбыз. Усы жылдың август айында Ташкент қаласында өткерилген спорттың көркем гимнастика түринен бақшамыздың үлкен топарында тәрбияланып атырған Ҳүрлиман Амирханова исмли қызымыз қатнасып, сыйлы екинши орынды жеңип алды. Бул жеңис бизиң жәмәәтимиз ушын үлкен жетискенлик болды.
Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде «Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына 30 мүнәсип саўға» атамасында тәрбияшылар арасында түрли спорт жарыслары өткерилди. Бақшамызда А.Нурбаева, Қ.Каналиева, Г.Ещановалар балажанларымызды тәрбиялаўда аянбай күш-ғайратын жумсамақта. Баслы мақсетимиз — перзентлеримизди сап денели, билимли, умтылыўшаң етип тәрбиялаў, туўры бағдарлаў болып табылады.
М.ИСМЕТОВА,
Нөкис қалалық 34-санлы МШБШ баслығы.
CҮЎРЕТТE: бақша турмысынан көринис.