Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:30:07, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЙЫР-САҚАЎАТ — ИСИҢЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТ ДАРЫТАДЫ

Дәрья жағыстағы «Есберген шығанақ»лы Батырбай Убайдуллаев жасынан ата кәсибин таңлапты. Орта мектепти питкериўден кәсип-өнер колледжиндеги механизаторлар таярлайтуғын курста оқыды.

— Диний түсиниктеги шаңарақта туўылып өскенликтен Бухарадағы Мир Араб медресесине кирип, табыслы тамамлап шықтым. Райондағы диний қазыятта ислеп, мектепте парсы тилинен сабақ бериў менен қатар исбилерменлик пенен шуғыллана басладым, - дейди Батырбай сәўбетлесиў пайытында.

— Дийқаншылықты ең берекетли кәсипке санап, 2012-жылы өз атыма 70 гектарлық фермер хожалығын ашып, жыллар өтиўи менен 700 гектарлық егислик жер майданына ийе, бийдай егиўге қәнигелескен хожалыққа айландық. Орташа зүрәәтлилигимиз гектар есабына 45-50 центнерге жетти. Лизингке, кредитке керекли механизм, әсбап-үскенелер алынды. Машина-трактор паркимизде жоқары қуўатлылық ҳәм өнимдарлықта ислейтуғын шет ел техникалар саны отыздан асады. Өз ўақтында ислениўи керек болған агротехникалық жумысларды сапалы орынлаў менен қатар қоңсы хожалықларға жәрдем қолларымызды созамыз. Төлемли хызмет түрлерин көрсетиў есабынан да әдеўир табыс табыўға болады.

Быйылғы жылдан баслап ўақыттың талабына сай хожалығымыз усы аймақтағы 57 фермер хожалығын бирлестирген, 2 мың гектар егислик жер майданы бар «Батырбай Убайдуллаев» бийдай кластерине айландық. Банктен алған 30 миллиард сумлық жеңиллетилген кредиттиң 8 миллиарды есабымыз­ға келип түсиўден егис алды таярлық жумыслары шөлкемлескенлик пенен басланып кетти. 500 гектарға жетерли элита туқымы, жанар май ҳәм майлаў майлары, аўысық бөлеклер, минерал төгинлер, жап-каналларды қазып тазалаў, электр бағаналарын тартып әкелиў, суў насосларын қурыўға жумсалып, жамғырлатып суўғарыў нәзерде тутылған. Ўақытты ғәниймет билип, бийдай егисин хожалықларда қызғын пәтлер менен баслап жибердик.     

Пандемиядай елимиз басына түскен аўыр машқала, суўсызлық салдарынан келип шыққан қыйыншылықларды жеңип шығыў, кәмбағаллықты кемейтиў мақсетинде қайыр-сақаўатлы ислердиң басы-қасындамыз. Өткен  жылдан берли «Алтынкөл» ҳәм «Сары алтын» АПЖ аймақларындағы жәрдемге мүтәж хожалықларға 1 бас саўын сыйыр, 20 бас ешки, l00 қалта ун, 30 бас таўық, гүриш,  писикшиликте овощ-палыз өнимлеринен жәрдемлер берилди. Үйлеринде жумыссыз отырып қалған 90нан аслам ҳаял-қызлар Г.Султамуратованың басшылығында кооператив дүзип, мәўсимлик, аўыл хожалығы жумысларын келисим баҳаларында атқарып шығыўдан әдеўир табыс табады, - деген Батырбай Убайдуллаевтың қалыс хызметлери көпке өрнек.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

СҮЎРЕТТЕ: кластер баслығы Б.Убайдуллаев ҳәм «Сары алтын» АПЖ баслығы Р.Қудияровлар кооператив ағзалары менен өз-ара пикир алыспақта. 

Автордың түсирген сүўрети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF