Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:32:35, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ «ҒӘРЕЗСИЗЛИК САБАҒЫ» МЕНЕН БАСЛАНДЫ

Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да жаңа оқыў жылының дәслепки қоңы­раўлары қағылды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигинен алынған мағлыўмат бойынша, 2021-2022-оқыў жылында биринши класс­қа жәми 34 мыңнан  аслам оқыўшы қабыл етилген болып, оларға 12 түрдеги оқыў қураллары, мектеп сумкасы, сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғалары тапсырылды.

Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында илаж болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәм­лекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады» деген идея тийкарында тәлим-тәрбия системасында түпкиликли реформалардың әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди. Оқыўшылардың келешекте елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосыўына исеним билдирип, оларға бул жолда табыслар тиледи.

Қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде 85 класста жәми 2683 оқыўшы билим алады. Соннан 280 оқыўшы биринши классқа қабыл етилди. Елимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы байрамы алдынан жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ушын мектептиң баслаўыш класс муғаллими Галина Цецура «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

Барлық классларда жаңа оқыў жылы «Ғәрезсизлик сабағы» менен басланып, онда оқыўшыларға Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF