Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:30:19, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели хызметлери, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәм де жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 1-сентябрь күни усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды. Бул ҳаққында Жоқар­ғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң социал-экономикалық турмысында үлкен реформалар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Мәмлекет басшысының республикамызға болған айрықша итибары және ғамқорлығының нәжийжесинде барлық аймақларда кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша бир қатар әҳмийетли илажлар алып барылмақта.

Әне усындай ийгиликли ислерде белсене қатнасқан бир топар ўатанласларымыз елимиздиң жоқары сыйлықларын алыўға миясар болмақта.

Илажда ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери өз ийелерине тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын республикамыз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF