ӘСИРДЕН АСҚАН АНАҒА «ШУҲРАТ» МЕДАЛЫ
Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы алдынан Президентимиздиң пәрманы менен бир топар 100 жастан асқанлар «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди.
Олардың арасында Кегейли районынан 101 жасты қарсылаған Алтын апа Жақсымуратова да бар .
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов байрам алдынан нураный анамыздың шаңарағында болып, елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қутлықлады. Теберик анамызға «Шуҳрат» медалын ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.
— Усы бахытлы күнлерге жеткергенине шүкиршилик етемен. Аспанымыз ашық, елимиз буннан да гүллеп-раўажлана берсин. Биз кекселерге көрсетилип атырған ғамқорлықтан разымыз,-деп өзиниң жақсы тилеклерин билдирди Алтын апа Жақсымуратова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.