Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:57:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕРКИНЛИГИМИЗ, АБАДАН ҲӘМ БАХЫТЛЫ ТУРМЫСЫМЫЗ ТЫМСАЛЫ

Пайтахтымыздағы Амфи­театрда елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышлан­ған «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, сектор басшылары, министрлик ҳәм шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қат­насты.

Салтанатлы илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ашып, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес байрам — елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы менен шын кеўилден қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социал-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы бес жылда елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаңа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, көплеген социаллық объектлер иске түсти.

Халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» жолға қойылды.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.

Өз нәўбетинде жасларымыз бундай итибар ҳәм ғамқорлыққа жуўап ретинде ҳәр қыйлы тараўларда жоқары табысларды қолға киргизбекте.

Атап айтқанда, жақында Японияда болып өткен Олимпия ойынларында 4 спортшымыздың қатнасқаны, бир қатар жасларымыздың мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны буның ай­қын дәлили болып есапланады.

...Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Илажда Олимпия ойынларында қатнасқан спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, ҳүрметли атақлар, сондай-ақ, спортшыларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен пул сыйлықлары тапсырылды.

Салтанатлы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳаққындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF