АРАЛДЫҢ УЛТАНЫ ЖАСЫЛ ТОҒАЙЗАРЛЫҚЛАРҒА АЙЛАНДЫРЫЛМАҚТА
Көп жыллар даўамында Арал бойы экология зонасы қыйын жағдайға түсип қалғанлығы ҳәм бул жердиң халқының аўыр шараятта жасап атырғанлығы пүткил дүньяға белгили десек, қәтелеспеймиз.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-2019-жылларда Қарақалпақстан Республикасына сапарында берген тапсырмаларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февральдағы 132-санлы ҳәм 24-февральдағы 1031-санлы қарарлары қабыл етилди. Усы қарарлар тийкарында Арал теңизиниң суўы қурыған теңиз ултаны ҳәм жаға бойларына 2018-2020-жыллар бәҳәр мәўсиминде улыўма 1,2 миллион гектар жер майданын жасыл тоғайзарлықлар менен толтырыў илажлары әмелге асырылды. Нәтийжеде өткерилген мониторинг ислери бойынша әмелге асырылған жасыл қапламалардың орташа көгериўшеңлиги 35-40 процентке жеткерилди. Тоғайзарлыққа айландырыў ушын 4,3 миллион гектар жер майданларын егиске таярлаў жумыслары орынланды.
Президентимиздиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына келген сапарында берилген тапсырма негизинде Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 5-ноябрьдеги 745-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарар бойынша бүгинги күнде Әндижан, Ферғана, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Сырдәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларының ишки хызмет ҳәм тоғай хожалығы жәмәәтлери Мойнақ районы ҳәм Арал теңизиниң ултаны ҳәм жаға бойларын жасыл тоғайзарлықларға айландырыўда әмелий илажларды иске асырмақта. Ҳәзирги ўақытта шөлге шыдамлы өсимликлердиң нәллерин таярлаў жумыслары даўам етип атыр.
Арал теңизиниң суўы қурыған ултанының 450 мың гектар майданында тоғайзарлықлар жаратыў белгиленип, реже 457,7 мың гектарға, яғный, 102 процентке орынланды.
Мойнақ тоғай хожалығы 5 бөлимнен ибарат болып, «Тигровый» пост ҳәм «Аханбай» аймағы «Ҳәким ата», «Аббаз», «Мойнақ» аймағы тоғай бажбанлары ҳәм арнаўлы хызметкерлер, тийисли аўыл, тоғай хожалығы машиналары менен тәмийинленген.
Тоғай хожалығымызда 125 784 гектар жер тоғайзарлықлар менен қапланған. Ис-реже бойынша 2021-жыл даўамында 1 660 гектар майданға шөл өсимликлери сапалы егилди. Хожалығымыздың улыўма жер майданы 1 592 478,7 гектарды қурайды.
Аралбойының жаға ҳәм ултанын тоғайзарлықларға айландырыў менен шекленип қалмай, тәбиятымызды көздиң қарашығындай қорғаў ҳәм теңиз бойын тоғайзарлықларға айландырыў — баслы мақсет, ўазыйпамыз есапланады.
Тоқтамыс ШҮКИРБЕРДИЕВ,
Мойнақ тоғай хожалығы бас төреси.